111
Ҳәрким жарасықлы
заманы менен,
Ырғалысып бәҳәр самалы менен,
Тал болыпты Кегейлиниң таллары.
Тал шыбық па десем, беллери талма,
Жүзи уўылжыған бағдағы алма.
Сулыўлық деген де сонша болар ма?
Тал болыпты Кегейлиниң таллары.
Балдызлар байрамы қызық оғада,
Бири усар гүлге, бири—Задаға.
Қәдди бойларынан жаным садаға,
Тал болыпты Кегейлиниң таллары.
Шағлаң қызлар жаслық дәўран барында,
Самал ойнап шашларыңның талында.
Екеўимиз ушырасқан суў бойларында
Тал болыпты Кегейлиниң таллары..,
1989-жыл.
ТАҢ САМАЛЫНА
Сәҳәр-сәҳәр ескен таңның самалы,
Мийирбанлық әйле ҳалыма мениң.
Ашықлардың елшисисең озалы,
Хабарымды жеткиз ярыма мениң.
Ҳүкимдар болсаң да ақылы дана,
Ашықлық дәртине
табылмас шара,
Бизди ел ишинде қылмаң аўара,
Бир от араласты қаныма мениң.
Яр дегениң
менен бизге яр емес,
112
Яр сүймеклик лекин ҳасла ар емес.
Ышқы периштеси жарылқар емес,
Жәбир-жапасы көп жаныма мениң.
Жүрегим жаралы, кеўилим қәсте,
Оят уйқысынан, сал мени еске.
Алтын сырғасына асылып әсте,
Бир сыбырлап жибер ярыма мениң.
ЖАНАН КӨРИНБЕС
Мениң ығбалыма жаралған дилбар,
Бир өзиңнен баска жанан көринбес.
Мийирбан
деседи сени адамлар,
Мийрим-шәпәәтиң маған көринбес.
Бизди қойып бунша ҳижран дағына,
Бүгинги күн жеттиң шадлық шағына.
Жулдыз үймелесе ай қабағына,
Арада сол арыў Шолпан көринбес.
Ел ишинде сырым журттан жасырып,
Жалбарарман аяғыңа бас урып.
Сен күлгенде кеўлим күндей ашылып,
Таўлардың басында думан көринбес.
Гөззал бардур гөззаллардан зыяда,
Гезермен олыңда пайыў пияда,
Сулыўларға толған бул кең дүньяда,
Бир өзиңнен басқа жанан көринбес.
1990-жыл.