Поэма Нөкис "Қарақалпақстан" 1992
Download 1.19 Mb. Pdf ko'rish
|
Ibrayim Yusupov. Tanlauli shigarmalarinin eki tomligi. 2-tom (1992)
- Bu sahifa navigatsiya:
- ПЕРИ МИНГЕН АТ
ӘСКЕРБАЙҒА
Бетиң быдым-быдым, жүрегиң таза, Алшағырдай минезиң бар биймаза, Үш - төрт милийсадан келмесе қаза, Әжелиңнен өлмейсең сен, Әскербай, «Ешек дәптерден» Шақаманнан шайбас буға табылып, Услай алмай жүрдик ҳәмме жабылып, Өгизлер түйектен шықты сабылып, Сениң жаның тас екен дым, Әскербай. Ысмамытың шаршап ҳалдан кеткенше, Тусыңнан не раўшанлар өткенше, Гүректей тислериң қаўсап питкенше, Жигитлик дәўранды иштиң Әскербай. Әўпилдеп жуўырдың жараған нардай, 65 Қобыздай қуўсыйды турпатың дардай, Арақта әкеңниң қарызы бардай, Изине қунжыйып түстиң, Әскербай. Сени қапқан ийтлер қутырып өлди, Сона шақса мәс боп тутылып өлди, Еске алар гәптиң енди утыры келди, Талантқа суў қоспай иштиң, Әскербай. Есиктиң аўзында аңқырды ешек, Қақаман суўықта ким келди десек... Отсыз өжиреде подшипка төсеп, Уйқылап жатқаныңды көрдим, Әскербай. Тоңыртқасы толды жап ҳәм салманың, Өңешиң өзгеше, тас екен жаның, Сол жүристен өлмей аман қалғаның, Жүримиң бар екен еле, Әскербай. Журт айтысар енди сени қойды деп, Қарар оған қатты тәсир қылды деп, Жойтылған қәлемин таўып алды деп, Ес барда етегин жапқан Әскербай. Ишинде бар гүмбирлеген шайырлық, Ендиликте қалсаң оннан айрылып, Илҳәм периштеси бақпас қайырылып, Hашарға нәзериң түспес, Әскербай... Февраль, 1988-жыл. 66 ПЕРИ МИНГЕН АТ Сондай бир күш ҳүкими ҳөктем ... А. Блок Сейисханаға азанда келип, Сейис күнде ҳайран қалады: Аты қара терге шомылып, Оқыранып зорға турады. Аўырғанды бәлким жаныўар, Деп суўлыққа байлады андыз. Ертең де сол аўҳал тәкирар ... Әжепленип сейис уйқысыз, Таң асырып аңлыды кеште. Түн жарпында қулыплы дәрўаза Өз-өзинен ашылды әсте. Ат тыпыршып болды биймаза. Ҳәм изинше аппақ денели, Қара шашы бөксесин жаўған Жалаңаш қыз кирип келеди, Салдыр-гүлдир ат аяғынан Кисен түсти. (Көрди ҳәммесин, Еси кетти сейис сорлының). Жалын сыйпап қыз ақ мәммесин Омыраўына басты торының. Ат жуўасып, бир тепсинди де, Қыйпақлап қыз ҳәмирине көнди. Жалын қармап бир секирди де, Қустай ушып қыз атқа минди, Пәрсиз оқтай қаңрып сайгүлик, Кетти жүйиткип қула далаға. Түс көргеңдей сейис ҳәўлирип, Қала берди сейисханада ... Сол дегендей ҳәр күни кеште 67 Ел уйқыға жатты-аў дегенде, Келер илҳам периси әсте. Кисенлеўли ат қусап мен де, Тыпыршыйман оны сағынып Ашық болып қозар дәртлери Ҳәмирине үнсиз бағынып, Көтеремен еркеликлерин. Пери минген аттай азаплап, Ол жанымды қыйнар бәрҳама Дәртлеримди төгип қағазға, Таң атқанша қәлем тартаман. Март, 1988-жыл. Download 1.19 Mb. Do'stlaringiz bilan baham: |
Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling
ma'muriyatiga murojaat qiling