Поэма Нөкис "Қарақалпақстан" 1992


Download 1.19 Mb.
Pdf ko'rish
bet31/61
Sana19.01.2023
Hajmi1.19 Mb.
#1101174
TuriПоэма
1   ...   27   28   29   30   31   32   33   34   ...   61
Bog'liq
Ibrayim Yusupov. Tanlauli shigarmalarinin eki tomligi. 2-tom (1992)

 
ҚЫРҒЫЗ ҚОСЫҒЫ 

Суўсамыр суўы тереңлеп,
Өте алмай турман елеңлеп. 
Өткизип алсаң болмай ма,
Паяпыл салып ҳәмеллеп. 
Суўсамыр басы Тарағай,
Күйдирдиқ дәртке жарамай.
Паяпыл ушын нийетлеп,
Қырықтырып жүрмен қарағай.. 
2 
Порлы қыя Қапшығай,
Боранлап барып ашылғай.
Сен десем, сени сағындым,
Бозлаған үним басылмай. 
Ала бел өткел асыўда,
Ала таўдың басында
Айланар булыт кете алмай,
Ашығына жете алмай. 
Боз жорға екен мингениң,
Боз шекпен екен кийгениң.
Айда-жылда келесең,
Өтирик екен сүйгениң. 
Уллы таўға шыққан бар,


121
Улар етин жеген бар.
"Шынаяқ толы қымызды
Ким ишпейди?" деген бар… 
3 
Қоқтың басы қол жылға,
Қол жылғадан қол былға. 
Қол былғасаң барайын,
Қостар етип алайын. 
Етиңе кийген көйлегиң
Ол не деген гезлеме?
Көрсетип қойсаң болмай ма,
Көрейин деген жездеңе.. 
 
5 
Субайылда туўған жер,
Белине жипек буўған жер.
Қызлығында ат минип,
Ақ маралды қуўған жер.
Узын булақ суўынан
Көк көйлегин көтерип,
Ақ балтырын жуўған жер... 
6-октябрь, 1989-жыл. Қапшығай жолында. 
Қосықлардағы кырғыз сөзлери: чоң енеси — мамасы, 
улар — таўдың жабайы түйе таўығы, қояуз — қобыз 
(домбыра), ыршы— қосықшы шайыр. И. Ю. 


122
ЕРТЕДЕГИ ҚОЙЫН ДӘПТЕРДЕН 
 
"СЕЎИЛ" МЕНЕН "СЕК" БАЯЗЫ 
(Бул қосық 1964-жылы тахтакөпирли Ысмамыт аға 
Ысақовқа жиберилген еди. Ол заманда Нөкис еле газды 
билмейди, ал отынның әўлийеси сексеўил болды. 
Бирақ оны Томар бөгеттен әкелиў мушкил ис еди. 
Қосықта "Палекеңнен аррағырақ"... деген сөз бар. 
Атақлы сөз шебери Палўанияз аға ол гезде 
Тахтакөпирдеги 
Ленин 
атындағы 
совхоздың 
директоры еди...) 
Дуўай сәлем Ысекеңе,
Үш ҳәриптен "тек" болады.
"Ҳарма" деген ҳәлге қуўат,
Бул ҳәм иске сеп болады. 
Халық уста ғой тымсал сөзге,
Бул гәпимди көрмең өзге.
Бир жумбакты айтып сизге,
Шешиўин күтсек болады: 
Болмаса астыңда пырақ,
Көликсизге жолы жырақ.
Палакеңнен аррағырақ,
Бир қастерли шөп болады. 
Ербегейден-сербегейден,
Ҳәргиз үйге кирмегейден,
Сорап алар бермегейден,
"Сеўил" етсең "Сек" болады... 


123
Кесип алсаң таяқ болмас,
Тис шуқлаўға қыяқ болмас.
Өзинде сын-сыяқ болмас,
Бирақ дым керек болады. 
Ақшам жағып жулдыз етсе,
Сөнбес түн ҳәм күндиз өтсе.
Әсиресе күн "дыз" етсе,
Талабаны көп болады. 
Гүл емес ол хош ийисли,
Ағаш емес ол жемисли.
Сонда да табыў тийисли,
Таппасаң "әнтек" болады. 
Қап-қара бир мешкей мәўиз,
Тамға сүйенген бир жаўыз,
Үңирейген үлкен аўыз,
Жыйсаң жылда жеп болады. 
Ат тарталмас абырайы бар.
Ҳәз еттиги, "ҳай-ҳайы" бар.
Ғамланбасаң "пай-пайы" бар,
Адам бүрсеңлеп болады. 
Болса сол шөбиң қысында,
Берекет бар турмысыңда.
Отырып пеш қуўысында,
Айтқан гәпиң гәп болады. 
Болмаса сол шөбиң бирақ,
Кемпир-шалларың тоңқылдап,
Келинлериң отты былғап,


124
"Бул үй емес" деп болады. 
Тартса ол шөп мәргиясы,
Нешше мәнзил қырдан асып, 
Көлиги бар алар тасып,
Көликсизге жоқ болады. 
Сениң сайма-сайлығыңа,
Табысына, айлығыңа,
Қарамас ол байлығыңа,
Ол өзинше бек болады. 
Ҳәжетиңниң бәри питкен
Шәҳри Нөкистиң кәнтинен,
Сол ғана шөптиң дәртинен
Биразлар көшпек болады. 
Сол шөпти мол жыйнамаған,
Қолын сол шөп тырнамаған,
Жазда оны ойламаған,
Қысында ермек болады. 
Күнлер аяз тартқан сайын,
Қолы жуўыспас Ибрайым.
"Сек" тәрийпин туўарайын,
Тымсалда-да шек болады .. 

Download 1.19 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   27   28   29   30   31   32   33   34   ...   61




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling