105
Ал баласы бир жылдан соң "аўа" деп,
Оның саўалына жуўап берипти.
Ғарры айтты: "Жатырыңа тартқансаң,
Неге сонша көп сөйлейсең антурған."
ЭПИГРАММАЛАР
Жәриялылық қолай түсти биразға:
Мәкийен айланды ата қоразға.
Мезгилли-мезгилсиз тынбай шақырар,
Қәйтип шақырса-да енди ҳақы бар...
* * *
Ҳәмел деген нәрсе өзи дым қызық,
Бир жери басқадан дым парқ қылады:
Әўелинде мақтап атқа мингизип,
Аттан түсеринде инфаркт қылады.
* * *
Арал әтирапында "зор урыс" болды,
Сайлаў ўақтында көп жулқыныс болды.
Ат минип алған соң Аралды сатып,
Енеғарлар, бәри тым-тырыс болды...
* * *
Намазшамда
бир сум бир сумды тапты,
Ишкирнелер иштен есикти жапты.
Адамлардың
арасына от таслап,
Түлки
болып алдап, ийт болып қапты.
106
* * *
Кимде болмас бендешилик, алжасық,
Араласып жасар шын ҳәм жалғаның.
Еситпедим дүканшының алжасып,
Зыят өлшеп, пулды кемис алғанын...
Do'stlaringiz bilan baham: