Бул баскышта топар басшысы таярланган материаллар бойынша хам омир тажирийбесине тийкарланып тусиник берип отти: Адамның минез қулқында миннет ҳәм ҳуждан белгили бир мораль нормалары ҳәм әдеп-икрамлылық принциплери бойынша ҳәрекет етиўдиң ишки талабы сыпатында хызмет атқарады. Жеке адамның жәмийетке социаллық қатламға, жәмәәтке, басқа адамға ҳәм өзине болған қатнастағы мораллық ўазыйпалары миннет сезиминде беккемленеди.
4-баскыш. ЖЕК ЛОНДОННЫҢ «ӨМИРГЕ МУҲАББАТ» РОМАНЫ
Тәғдир сени атса да ҳәр тәрепке,
Мына нәрсени умытпа, инсан:
Мал-дүнья деп қайғырма ҳасла,
Ол табылар, аман болса жан! Арқа Америкалы жазыўшы Жек Лондон жарлы фермер шаңарағында дүньяға келди. Жазыўшының жаслық жыллары қыйыншылықлар ҳәм ҳәдийселерге бай болды. Еле мектеп жылларында-ақ ол газета сатыў менен шуғылланады, кейинирек консервалаў фабрикасында ислейди; физикалық аўыр мийнет тез арада фабрикадан кетиўге мәжбүр етеди, енди ол устрица қарақшылығы менен шуғыллана баслайды. Лондонның шаққанлығы ҳәм батырлығы ҳүкимет мәкемелериндегилердиң дыққат-итибарын тартады. Бирақ усыныс етилген полиция агенти ҳәмели Жекке жақпайтуғын еди ҳәм сол себепли ол 1893-жылда Японияға теңизши сыпатында жол алады. Қайтып келип тағы бир неше орынларда ислейди. Лондонның биринши көркем әдебиятқа байланыслы тәжирийбелери әйне әне сол жылларға туўры келеди: ол киши гүрриңлер жаза баслайды. Ҳәм ҳәтте гүрриңлеринен бири ушын бир журналдан сыйлық алыўға да ериседи
Бул баскышта да шыгарманы окыган студентлердин алган тасирлери тынланды . Солардан 210-топар студенти Д.Бегдуллаева: Жек Лондон “Өмирге муҳаббат” гүрриңинде инсанды тәбият күшлери менен бирге бәсме-бәс түрде сүўретлейди. Инсанның гүресиўшеңлиги ҳәм үмитине пәт береди. Гүрриң қаҳарманының турмысқа болған муҳаббаты өлим үстинен жеңиске ериседи.
Топар басшысы онлайн сабак соныгда хаме студентлерге илажы барынша барлыу сабакларга улгериулери , карантин кагыйдаларына катан бойсыныулары тууралы уктырып , сабакты жуумаулады.
Топар басшысы: ___________ Р.Елмуратов
Топар хаткери: ___________ Г.Далжанова
Do'stlaringiz bilan baham: |