Saliq organlari ha`m basqa wa`kil organlardin` nizamli talaplarin orinlawi,ko`rsetilgen organlardin` ha`m olar ma`nsapdar shaxslardin` nizamli is ju`ritiwine tosqinliq qilmasliq; Eger Saliq Kodeksinde basqasha qag`iyda na`zerde tutilmag`an bolsa,saliq esabatlarinin` ha`m saliqlardi esaplap shig`ariw ha`mde to`lew ushin za`rur bolg`an basqa hu`jjetlerdin` tiyisli saliqlardi to`lew ushin belgilengen kalendar jildan 5 jil ishinde putin saqlaniwin ta`miyinleniwi; O`zi saliq boyinsha esapqa aling`an jaydag`I saliq organlarin O`zb.Res yuridikaliq shaxslardag`I ha`m shet el yuridikaliq shaxslardag`I qatnasi tuwrisinda,eger ustav fondidag`I u`lesi 10% ten artiq bolsa,xabardar etiwi sha`rt.
Saliqlardin` funkciyalari
Fiskal funk.
Axborot pn taminlew
Tartipke saliw funk.
Xoshametlew funk.
Qadag`alaw
- Салықлардың тийкарғы функциясы - фискал функция есапланып (латынша фисcус сӛзинен алынған болып, қазна деген мәнини аңлатады), бул функцияның мазмуны соннан ибарат, салықлар жәрдеминде мәмлекеттиң финанс ресурслары пайда болады ҳәмде мәмлекеттиң хызмет кӛрсетиўи ушын материаллық шәраят жаратылады. Салықлар арқалы кәрханалар ҳәм пухаралар дәраматының бир бӛлегин мәмлекет аппаратын, мәмлекетлик қорғаныўды, ӛндирислик емес тараўдың улыўма ӛз дәраматлары дерегине ийе болмаған бӛлимин (мәденият мекемелери, соннан, китапханалар, архивлер ҳәм басқалар) яки белгили дәрежеде раўажланыўын тәмийнлеў ушын ӛзиниң қаржысы жетиспейтуғын тараўларды (фундаментал орган, театрлар, музейлер, кӛплеген оқыў орынлары ҳәм басқалар) сақлап турыў мақсетинде ӛндирип алыў жолы менен мәмлекет бюджетиниң дәрамат бӛлимин қәлиплестириў салықлардың фискал функциясының ең әҳмийетли элементи есапланады.
- Базар қатнасықларының қәлиплесиўи ҳәм раўажланыўы шәраятында салықлардың екинши әҳмийетли функциясы олардың экономикадағы тәртипке салыўшылық роли есапланады, яғный мәмлекет салықлар арқалы товарлар, хызметлерди ӛндириў ҳәм сатыўдың экономикалық шәрт-шәраятын тәртипке салады ҳәм буның менен халқ хожалығы тараўларының экономикалық хызметин әмелге асырыў ушын белгили «салық орталығын» жаратады. Усы функция арқалы салық экономика тараўларына тәсир кӛрсетеди, яғный белгили тараўда ӛндирис пәтлерин хошаметлейди яки жылаўлап турады, капиталдың бир тараўдан салық орталығы ең мақул болған басқа тараўға қойылыўын күшейттиреди яки пәсейттиреди, сондай ақ халықтың тӛлеўге қабылетли талабын кеңейттиреди яки кемейттиреди.
Do'stlaringiz bilan baham: |