Œзбекистон республикаси олий ва œрта


Download 1.26 Mb.
bet3/11
Sana28.10.2023
Hajmi1.26 Mb.
#1731624
1   2   3   4   5   6   7   8   9   10   11
Bog'liq
Kurs jumısındaǵı grafikalıq sızılmaları ushın úlgi

Фундаментлер имараттың жер асты бөлими болып, олар имарат аўырлығын өзине қабыл етип, оны тийкарға узатыўшы конструкция.
Дийўаллар өз ўазыйпасына ҳәм жайласыўына қарап ишки ҳәм сыртқы, бөлмени сыртқы орталық тәсиринен қорғаўшы ямаса бөлмелерди бир-биринен ажыратып турыўшы болып, бир ўақыттың өзинде олар жүк көтериўши ўазыйпасында атқарады.
Дийўаллар жүк көтерип турыўшы ҳәм өзин-өзи көтериўши болып бөлинеди.
Жүк көтериўши дийўаллар жоқарыда жайласқан конструкциялар, үскенелер, мебеллер ҳәм басқада затлардан түсетуғын аўырлықларды көтерип турады. Ишки ҳәм сыртқы дийўаллар жүк көтериўши болыўы мүмкин. Имаратларды киши-киши бөлмелерге ажыратыўшы перегородкалар жүк көтермейди. Бундай дийўаллар фундаментлерге ямаса фундамент балкасына қойылған, өзин-өзи көтерип турыўшы ҳәм колонналарға асылған аспа дийўаллар көринисинде де болыўы мүмкин.
Аспа дийўаллар ҳәр бир қабат бийиклигинде горизонтал жайласқан элементлерге таянған болады.
Дийўалларының материалларына қарап тас дийўаллы, ағаш дийўаллы имаратлар болыўы мүмкин. Көринисине ҳәм үлкен кишилигине қарап, майда элементлерден (гербиш, керамик блок, майда блок) ҳәм ири элементлерден (ири блоклар, панеллер, көлемли блок ҳ.т.б.) қурылған имаратлар болыўы мүмкин
Қурылыс технологиясына қарап имаратлар: таяр бетон конструкциялардан жыйналған имаратлар, завода таярланған индустриал конструкциялардан монтажланған имаратлар, гербиштен, майда блок ҳәм майда элементлерден қурылатуғын имаратлар түрлерине бөлинеди.
Қабатлар аралық бастырмалар имараттың ишки орталығын қабатларға бөледи ҳәм колонналарға арнаўлы беккемленген ригел ямаса прогон деп аталыўшы балкалар үстине жатқарылады, айрым жағдайларда тиккелей колоннаға беккемленеди.
Қабатлар аралық бастырмалар удайы ҳәм ўақтыншалық жүклерди көтериў менен бирге дийўалларды өз-ара байланыстырады, олардың турақлылығын тәмийенлейди ҳәм имараттың кеңисликтеги қаттылығын асырады. Қабатлар аралық бастырмалар имаратта жайласыў орнына қарап қабатлар аралық бастырмалар (имаратларды қабатларға ажыратады), жер төле үстиңги қабатлар аралық бастырмасы (биринши қабатты жер төледен ажыратып турады) ҳәм шердак қабатлар аралық бастырмаға (жоқары қабатты шердактен ажыратады) бөлинеди.

Download 1.26 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   2   3   4   5   6   7   8   9   10   11




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling