Поэма Нөкис "Қарақалпақстан" 1992
Download 1.19 Mb. Pdf ko'rish
|
Ibrayim Yusupov. Tanlauli shigarmalarinin eki tomligi. 2-tom (1992)
- Bu sahifa navigatsiya:
- КЕЎИЛ АЙТЫЎ
- ХОШЛАСЫЎ СӨЗИ
ТЫМЫРЫҚ
(28-июль, 1989-жыл) Шөптиң басы сылт етпейди, тымырсып, Ийтлер суўға гумп береди ыңырсып. Ат тепсииип, мал мөңирер шыбынлап, Түтинликтиң ашшы ийси қоңырсып. Сытырламас жүўериниң арасы, Шымшықлар да шаршағандай шамасы. Түнги ҳаўа ҳәўириндей тандырдың, Зериктирер шегирткениң намасы. Күни менен шомылғаны есинде, Суў көргендей сандырақлап түсинде, Тыржалаңаш қара боталақ балалар Уйықлап атыр пешахана ишинде. Саратанның қызын самал әкетип, Ашыў-ызасына бизди тап етип... Олсыздағы өртең шалған бул дүнья, Жанайын деп тур ма деймен лап етип... Шымбай, Азат аўылы. 1989-жыл. ЖАС АШЫҚҚА В.З. ге Биз жүз отызыншы сонетти əкел! Шекспирдиң əрўағына сырласып, Цыган ҳаялындай саған пал ашып, Айтайын кеўлиңде не дəрт бар екен: 109 Бəрекалла! Назлы қəдемлер басып, Ярың бағ сейлине кележақ екен. Зулпының жупары зейниңди ашып, Еле узақ ўақыт лəззет бережақ екен. Жүз отызыншы сонет турсын дур шашып, Узақ гүл мəўсимин тилеймен сизге. Мениң ҳалатымды кешир жас ашық, Елиўинши сонет мас келер бизге. Шаршаған ат шаппас баўырын жазып, Мен барар есиклер қалған қулазып… 17-сентябрь, 1989-жыл. КЕЎИЛ АЙТЫЎ (Яхыт жеңгей өлгенде Жолмурза ағаға айтылған сөз.) Еркек еки жерде жетим қалады: Биринде—мийирбан анаң өлгенде. Екинши жетимлик сонда болады,— Өмирлик жолдасың—ҳаял өлгенде. Байтерек қартайса, нарт шығар ғаўлап, Өмир деген дәрья, тоқтаўсыз ағар. Сен шүкир ет, аға! Ғарры болмай-ақ, Үш мәртебе жетим қалғанлар-да бар... Январь. 1989-жыл, Москва. 110 ХОШЛАСЫЎ СӨЗИ (Шайыр Тилеўберген аға Жумамуратовтың естелигине) Биреў егин егип, биреў мал айдап, Бир ис пенен машқул болып кетеди. Мақтымқулы айтқан кәрўан сарайға Ҳәрким нәўбетинде қонып кетеди. Жүзден жүйрик шайыр едиң сен сондай, Базы биреўлер бар өзиң айтқандай: Жалған мәртебесин көтере алмай, Кеўли менменликке толып кетеди. Суңқардай ушардан сүйлин алдырып, Ҳәр айтқан сөзине қулақ салдырып, Шайыр қосықларын журтқа қалдырып, Өзи, дем таўсылса, өлип кетеди. Заманға жараспас енди жалғанлар, Елге ҳийле менен хызмет қылғанлар. Халықтың кеўлине жол таба алғанлар, Сиздей даңқлы шайыр болып кетеди. 4-апрель, 1990-жыл. Download 1.19 Mb. Do'stlaringiz bilan baham: |
Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling
ma'muriyatiga murojaat qiling