БАЙЫЎЛЫҒА
Телеантеннаға қонып иңирде,
Тамбасында бай-байлаған байыўлы!
Көптен жоқ едиң ғой сен бул өңирде,
Қайдан келдиң сен оңбаған байыўлы?
Түриң убыжықтай, үкили көзиң,
Дым бир зыянатсыз қуссаң-аў өзиң,
Бирақ журт аўзында көп жаман сөзиң,
Неден жаманатлы болдың, байыўлы?
49
Ырастан сен байдың улы болдың ба?
Ата-аңаңнан жаслай қарғыс алдың ба?
Өгей шешең саған дөҳмет салды ма?
Неден жаманатлы, болдың, байыўлы?
Мәканың гөне там, уяң жарықта,
Бәледей көринер түриң халыққа.
Мениң демим шамаласып қалыппа,
Сен не деп қышқырым турсаң, байыўлы?
Теңиз толқып турған ўақта иргеде,
Ел қандай мәс еди кеше Үргеде...
Жүрегим даўамас енди көрмеге,
Мәканлап алыпсаң өзиң, байыўлы.
Арқадан жағымсыз самаллар есер,
Самал ескен сайын еңсемиз түсер,
Узамай бул аўыл көшеди десер,
Сол ма айтажағың, байғус байыўлы?
Нақыл бар: жер қатты, аспаны узақ,
Көшпеймиз бе деген үмит бар бирақ.
Тамбасынға шығып бақыр қаттырақ,
Бәлким. сениң даўысың, жетер, байыўлы.
Апрель, 1988-жыл.
ЕКИ ҚУЎАНЫШ
Мен атымды түсип басқаға бердим,
Ер-турман, дорбасы, қамшысы менен,
Сен дәрҳал қуўанып жуўырып келдиң,.
Көзиңде шадлы жас тамшысы менен.
50
Сен байғус қуўандың ҳәз етип күлип,
"Пияда қалдырып жазалады-аў" деп.
Мен байғус қуўандым: жаяўлап жүрип,
Көп жақсы қосықлар жазаман-аў деп…
Март, 1988-жыл.
* * *
Өзи қызық адамлар
Қызық көрер дүньяны.
Өзи бузық адамлар
Бузық билер дүньяны.
Өзи қызықшыл адам
Ойлап жүрер тек ғана:
Дүнья деген той - байрам,
Қызықтан турар деп ғана.
Бузық адам мудамы
Сумлықты ойлар ақыл деп.
Дүньяның барлық адамы
Бузықлық ислеп атыр деп ...
Март, 1988-жыл.
Do'stlaringiz bilan baham: |