Поэма Нөкис "Қарақалпақстан" 1992


Download 1.19 Mb.
Pdf ko'rish
bet34/61
Sana19.01.2023
Hajmi1.19 Mb.
#1101174
TuriПоэма
1   ...   30   31   32   33   34   35   36   37   ...   61
Bog'liq
Ibrayim Yusupov. Tanlauli shigarmalarinin eki tomligi. 2-tom (1992)

М. ЖЕҢГЕЙГЕ 
Жуйрик ат бәйгилерде байрақ алған,
Сандыўғаш талға қонып сайрап алған.
Қазанға қырқ мәртебе жаяў барып,
Ағам сени татардан сайлап алған.
Бул дүнья ҳәммеден де қалып атыр,
Ҳәр ким өз сыбағасын алып атыр.
Бийкешиңнен жиберген қус тилиңе
Таласып жети жигит талып атыр… 
ҚОСЫҚ 
Маўжырар бағлар оранып,
Ақ гүлине алманың.
Бир сулыў шықты доланып,
Бойына Әмиўдәрьяның. 
Самалы жипек сулыў түн
Төңкерди мақпал аспанын,
Және сол сырлы сулыўдың
Ышқында жана басладым. 
Ол сулыў қашты, мен қуўсам,
Аңлыдым ақшам шатырын.
Назыбай гүллер, көк жуўсан,
Аңқытты таныс әтирин. 
Шахмақ болып сондай да,
Шағылып кетким келеди.


131
Қақ суўы болып, сайларға—
Ағылып кетким келеди, 
Ең болмаса сол қаққа.
Кийиклер келер урланып.
Бойында оның аўлақта.
Қызғалдақ өсер ырғалып. 
Жарқ етсе түнде бир шахмақ,
Таныр ма екен дегеним:
Қан жылап турған қызғалдақ
Муҳаббатым екенин. 
25-апрель, 1973-жыл. Тахтакөпир.
 
ДОС-ЯРАНЫҢ БОЛМАСА 
Өмирде не ләззет бар, дос-яраның болмаса,
Жан деген менен жанбас, өз жананың болмаса.
Жылғалар жылжып түсер бәлент таўдың басынан,
Олсыз мәўжирип ақпас дәрьяларың болмаса. 
Бир душпан көплик етер, досларың мың болса аз,
Суңқар қусқа жарасар жалғыз әйлемек пәрўаз.
Ғәрипке Сәнем болмас бийопалы сәрбиназ,
Қасында қәдир билер мийрибанық болмаса. 
Бүлбил қус қалғып кетсе, гүлин көрер түсинде, 
Жат журтта жүрген адам елин көрер түсинде. 
Қулан-кийик секирип ойнар өз шөлиниң ишинде, 
Базергенде
6
базар болмас, қарыйдарың болмаса. 
Қатнасар қарындассыз ел-жайыңда не сән бар,
Барыс-келис қылмасаң, ағайында не сән бар.
6
Базерген – саўдагер. 


132
Дослары илҳам бермесе, Ибрайымда не сән бар,
Ели - халқың, дос-яраның — қәдирданың болмаса. 
19-январь. 1990-жыл.
РОМАНС 
Қызыл көйлек қынап денеңди,
Қәдди бойларыңа жарасып,
Кирип келдиң, жаным, сен енди,
Мен отырған есикти ашып. 
Көз бенен көз айтысып жумбақ,
Бираз ўақыт турдық қарасып;
Путкил дунья сүйсинип сол ўақ,
Дийдарыңа болғандай ашық. 
Сүйсем дедим алып қушаққа,
Ләблериңе ләбимди басып,
Көз қарасың суўып бирақта,
Албырадым ақылдан сасып. 
Отырдым мен еңкейип пәске,
Айтар сөзимнен де адасып.
Туфлийиңди сыйпадым әсте,
“Аҳ, каныңдай тур, — деп, — жарасып” … 

Download 1.19 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   30   31   32   33   34   35   36   37   ...   61




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling