88
"Жинниң ойнағындай от жағып түнде,
Биреўлер шуўласып жүреди" дейди.
"Шырпылдаған қамшы сести шыққанда,
Ыңырсып жылаған еркек даўысы,
Қулағыма тал-тал
келеди сонда,
Кимлердиң күлкиси ҳәм ғаўырлысы.
Даўыл тыныўына даўыслар тынар,
Бизиң ақыл жетпес не ислер бар-ды.
Мүмкин бул—теңиздиң ийеси шығар,
Жазалап атырған гүнакарларды..."
Ески адам байғус балықшы ғарры,
Бул жорамалына не десең болар.
Жазаламақ болса гүнакарларды,
Пәкизе жер басып жүрипти олар.
Ийеси болмайды үлкен қылмыстың,
Жуўапқа тарта алмас оны ҳеш бир заң.
Бул нәпсиқаў, пайдакүнем турмыстың
Өзи бул қылмысқа ҳәўескер болған.
"Тәбияттан мийрим күтпе, тартып ал!"
Деп биз маңнайшаға жазып қойғанбыз.
"Тыңнан жер аш, ақ алтынды артық ал!"
Деп теңизди қуртыўға да барғанбыз.
Ақ сүти қорланған ана-тәбият,
Енди бизиң жаўыз ҳүжданымызды,
Қырда қалған сынық мачтаға байлап,
Қатаң жазалаўға киристи бизди.
"Жазаның үлкени еле артында,
89
Бул
тек басламасы, бул —ойыншығы."
Деп турғандай болар Үшсай портында
Жатқан корабльлер қойымшылығы...
Сентябрь, 1989-жыл. Мойнақ.
Do'stlaringiz bilan baham: