Поэма Нөкис "Қарақалпақстан" 1992


БОЗАТАЎДЫҢ ЖОЛЫНДАҒЫ ТОҒАЙЛАР


Download 1.19 Mb.
Pdf ko'rish
bet25/61
Sana19.01.2023
Hajmi1.19 Mb.
#1101174
TuriПоэма
1   ...   21   22   23   24   25   26   27   28   ...   61
Bog'liq
Ibrayim Yusupov. Tanlauli shigarmalarinin eki tomligi. 2-tom (1992)

БОЗАТАЎДЫҢ ЖОЛЫНДАҒЫ ТОҒАЙЛАР 
Е. Ембергенге. 
Бозатаўдың жолындағы тоғайлар,
Көргенде көзимниң жаўын алдыңыз.
Қалай бульдозерден аман қалдыңыз,
Бозатаўдың жолындағы тоғайлар? 
Тораңғыл кегейге басларын шатқан,
Қусыңды мергенлер ушардан атқан,
Даўыткөлге дейин созылып жатқан,
Кең ҳаўалы, зейин ашқан тоғайлар. 
Жасыл шатырдайсаң жазда саялы,
Дем алсам дер жолаўшының қыялы,
Гүз паслында турдың зер липас кийип,
Алтын менен шайқағандай дүньяны. 
Бәҳәрде өткенде үстиңнен сениң,
Қуслар жуғырласқан сестиңнен сениң,
Дүнья сонша сулыў көринди маған,
Нәзер салсам жасыл кешкиңнен сениң. 
Жанға тийди қапырық ҳаўалы қала,
Машинаңды тоқтат, Емберген бала!
Қайда жүрсем, қыялымда ырғалар,
Бозатаўдың бойындағы тоғайлар. 
1989-жыл. 
ОРЫНЛЫ КЕЙИС 
"Ҳә, қос айдап атырсаң-ба, бала?" деп,
Дыйқан өз улына саўал берипти.


105
Ал баласы бир жылдан соң "аўа" деп,
Оның саўалына жуўап берипти. 
Ғарры айтты: "Жатырыңа тартқансаң,
Неге сонша көп сөйлейсең антурған." 
ЭПИГРАММАЛАР 
Жәриялылық қолай түсти биразға:
Мәкийен айланды ата қоразға.
Мезгилли-мезгилсиз тынбай шақырар,
Қәйтип шақырса-да енди ҳақы бар... 
* * * 
Ҳәмел деген нәрсе өзи дым қызық,
Бир жери басқадан дым парқ қылады:
Әўелинде мақтап атқа мингизип,
Аттан түсеринде инфаркт қылады. 
* * * 
Арал әтирапында "зор урыс" болды,
Сайлаў ўақтында көп жулқыныс болды.
Ат минип алған соң Аралды сатып,
Енеғарлар, бәри тым-тырыс болды... 
* * * 
Намазшамда бир сум бир сумды тапты,
Ишкирнелер иштен есикти жапты.
Адамлардың арасына от таслап
Түлки болып алдап, ийт болып қапты. 


106
* * * 
Кимде болмас бендешилик, алжасық,
Араласып жасар шын ҳәм жалғаның.
Еситпедим дүканшының алжасып,
Зыят өлшеп, пулды кемис алғанын... 

Download 1.19 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   21   22   23   24   25   26   27   28   ...   61




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling