Поэма Нөкис "Қарақалпақстан" 1992
Download 1.19 Mb. Pdf ko'rish
|
Ibrayim Yusupov. Tanlauli shigarmalarinin eki tomligi. 2-tom (1992)
- Bu sahifa navigatsiya:
- О ДЕНСАЎЛЫҚ, ДЕНСАЎЛЫҚ!
ЕКИ ЖАСҚА БИР НӘСИЯТ
Еки ақкуў көлде жүрсе, Сыңсып пәрин тарасады. Бул дүньяда ҳәмме нәрсе Жупты менен жарасады. Турмыс—кеме, адам-дарға, 5 Ккязлит – қарақалпақ тили ҳәм әдебияты факультети. И.Ю. 127 Айдай бил соқтырмай жарға. Үй—хожалық деген арба Усындайдан қурасады. Улы қонса уясына, Қызы қонса қыясына, Ата менен анасына Қатнасықлы жол ашады. Жақсы перзент—уллы дәўлет, Ата-анаға қылар ҳүрмет. Мийўасынан алсын ләззет, Ел дәстүри мурасалы. Уллы зийнет улдан болар, Жигитлерге султан болар. Тамашалы дәўран болар, Тойы тойға уласады. Жуп шархана дуўтарына, Әдеп-икрам, ықрарына, Келин айдың дийдарына Көкте жулдыз қамасады. Тәўир жерге тамыр болып, Мүддәҳасы питсе толық, Кудағайлар қыздай болып, Сағынысып сорасады. Халықтың ақыл сөзи зыят, Айтылмаса ол ҳәм уят. Еки жасқа бир нәсият Айтсақ деймиз оңашалы: 128 Ел алдында сақлаң әдеп, Алып умтылыспаң "ҳә" деп. Сөзден қалмаў жаман әдет, Журт қызыққа қарасады. Илгир зейин нәзик болың, Ағар булақ азық болың. Қолы ашық—жазық болың, Мийман менен маўасалы. Заманыңыз көрки болың, Жақсы минез-кулқы болың. Аз кем олпы-солпы болың, Сонда бәри оңасады, Не болсаңыз көпке болың, Дүнья қуўмаң, бек те болың. Иретинде төкпе болың, Берекети уласады. Жақсы сөзге қулақ түриң, Кеўилли ҳəм татыў жүриң. Узақ жасап, дәўран суриң, Турмыс болсын тамашалы. О ДЕНСАЎЛЫҚ, ДЕНСАЎЛЫҚ! (Емлеўхананың пикир билдириў дəптерине жазылған қосық.) Ўа денсаўлық, денсаўлық! Сен бир журген қолжаўлық. Базарың түсип кеткенде, Баҳаң пияз бир баўлық. 129 Қәстелик басқа түскенде, Қәдириңди билермен. Мысқалына мың сомнан Төле десе, төлермен. Қәстелик бастан кеткен соң, Үстиңнен және күлермен. Майына минген көликтей, От-жемсиз қыйнап минермен, Азабыңды берермен. Ўа денсаўлық, децсаўлық! Усайсаң ағар булаққа. Сол булақтың басынан Әкетер жыллар узаққа. Май тамызып турмасаң, Жана бермес шырақ та. Саўлығын жойтқан даналар Көзи қызар жаўтаңлап, Дени саў жүрген дораққа. Врачлардың кеңесин Илмей кеттим қулаққа. Айландырғаным сен болдың, Бара қойсам қонаққа... О денсаўлық, өзиңде Қылық жоқ қудай сүйгендей: Шаңғалақ шақтың тис пенен, Тоң қопарған сүймендей. Сен шеккен шылым дүтинен Тандырдың оты сөнгендей. Сен жутқан никотинлерден Бир үйир жылқы өлгендей... Минип жүрген атың да 130 Күтим талап етеди. Денсаўлық-та қатындай; Қарамасаң, — кетеди... Download 1.19 Mb. Do'stlaringiz bilan baham: |
Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling
ma'muriyatiga murojaat qiling