Республикалық Балалар китапханасы Хабарлаў-библиография ҳәм үлкетаныў бӛлими


Download 167.73 Kb.
Pdf ko'rish
Sana09.11.2023
Hajmi167.73 Kb.
#1758954
Bog'liq
Жумбаклар х жанылтпашлар усыныу дизими февраль



Республикалық Балалар китапханасы 
Хабарлаў-библиография ҳәм үлкетаныў бӛлими 
 
 
 
 
 
 
 
 
Қарақалпақ халық аўыз-еки дӛретпелеринен 
«Жумбақлар ҳәм жаңылтпашлар» 
Әдебиятлардың усыныў дизими 
 
 
 
 
 
 
 
 
 
 
Нӛкис-2021-ж 
 
 


Жумбақ 
Қарақалпақ аўыз әдебиятында жумбақтың орны үлкен. Ол жас 
өспиримлердиң ой-өрисин кеңейтиўге жәрдемлеседи. Дөгеректеги тәбият 
қубылысларын, ҳәрекетти, затларды билиўине, жасырын астарлы сөз бенен, 
уқсатыў, салыстырыўлар арқалы турмысты үйрениўге жәрдемлеседи.
«Жумбақ» сөзи ойлаған ойды жасырыў деген мәниске ийе. 
Жумбақты балаларда, үлкенлерде айтысады. Жумбақтың еки қатарлы гейде 
төрт қатарлы ҳәм оннан да көп қатарлары ушырайды. 
Мысалы: 
Ербегейде сербегей, 
Ҳәргиз үйге кирмегей? 
Бул не? 
Жумбақ қыз-жигит айтысларында да, жуўап-дәстүр айтысларында да актив 
қолланылған. Жумбақ қосықлардың шешимин табыў ушын, сол табылған 
шешимди қосық пенен жуўап қайтарып айтыў ушын шайырлық, шешенлик 
талап етиледи. Бул тәрепинен жумбақлар жаслардың ой-өрисин, сөз шеберлигин 
арттырады. Оларды тапқырлыққа үйретеди. 
Аўыз әдебиятының жумбақ түри бизиң заманымызда да әҳмийетин 
жоғалтқан жоқ. Ҳәзирги заман жас-өспиримлериниң ойын өсириў ушын, өнер 
билимге умтылыўы ушын, дүньяны билиў ушын жумбақлар үлкен әҳмийетке 
ийе.
Жаңылтпаш 
Жаңылтпаш қарақалпақ аўыз әдебиятының үлкен тараўы. Балалар дурыс 
сөйлеў мақсетинде жаңылтпаш айтысқан. Жаңылтпаш баланың тилин 
жатлықтырады. Сөзлерди жаңылмай айтыўға үйретеди. Жаңылтпаш аўыз 
әдебиятының басқа түрлерине қарағанда балалар репертуарлары сыпатында 
кеңнен орын алған. 
Жаңылтпашлар ҳәзирги дәўирде де халық аўзынан жыйналып, 
изертленбекте. 
Балалардың 
тилин 
жатлықтырыўда, 
ойын 
өстириўде 
жаңылтпашлар үлкен әҳмийетке ийе. 
 
Әдебиятлардың усыныў дизими 
Қарақалпақ тилиндеги әдебиятлар 
Алымов,Ә 
Қарақалпақ халық жумбақлары.-Нөкис: Қарақалпақстан,1990.-128 б. 
Әбдиев, А. 
Қызыл қошантай: Гүрриң ҳәм ертеклер; 
Заматдинов,З 
Үйретемен үкемди: 
Қосық жумбақ ҳәм жаңылтпашлар:-Нөкис: Қарақалпақстан, 1995.-48б 


Қарақалпақ халық жумбақлары.-Нөкис: Қарақалпақстан,1996.-28 б 
Хожанбаев,А 
Айнанайын. Қосықлар,жумбақлар.-Нөкис: Қарақалпақстан, 1997.-16 б 
Заматдинов,З 
Жумбақлар-жаңылтпашлар,қосықлар.-Нөкис: Қарақалпақстан,1997.-12 б 
Жүгинисов,Г 
Қара көзлер (Қосықлар, жумбақлар, жаңылтпашлар).-Нөкис: Қарақалпақстан, 
1997.-16 б 
Ábdiyev, A 
Altın balıq. (gúrrińler,ertekler, ráwiyatlar, anekdotlar, jumbaqlar.- Nókis.-
Qaraqalpaqstan, 2006.-52 b 
Jumamuratov, T 
Úy qasında sarı tal. Nókis: Bilim 2015.-16 b 
Abbazov,S 
Quslar qaytıp keledi eken.-Nókis: Bilim.-2016.-32 b 
Qayırbaev, J 
Jumbaq bizden-juwap sizden.-Nókis Qaraqalpaqstan.-2017.-120 b 
Qaraqalpaq balalar ádebiyatınıń antologiyası.-Nókis Qaraqalpaqstan, 2018.-288 b 
Qayırlı tań.-Nókis Qaraqalpaqstan.-2019.-200 b 
Ӛзбек тилиндеги әдебиятлар 
Máqulova, Barno 
Kitobim-oftobim./Sinfdan tashqari óqish kitobi.-T. Óqituvchi, 2008.-160 b 
Safarov, Oxunjon 
Ózbek xalq bolalar óyinlari.-T. Sharq, 2013.-176 b 
Mómin, Pólat 
Bolajon, Bolajonim .-T Chólpon nomidagi NMIU, 2014.-160 b 
Ózbek xalq topishmoqlari.-T Chólpon nomidagi NMIU, 2014.-160 b 
Kichkintoylar uchın bayramlar kitobi .-T Chólpon nomidagi NMIU, 2014.-160 b 
Bolalar uchın maqollar, topishmoqlar,sherlar.-T. Yurist-media markazi.-2015.-80 b 
 
Рус тилиндеги әдебиятлар 
Пронин, В.Г. 
Загадочные слова.-Ташкент: «Узбекистан», 2013.-32 с 
Пронин, В.Г. 
Угадай сказку.-Ташкент: «Узбекистан», 2013.-16 с 
Стихи, пословицы, загадки и потешки для детей.-Ташкент: Yurist-media 
markazi.-2016.-184 с 
Пак, Борис Стихи для детей. «Солнышко» /Б.Пак.-Ташкент: «Узбекистан», 
2016.-104 с 
Таярлаған: А.Нурыллаева 

Download 167.73 Kb.

Do'stlaringiz bilan baham:




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling