Тема жобасы: Электр заряды Электр зарядның сақланыў нызамы


Download 15.37 Kb.
bet3/4
Sana10.11.2023
Hajmi15.37 Kb.
#1765219
1   2   3   4
Bog'liq
электростатика тийкарлары

Егерде q зарядты пайда қылған электр майданға сынаў зарядын киритсек, оған F күш тасир етеди, оның муғдары майданды ҳәр қыйлы точкаларда Кулон нызамына тийкарланып q0 сынақ зарядына пропорционал болады. Соның ушын F/q0 қатнас q0 ға байланыслы болмай, тек сол точкадағы электр майданды характерлейди. Бул шама кернеўлилик деп аталады ҳәм ол электростатикалық майданның күш характеристикасы болып есапланады.
  • Электростатик майданның бир точкасындағы кернеўлилиги деп, усы точкаға киритилген бир бирлик оң сынаў зарядқа тасир қылған күшке муғдар тәрепинен тең болған физикалық шамаға айтылады:
  • бунда Е – электр майдан кернеўлилиги
  • Электр майдан кернеўлилигиниң бирлиги— ньютон бөлиў кулон (Н/Кл): 1 Н/Кл — сондай майдан кернеўлилиги 1 Кл точкалық зарядқа 1 Н күш пенен тасир қылады; 1 Н/Кл = 1 В/м, бунда В (вольт) — электростатикалық майдан потенциалиның өлшем бирлиги
  • (1)
  • Кернеўлилик сызықлары
  • 4 Сүўрет. Оң точкалық зарядтың (а) ҳәм терис точкалық зарядтың (b) электр майдан күш сызықлары.
  • 5 Сүўрет. Ҳәр турли белгиге ийе еки точкалық зарядтың күш сызықлары
  • 6 Сүўрет. Ҳәр турли белгили зарядланған өз-ара параллель болған еки пластинканың электр майдан күш сызықлары.
  • Күш сызықлары төмендеги қәсийетлерге ийе:
  • Электр майдан кернеўлилик векторы бағытын көрсетеди: қәлеген точкада майдан кернеўлилик күш сызықларына урынба болады;
  • Күш сызықлары сондай өткизиледи, бунда сызықлар бағытына перпендикуляр қылып жайластырылған бирлик беттен өтиўши сызықлар саны майданның усы точкасындағы кернеўлилик векторы Е ниң муғдарына пропорционал болыўы керек;
  • Күш сызықлары оң зарядтан басланып терис заряд тәрепке бағытланған болады: оң зарядқа кириўши ҳәм терис зарядтан шығыўшы күш сызықлары саны заряд муғдарына пропорционал.
1   2   3   4




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling