Поэма Нөкис "Қарақалпақстан" 1992


Download 1.19 Mb.
Pdf ko'rish
bet35/61
Sana19.01.2023
Hajmi1.19 Mb.
#1101174
TuriПоэма
1   ...   31   32   33   34   35   36   37   38   ...   61
Bog'liq
Ibrayim Yusupov. Tanlauli shigarmalarinin eki tomligi. 2-tom (1992)

САҒЫНЫШ 
Мудам сени ойлай берип,
Билгенимнен жаңыламан.
Айсыз түнде айдай көрип,
Дийдарыңды сағынаман. 
Көрип сени түслеримде,


133
Оянғанда жабығаман.
Жалғыз қалып кешлеримде,
Өз дәртиме шағынаман. 
Жулдызлардан сорап сени,
Ескен желге жалынаман.
Журтқа сениң кимлигиңди,
Айталмасам нағыламан? 
Жалбарынып мен табынсам,
Муҳаббатқа табынаман.
Сен қол жетпес әрманымсаң,
Сени бәрҳа сағынаман. 
 
ҮШ ТИРСЕК 
Алматыда "Үш бойдақ",
Нөкисте бар үш тирсек.
"Айтысайық, кел" дейди,
Жөнимизге түшкирсек. 
Балтадан қайтпас бас тирсек,
Қайнап пискен тас тирсек,
Өр көкирек жас тирсек,—
Мениң достым үш тирсек.
Үш көк өжет атақлы,
Сатып алар шатақты.
Тораңғылдай путақлы,
Ағайинли үш тирсек. 
Өзин жөплеп гүресип,
Тыққан сеңдей сиресип,
Текедейин тиресип,


134
Турып алар үш тирсек. 
Таўыпсаң, аўа, наданды,
Ерегиске шыдамлы.
Шаршатып жеңер адамды,
Айтысқанда үш тирсек. 
Саған жалған, маған шын:
Бас қосып олар жолықты.
Тирсеклердың союзын
Дүзип алмақ болыпты. 
— Жолдаслар! — деди бас тирсек, —
Маңызлы истиң жайы бул.
Тирсеклердиң тарийхта
Биринши қурылтайы бул. 
Биз өзгеше адамбыз,
Тухымы сийрек таралған.
Художниктей, шайырдай
Айрықша жаралған. 
Аўқамы бар ғой олардың,
Биз неге союз болмаймыз?
Программа, уставты
Бекитип неге алмаймыз? 
Тирсеклердиң уставы 
"Адамзат бина болғалы,
Бундай союз болған емес.
Шайырлар қәлем алғалы,
Бизди хатка салған емес. 


135
Сөйлесең тынбай тақылда,
Қулақ аспа ҳеш ақылға.
Мәзи өзиңди мақулла,
Не айтсаң да жалған емес. 
Журт бир исти мақул десе,
Сен турып ал оған кесе.
Тирсек болалмаған киси,
Бул союзға кирген емес. 
Мәселе шешкен ўағында,
Қосылып кетсең ағымға,
Союздан шығасаң онда,
Взносы да үлкен емес... 
Мине устав — проект,
Ким қарсы ҳәм ким бийтәреп?
Енди баслық сайлаў керек,
Бассыз шөлкем болған емес." 
Тирсеклер атты айдаўда,
Киристи баслық сайлаўға,
Үшеўи де ишинен
"Баслықпан" деп ойлаўда. 
Болып кетти тапырлы,
Бәри билгиш, ақыллы.
Үш жақка қарап үш тирсек
Үш күнге дейин гәпурды. 
Бир тирсек айтса, қалғаны
Барымға ҳәргиз бармады.
Аққуў, шортан, шаяндай,
Үш жаққа тартты арбаны. 


136
Не жоқ дейсең халықта—әй!
Айтысыўға жалықпай,
Үшеўи жалғыз союзға,
Баслық болып алыпты-ай. 
Тирсеклер усылай шешеди,
Тирсектен тирсек өседи.
Үш тирсек, сөйтип, союзға
Районлардан бул күнде
Ағза излеп жүр деседи ... 
Март, 1972-жыл. 

Download 1.19 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   31   32   33   34   35   36   37   38   ...   61




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling