АННА АХМАТОВАНЫ ОҚЫҒАНДА
Неге түслериме тез-тез енесең?
(А. Ахматова)
I
Және бүгин ақшам түсиме ендиң,
Тағы барсаң керек Лицей бағына.
Гүлдей ажарланып кетипсең сен дым,
Жоқлығың есиме түспес тағы да.
Ҳәр келгенде жүрер едик бул жерде
Тек ғана жас Пушкин музасы менен.
"Усы жерде жасағанда, егерде,
Мен де шайыр болар едим" дедиң сен.
Естен шыққан еди руўҳый ашлығым,
Сениң дийдарыңа жутынған шағда.
Мениң үлкенлигим, сениң жаслығың
Билинбес еди бул тилсимли бағда.
Әрманлар аңталар, от болып күйдим,
Көп аңсаған едим ақ дийдарыңды.
Үп-үлкен қол менен аймалап, сүйдим,
Сениң кип-кишкене аяқларыңды.
Айттың: "келемен деп, хатлар жазғансаң,
107
"Назлы шардәре" де қанша күттим мен.
Шашларың ағарып, және азғансаң".
Деп сыйпадың муздай қолларың менен.
Алтын сарайы тур патша ҳаялдың,
Қулпырған ақ қайың, жасыл емени.
Сен сонда қолымнан жетелеп алдың,
"Күн жаўды, тез жүр" деп қыстадың мени.
Ҳәм әйдик еменди бир айландың да,
Көзден ғайып болдың. Узақ изледим.
Үнсиз тас сүўретлер турар алдымда.
Анадан адасқан баладай едим.
Мен атыңды айтып бақырдым жылап,
Бағда тек те жамғыр ҳүким сүреди.
"Гүзеси сынған қыз" көз жасын булап,
Ол да байғус жылап отырар еди....
2
Тәғдир дәрьясы дер ағар мәўиж урып,
Бир де өрлеп, бир де сал болып ықтым.
Қызық-қызық пенен жағалап жүрип,
Айралық жағысына тағы да шықтым.
Бул бир қарғыс атқан жағыс соныңдай,
Бунда дарға да жоқ, көпир сирә жоқ,
Яр-досы көп, бай болсаң да қаныңдай,
Бул суўдан өтиўге ҳасла шара жоқ.
Ҳәўлиртер "ларс" еткен дегиш даўысы,
Бийнесип аўышдай турман жағада.
Жақты көзде жолыңды тап, жолаўшы",
108
Дегендей қышқырар жалғыз шалаға.
Do'stlaringiz bilan baham: |