Тема жобасы: Электр заряды Электр зарядның сақланыў нызамы


Download 15.37 Kb.
bet1/4
Sana10.11.2023
Hajmi15.37 Kb.
#1765219
  1   2   3   4
Bog'liq
электростатика тийкарлары

  • Тема жобасы:
  • Электр заряды
  • Электр зарядның сақланыў нызамы
  • Кулон нызамы
  • Заряд тығызлығы
  • Электр майдан кернеўлилиги
  • Электр майдан кернеўлилик сызықлары
  • Электр зарядларының бар болыўының тийкарғы себеби атомлар болып есапланады.
  • Атом оң зарядланған аўыр ядро ҳәм ядро әтирапында бир ямаса бир нешше терис электронлардан ибарат. Табиий жағдайда атомдағы оң ҳәм терис зарядлар муғдарлары тең ҳәм атом электронейтрал.
  • Бирақ атом бир ямаса бир нешше электронларды жолғалтыўы ямаса қабыл етиўи мүмкин. Онда оның заряды оң ямаса терис болады, бундай атом ион деп аталады.
  • 1 Сүўрет. Атомның әпиўайы модели.
  • 1 Сүўрет. Суў молекуласының схематикалық көрниси. Бундай молекула «поляризацияланған» деп аталады, себеби онда зарядлардың бөлиниўи жүз берген.
  • Электр заряды
  • Электр заряды – бул дене бөлекшелериниң ишки қәсийетлери болып, өз-ара электромагнит тасир қәбилетин характерлейди.
  • Электр зарядның өлшем бирлиги– кулон (Кл) – ток күши 1 ампер болған өзгермес электр ток өтип атырған өткизгишдиң кесе кесиминен 1 секунд даўамында ағып өтетуғын заряд муғдары болып есапланады.
  • Элементар электр заряд е = 1,602·10–19 Кл
  • Элементар терис заряд тасыўшы – электрон. Оның массасы me = 9,11·10–31 кг. Элементар оң заряд тасыўшысы – протон. Оның массасы mр = 1,67·10–27 кг.
  • Электр зарядның фундаменьтал қәсийетлери:
  • Электр заряд инвариант – оның муғдары санақ системасына, яғный ҳәрекетде ямаса тыныш аўҳалда болыўына байланыслы емес.
  • Электр заряд дискрет – ҳәр қандай дене заряды е элементар электр зарядына пүтин есели санына тең.
  • Электр заряд аддитив – ҳәр қандай дене системасы (бөлекше) системаға кириўши денелер (бөлекшелер) зарядының жыйындысына тең.
  1   2   3   4




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling