Поэма Нөкис "Қарақалпақстан" 1992


Download 1.19 Mb.
Pdf ko'rish
bet18/61
Sana19.01.2023
Hajmi1.19 Mb.
#1101174
TuriПоэма
1   ...   14   15   16   17   18   19   20   21   ...   61
Bog'liq
Ibrayim Yusupov. Tanlauli shigarmalarinin eki tomligi. 2-tom (1992)

 
"Үмит жағасы" китабынан 
ТЫРНАЛАР 
Әл ҳаўада қанатларын талдырып,
Жат мәнзилге сапар шеккен тырналар.
Айралық дәртинде бизди қалдырып,
Шадлығымды алып кеткен тырналар. 
Ҳаўазыңа қулақ салып қарасам,


81
Ақ қағаздай ғағырласып барасаң.
Хош аллияр айтысқандай боласаң,
Келмеске жол тартқан гөззал тырналар. 
Жерге бир нәўбетдур, елге бир нәўбет,
Қайтып баратқандай қайтасы дәўлет.
Аш толқынлар урмас жағысқа гүрлеп,
Соналы көллерден ушты тырналар. 
Сизлер нәсил көрген атаўлар аўлақ,
Әдира қалғандай айдынлы суўлақ,
Диң аспанда муңлы "қуррыў-қуррыў" лап,
Не деп баратырсыз, байғус тырналар? 
Не ис тапса, инсан пейлинен табар,
Ол қаст етсе, терис ағар дәрьялар.
"Бул жер бизге ҳарам" дегендей олар,
Аҳ урып қыйқыўлап барар тырналар. 
Қусларды көлатсыз, теңизди суўсыз,
Қалдырған нәмәртлер қалмас сораўсыз, 
"Карғыска жолығып бәри қалыўсыз.
Туқымқурт болғай" деп барар тырналар. 
Таңларым оянбас толқын сестинен,
Қайлардан аларман ондай күшти мен?
Дузлы шаңғыт көмген көллер үстинен,
Бул жағысқа түспей барар тырналар. 
Барар интизамлы, жипке дизилип,
Мен қарайман жүрек-баўырым үзилип.
Сиздей мен де ата журттан безигип,
Неге кете алмайман, айтың тырналар? 
Октябрь, 1985-жыл. 


82
ЖЫЛҚЫ ЖЫЛЫНА 
(1990) 
Астыңда Ақбозат—тулпар ураны,
Тоңлы ушқын шашып гүмис нәлинен.
Олсыз да бул ғалаўытлы дүньяны
Ҳәўлиртип, дүсирлеп кирип келдиң сен. 
Ғәлетий сес пенен киснеди атың.
Жалларына қыраў қатып, муз турған.
Суўық еди жылқы минез айбатың,
Жүзиңе арасат ызғары урған. 
Қайсы жулдызлардың болдың тойында,
Қай мәнзилден шықтың сәҳәр ўақтында?
Қандай нийетлер бар сениң ойында?
Айт жасырмай жәриялылық ҳаққына. 
Ошақ басы, арша ағаштың жанында
Үмийдиўар сени күттик бийқарар.
(Аязлы арқаның қай орманында
Өскен екен бул көк шырша жаныўар?) 
Мине жүрис тынды көше-күйлерде,
Азап пенен тапқан шампанды ашып.
Арша ағашты безеп ҳәмме үйлерде,
Отырмыз бийтақат кейпимиз қашып. 
Жақсы билер ҳәзир ҳәр если адам,
Бөлинсе, бөри жеп, дүзде қаларын.
Дүнья аман болса бәле-қададан,
Өз ошақ басының аман боларын. 


83
Тарийх-ана таза заманға жерип,
Жаңаша жасаўдың жолын гөзлеген.
Көз ашылып тиллер гөяға келип,
Қарадық дүньяға жаңа көз бенен. 
Қарап көрсек қайырылып излерге,
Көп бийҳуўда жанға қысым қылыппыз.
Гүўлеп қол шаппатлап қысыр сөзлерге,
Дәрьяны теңизден шөлге бурыппыз. 
Енди жаңа жолға бурайық десек,
Гөнерген машина бурылмай атыр.
Бәрин тезден қайта қурайық десек,
Бул сирескен дүнья қурылмай атыр. 
Бир жақтан, оянған ойлар қозғалып,
Жаңаша жасаўды талап етпекте.
Ески интизамлар көнбей, шамланып,
Минберлерди бүрип, күш көрсетпекте. 
Бир жақтан, оянған халықлар бел буўып,
Жаңа гүреслердиң минген атына.
Бир жақтан, биреўлер отқа май қуйып,
Жылынбақта миллетшиллик отына. 
Жаңаша ислетип адамлар мийин,
Тубалаўдың мунар күни батқандай.
Бир жақтан ҳаўлыққан дүньяның үйин,
Жаўыз рэкетирлер тонап атқандай.... 
Қабағы қатыңқы келген жаңа жыл,
Сен не менен белгилейсең орныңды?
Ақбоз атын гижиңлеткен бала жыл,
Билсек деймиз сениң платформаңды. 


84
Жеңил көрдим Қарбабаның қапшығын,
(Ол не қылсын, жоқты жерден қаза ма!?).
Бәлки бизди дағдарыстан апшығып,
Бәлки тартарсаң ба аўыр жазаға? 
Ушан кемелерди шайқаған даўыл
Теңизлерде тегинликте басылмас.
Биз баратқан жоллар қыйын ҳәм аўыр,
Боз думаны ҳә дегенде ашылмас. 
Ақбозатқа жайдақ минген жаңа жыл,
Беккем отыр, мәккем қармап жалынан.
Үлкен үмитлердиң жылы бола бил,
Ақыл, инсап периштеси дарыған! 
Январь, 1990-жыл. 

Download 1.19 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   14   15   16   17   18   19   20   21   ...   61




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling