Поэма Нөкис "Қарақалпақстан" 1992
Download 1.19 Mb. Pdf ko'rish
|
Ibrayim Yusupov. Tanlauli shigarmalarinin eki tomligi. 2-tom (1992)
- Bu sahifa navigatsiya:
- ҲАЎАЗЫҢ СЕНИҢ
- ТОҚТАҒУЛДЫҢ ТОЙЫНДА БИР АҚ ҚАЛПАҚ АСТЫНДА
БИР КӘСА ШАЙ ҚОЛҒА АЛЫП...
Бир кәса шай қолға алып, Мейил еттим нәзер салып, Кәсамда назлы шайқалып Келер бир қонақ, бир қонақ. Шайды ишпей шайқап көрдим, Жүрислерин байқап көрдим. Ким екен деп болжап көрдим, Бизге киятқан бул қонақ? Шыққан жери узақпекен, Кегейли я Мойнақпекен. Бир қудайы қонақпекен, Болғай-дә бир қутлы қонақ. Тик журсе шай шөбиреси, Конақ келер көбинесе. Келер еди-аў бизди десе, Бунша бүйтип шайқалмай-ақ. 116 Тоқсан бесте шәмбе ақдур, Ақ жүзиңе тоймақ жоқдур. Кеўил кеўилге қонақдур, Соны билер ме бул қонақ? Жүзинен нур шашыўлары, Нәзер таслап қашыўлары, Серлеп аяқ басыўлары Саған усайды бул қонақ. Ақшам сырласып ай менен, Күним өтер "пай-пай" менен. Ишип қоярман шай менен, Тезден келмесең сен қонақ... ҲАЎАЗЫҢ СЕНИҢ Тамара Дошумоваға "Дембермеске" деми жеткен қарындас, Йошлансаң ямана кетесең енди. Суңқар қуслар жеталмаған таўларға, Пәтли пәрўаз бенен жетесең енди. Қарақалпақтың болған жери "Дембермес", "Дембермеске" ҳеш бир нама тең келмес. Ҳаўазыңды бүлбил қустан кем көрмес, Жанды жүйсиз жерден сөтесең енди. Ушырған қусыңның таппай турағын, Дуўалап таслайсаң журттың қулағын. Ҳәмме Ләйли-Мәжнун болып ылағып, Залдан шығып кетсе нетесең енди? 117 Сахнада сулыўлық ҳәм назың менен, Талпынасаң талант—пәрўазың менен. Қалай ғана усы ҳаўазын менен, Бир нашар орнына кетесең енди! Февраль, 1990-жыл. ТОҚТАҒУЛДЫҢ ТОЙЫНДА БИР АҚ ҚАЛПАҚ АСТЫНДА (Тоқтағулдың 125 жыллық тойында оқылған қосық) Жер сулыўы Таласта Ат суўғарып тасқынға, Отырғандай Манас таў, Бир ақ қалпақ астында. Таў басында жулдызлар — Айдан туўған ул-қызлар. Өсип-өнер қырғызлар Бир ақ қалпақ астында. Ала таўға усатып, Ақка бояп төбесин, Тигип берген уқшатып Манастың чоң енеси. Суўыққа да тоңбассаң, Ыссыға да күймессең, Жамғырда жаўрап қалмассаң Бул ақ қалпақ астында. Қанша тарийх дәўир бар, 118 Инабатлы өмир бар, Кең даладай кеўил бар Бул ақ қалпақ астында. Еңбекте билек сыбанған, Қонақ келсе қуўанған, Азамат ел қуралған Бул ақ қалпақ астында. Қомуздан сулыў күй шығар, Толыбайдай сыншы бар, Тоқтағулдай ыршы бар Бул ақ қалпақ астында. Астына ай-жулдыздың Даңқын жайған қырғыздың, Даналығы Шыңғыздың Бул ақ қалпақ астында. 4-октябрь, 1989—жыл. Фрунзе. ҚАШҚЫН (Ҳәзил) Сүйинбай Ералиевке Аўырыўхана дийўалынан асырылып, Жалаңаяқ қашып келер Сүйинбай. Сестралар шуўлап улы-тасырлы, Қуўып келер аппақ-аппақ қуйындай. "Жоқ, жатпайман, келдим толық келеге, Жазылдым" деп, даўам етер қашыўды. "Жоқ, жатасаң бир жети күн еле де!" Деп қышқырар сестралар ашыўлы. 119 Әлбинасы кеше қашқан үйине, Ҳаялларға қашыў деген буйымба-әй! Ботинкасын салып алып ийинге, Жалаң аяқ қашты бүгин Сүйинбай.. Неге қашқан? Мәниси сол болғаны: Досты келген Тоқтағулдың тойына... Мен отырман от басында толғанып, Усындайда нелер келмес ойыңа! Бул заманда дослық—қысқа ўақытлы, Бузар есап, бийпарўалық, минезиң, Усылардай досты бар жан—бахытлы, Ол бахытлы ким десеңлер—мен өзим. Ошақта от, сөйлесемиз асықпай, Арасында аз-кем шарап көремиз. Бирин-бири сағынысқан ашықтай, Бир-биреўди аңсаймыз да жүремиз. Саатлардай бирге соғар үш жүрек, Елжиресер, сырқатларды умытып, Бул ошақта узақ жанғай от гүрлеп, Менидағы қайда жүрсем жылытып. Ҳай, адамлар—қара жердиң қайығы! Мен тилеймен сизге бир дос жасқанбай, Сен барғанда аўырыўдан айығып, Больницадан жалаңаяқ қашқандай... 16-ноябрь, 1989-жыл. |
Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling
ma'muriyatiga murojaat qiling