Поэма Нөкис "Қарақалпақстан" 1992


КОРАБЛЬЛЕР ҚОЙЫМШЫЛЫҒЫНДАҒЫ ЕЛЕС


Download 1.19 Mb.
Pdf ko'rish
bet20/61
Sana19.01.2023
Hajmi1.19 Mb.
#1101174
TuriПоэма
1   ...   16   17   18   19   20   21   22   23   ...   61
Bog'liq
Ibrayim Yusupov. Tanlauli shigarmalarinin eki tomligi. 2-tom (1992)

КОРАБЛЬЛЕР ҚОЙЫМШЫЛЫҒЫНДАҒЫ ЕЛЕС 
Кеше гүрлеп турған Үшсай портында
Бүгин — корабльлер қойымшылығы.
Көшип кеткен балықшылар журтында,
Жатар жайрап кемелердиң сынығы. 
Еспе қумға ермек болып көмилген
Ессиз пароходлар, катер, баржалар.
Палубалар қумнан зорға көринген,
Каютаға кирген самал зар жылар. 
Я инсап! Не деген ғәлетий ойын:
Бул мүликлерди соққан адамның қолы,
Тахтайын қопарып, темирин қыйып,
Металл сынығына алмақта оны. 
Кудды динозавр қабырғасындай
Кеме сүлдерине сүйендим узақ.
Қорқынышлы еди қәбир басындай,
Жүрегимди тырнар бийрәҳим азап. 
Гөне жағыстағы қалған дачаның
Қараўыл ғаррысын тыңлап қарасаң,
Ким билипти өтиригин я шынын,
Ертек еситкендей тәсийн қаласаң: 
"Базда Үшсай беттен самал ескенде,
Қорқынышлы сеслер келеди" дейди. 


88
"Жинниң ойнағындай от жағып түнде,
Биреўлер шуўласып жүреди" дейди. 
"Шырпылдаған қамшы сести шыққанда,
Ыңырсып жылаған еркек даўысы,
Қулағыма тал-тал келеди сонда,
Кимлердиң күлкиси ҳәм ғаўырлысы. 
Даўыл тыныўына даўыслар тынар,
Бизиң ақыл жетпес не ислер бар-ды.
Мүмкин бул—теңиздиң ийеси шығар,
Жазалап атырған гүнакарларды..." 
Ески адам байғус балықшы ғарры,
Бул жорамалына не десең болар.
Жазаламақ болса гүнакарларды,
Пәкизе жер басып жүрипти олар. 
Ийеси болмайды үлкен қылмыстың,
Жуўапқа тарта алмас оны ҳеш бир заң.
Бул нәпсиқаў, пайдакүнем турмыстың
Өзи бул қылмысқа ҳәўескер болған. 
"Тәбияттан мийрим күтпе, тартып ал!"
Деп биз маңнайшаға жазып қойғанбыз.
"Тыңнан жер аш, ақ алтынды артық ал!"
Деп теңизди қуртыўға да барғанбыз. 
Ақ сүти қорланған ана-тәбият,
Енди бизиң жаўыз ҳүжданымызды,
Қырда қалған сынық мачтаға байлап,
Қатаң жазалаўға киристи бизди. 
"Жазаның үлкени еле артында,


89
Бул тек басламасы, бул —ойыншығы." 
Деп турғандай болар Үшсай портында
Жатқан корабльлер қойымшылығы... 
Сентябрь, 1989-жыл. Мойнақ. 

Download 1.19 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   16   17   18   19   20   21   22   23   ...   61




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling