114
Бәлким ырғый алмай қурбан боларман
Мийримсиз муҳаббат сынақларына.
Яки исим оңлап, секирип аман,
Жығыларман сениң аяқларыңа...
2
Қолларымды артыма байлап,
Мәс ҳалымда, қараңғы түнде,
Мийрими жоқ жуп қара жәллад
Айдап келер ат ҳүкиминде.
Айдап келер қараңғы түнде,
(Жәлладлардың күлгени неси?)
Көрсетилген суд ҳүкиминде
Қайта қараў мүмкин емеси.
Мийримсиз суд—гөззал Муҳаббат
Ҳүким оқып көзлерин сүзди.
Енди ҳеш қаныңдай
адвокат
Арашалап алалмас бизди.
Таң жарысты. Сулыў әтирап,
Мен келемен ат ҳүкиминде.
Аяғымды таслар жаралап,
Ҳәўлиреди жүрегим ҳәм де.
3
Мениң аппақ әрманларымдай,
Қос өркешли еки шың турар.
Сағынышлы аҳыў-зарымдай,
Жан-жүрегим оған ынтығар.
115
Аяў билмес жуп қара жәллад,
Сол қос төбе аралығында,
Суд ҳүкимин қатаң орынлап,
Ҳәзир мени асады дарға.
Мен тек сонда атыңды сениң,
Самалларға жәрия етермен.
Ҳәм баўырында сол кос төбениң
Жаным менен өлип кетермен...
Do'stlaringiz bilan baham: