Поэма Нөкис "Қарақалпақстан" 1992
Download 1.19 Mb. Pdf ko'rish
|
Ibrayim Yusupov. Tanlauli shigarmalarinin eki tomligi. 2-tom (1992)
- Bu sahifa navigatsiya:
- ТИЙМЕ, ОҒАН
БОРАНЛЫ КЕШТЕ
Үстирттиң шөли көк тайғақ, Шыдатар емес боран дым. Ықлады кели көп сайғақ, Мал қорасын Оралдың. Бас салды ийтлер шаўылдап, Қызық болды қалайда. Қәпелимде аўылда Кийиктиң ети молайды, Қақаман боран жулқынып, Қағады кеште айнаны, Ҳәр қазанда бул күни Сайғақтың гөши қайнады. От басында Орал мәс, Ет туўрар малдас қурынып. Езиўден күлки жыйылмас, Қатынына бурылып: - Журт машынлы жүрипти Сайғақ атып боранда. Қудайдың өзи кийикти Әкелер айдап Оралға... Деп мардыяр мақтанып, Қызара бөртип қулперен. Сексеўилдиң шоқлары Ысытып ҳәмме терлеген. - Ийтлерге несип болар-ма, Ең ириси сол аңнан... - Тойсын-да етке олар-да, 47 Алған жоқ ғой қораңнан, - Деп ҳаял сорпа қуяды Дуўрамалы самарға. Балалар-да тояды. Уйқыға жатар олар-да. Ашыўлы боран далада Айнаны сабар ҳүўилдеп, Маңырай-ма, жылай-ма, Түсинбедим тилин тек... Москва, декабрь, 1987-жыл. ТИЙМЕ, ОҒАН Тийме, бала, жыланға Ийреңлеп баратырған! Жасаў ушын буманда Олдағы жаратылған. Сениң аўылың болса, Оның-да ўатаны бул. Ақсардың арасында Ҳәз етип жатады бул. Сен тек, табаның менен Жер басып, жүресең жол. Пүткил денеси менен Бул жерге берилген ол. Оқыў я пайда қуўып, Кетерсең ер жеткенде. Ал, ол усында туўып, Өледи усы жерде, Жыланның түси суўык. Адамның иши суўық. Баўырына тартып жүрип-ақ, Адамлар жаяр уўын. «Жыланның тили зәҳәр, 48 Шақса шатақ" дейди сол. Бул сөзде наданлық бар; Шақпайды, тислейди ол. Тислейди уўын жумсап, Урсаң ҳәм азап берсең. Мийрим-шәпаат қумсап, Жалт-жалт қараўын көр сен. Сезимиң серли болса Сен серлер едиң бәрин: Қыз минез қылықларын, Қамшы өрим нағысларын... Туўылып өскенине Бул бир усқынсыз жерде, Айыплы емес ҳәм де Оған өкинбейди де. Жерге жылан-да керек. Ем болар уўы ушын, Адамлар серлеңкиреп, Аяқ басыўы ушын. Ҳәй, бала, тийме оған! Сен не, уражақсаң-ба? Жасаў ҳуқыўқынан Мәҳрум қылажақсаң ба? Download 1.19 Mb. Do'stlaringiz bilan baham: |
Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling
ma'muriyatiga murojaat qiling