Поэма Нөкис "Қарақалпақстан" 1992
Download 1.19 Mb. Pdf ko'rish
|
Ibrayim Yusupov. Tanlauli shigarmalarinin eki tomligi. 2-tom (1992)
АЛАСАР ҚУС ӘҢГИМЕСИ
Гүз қандай әжайып мениң журтымда, Қыялым кийиктей дүзлерге қашар. Және ушырастық-аў, аўыл сыртында, Әссалам, сабырлы достым Аласар! Аўыр қанатыңды желбегей салып, Отырсаң ба еле ыраш басында? Асықпай, әндамлы жамбаслап алып, Сени бир тыңлайын жатып қасыңда. Ойлаўға үйреттиң балалығымда, Базда саған ойнап тас атқан едим. Ойшаң отырысыңды бир қосығымда Данышпан Дантеге усатқан едим. Сени көрсем, жаслық даўылы тынып, Суўыған қарт адам ядыма тусер. Күншуўақта үй алдында көз жумып, Отыратуғын атам ядыма түсер. 99 Көрип сени талай дөңниң басында, Ишим писип, сеннен қашып та едим. Сабырсыз болады-аў адам жасында, Сен күлдиң "ҳәй, шайыр, асықпа дедиң". "Асыққан қыз байға жарымас" деген Кел, аттан түс, отыр, тыңла бул сөзди. Жети ықлым жәҳән мүлкин бийлеген, Сүләйман патша да тыңлаған бизди... Бүркит те емеспен жаўыз пәнжели, Қузғын да емеспен өлимтик жеген. Маған дәркар емес журттың жәнжели, "Таўығымды алды аласар" деген. Қуяш оянғанда ҳәр алтын таңда, Дөң басында оған сәлем беремен. Пәрлериме шағылысып ол сонда, Рахмет нурын жоллағанын көремен. Күндиз күн жүриси аяндур маған, Ақшам ай-жулдызды, жер айланысын, Сабырлықлық пенен гүзетип мудам, Тың-тыңлайман уллы өмир тынысын..." Деген гәплериңе мәни бере алмай, Шала қалған қосығымды қайғырып, Сабыр-тақат пенен қулақ сала алмай, Алып қашқан еди жаслық айғыры. Өткенимди ойлап көрсем толғанып, Есирип биймәни ойын-заўықтан, Сонша жыллар жүрегимди қолға алып, Шап дегенге, алапаға шаўыппан... 100 Көз жумып отырар мысалы мәңгүр, Билсем, қус ҳасылы аласар екен. Боқлық тинтип жүрген еки гүләңгир, Бир көтенқурт тапса, таласар екен. Таяўсыз сал қусап көп жүрдим ығып, Енди Жәйҳун жуўас, дегиш урмаған, Ҳәр қим өз аўылының сыртына шығып, Самаллап атырған дәўир бул заман... Шаршаған атымның шылбырын шешип, Әне, отқа қойдым. Қашпас ол енди, Саған сәўбетлесиў болсалар несип, Бир тыңлайын, қус данасы, кел енди! Билемен, көп қызық ойлар сенде бар, Сенде бар сабырлы-жуўас даналық, Қус тилине түсинбесе шайырлар, Туўған тәбияттан болар жудалық. Көпти көрген қуссаң, канық бәрине, Заманлар жоқ сен сәўбетлес болмаған. Иймек тумсығыңды сүйкеп пәриңе, Гөне сөзлериңнен гүрриң бер маған. Ноябрь, 1989-жыл. Download 1.19 Mb. Do'stlaringiz bilan baham: |
Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling
ma'muriyatiga murojaat qiling