Œзбекистон республикаси олий ва œрта


Download 1.26 Mb.
bet1/11
Sana28.10.2023
Hajmi1.26 Mb.
#1731624
  1   2   3   4   5   6   7   8   9   10   11
Bog'liq
Kurs jumısındaǵı grafikalıq sızılmaları ushın úlgi



ӨЗБЕКСТАН РЕСПУБЛИКАСЫ ЖОҚАРЫ ҲӘМ ОРТА АРНАЎЛЫ БИЛИМЛЕНДИРИЎ МИНИСТРЛИГИ
БЕРДАҚ АТЫНДАҒЫ ҚАРАҚАЛПАҚ МӘМЛЕКЕТЛИК УНИВЕРСИТЕТИ
ҚУРЫЛЫС КАФЕДРАСЫ


Т.Узақов, Н.Сайымбетова
«Архитектура»
пәнинен курс жумысын орынлаў ушын методикалық қолланба

Нөкис-2012
Бул методикалық қолланба Архитектура ҳәм қурылыс бағдарларында тәлим алып атырған бакалаврлар ушын «Архитектура» пәнинен майда өлшемли элементлерден қуралған кем қабатлы турақ жайларды жойбарлаўға арналған.
Өзбекстан республикасы жоқары ҳәм орта арнаўлы билмлендириў министрлиги тәрепинен тастыйықланған 5340200 «Имаратлар ҳәм иншаатлар қурылысы», 5140900 Кәсиплик тәлим (5340200 Имаратлар ҳәм иншаатлар қурылысы), 5580400 Инженерлик коммуникациялар қурылысы, 5340300 Қала қурылысы ҳәм хожалығы бакалавр бағдарларының үлги бағдарламасы тийкарында дүзилген.

Дүзген: т.и.к.Т.Узақов, Н.Сайымбетова


Пикир билдирген: Қарақалпақстан республикасы Архитектура ҳәм қурылыс комитети баслығы, Ш. Қосшанов:
Бердақ атындағы ҚМУ «Архитектура» кафедрасы баслығы:
доц. Р.Ешниязов

Методикалық қолланба Қарақалпақ мәмлекетлик университети Оқыў–методикалық кеңеси тәрепинен тастыйқланды ҳәм баспаға рухсат етилди __ санлы қарары, «___»_______________2012 ж.




КИРИСИЎ

Өзбекстан Республикасы ғәрезсизликке ерискеннен кейин архитектура ҳәм қурылыс тараўында жүдә үлкен өзгерислер жүзеге келди.


Ғәрезсизлигимиздиң жемислери болған өзлигимизди аңлаў, әзелий қәдириятларымызды тиклеў, мәнәўиятымыз тийкарларын түсинип жетиў процесслеринде уллы бабаларымыз, уламалар, саркардаларымыздың теберик атларының тиклениўи, оларға арнап орнатылған естеликлер, зияратлаў комплекслери, майданлар ҳәм басқа да қурылыс жумыслары үлкен әҳмийетке ийе болып – белгили бир дәрежеде көргизбели қолланба ролин орынлады ҳәм орынлап келмекте.
«Архитектура» - пәни имарат ҳәм иншаатлардың, архитектуралық қурылыс жойбарының тийкарлары, конструктив бөлимлери, элементлери, архитектура композицияларын таңлаў ҳәм қабыллаў, архитектуралық жойбарлардың физика-техникалық тийкарлары, қала қурылысы, турақ жай, жәмийетлик ҳәм өндирис имаратлары комплекслерин көлемли жобаластырыў, композиция ҳәм конструктив шешимлерин, имарат ҳәм иншаатларды сақлаў ҳәм олардан пайдаланыў, архитектура естеликлерин қайта ислеў, бина ҳәм имарат элементлериниң макетлерин ислеўден ибарат.
Архитектура пәнинде жәмийеттиң материаллық ҳәм руўхый мүтәжликлерин қандырыў ушын адамлар тәрепинен қурылған барлық қурылмалар иншаатлар делинеди.
Адамлардың қәлеген бир жумыс хызмети ушын арналған ҳәм масластырылған, ишки кеңисликке, бослыққа ийе болған жердиң үстиңги бөлими имарат деп аталады.
Пухаралық имаратларға адамлардың күнделикли жеке ҳәм жәмәәтшилик мүтәжликлерине арналған имаратлар киреди. Булар турақ жай имаратлары (жасаў ушын қурылған үйлер ҳәм т.б.).
Имаратлардың ишки орталығын айрықша бөлмелерге ажыратыўға болады: асхана, уйқылаў бөлмеси, санитар бөлмелери, коридорлар ҳ.т.б.
Ҳәр қандай имаратты жойбарлап қурғанымызда төмендеги тийкарғы талапларға жуўап бериўи керек:
-ўазыйпасы бойынша имарат қайсы процесске, мақсетке арналған болса, усы процесс талабына толық жуўап бериўи тийис. Мысалы: жасаў ушын қолайлы, дем алыўға арналған, мийнет ислеўге қолайлы ҳ.т.б.
-техникалық тәрептен, имарт адамларды сыртқы тәсирлерден: төмен ямаса жоқары температура, жаўын-шашын, самаллардан толық қорғаўы, беккем ҳәм турақлы болыўы, узақ жыл даўамында сақланыўы керек;
-имарат көринисиндеги архитектуралық ҳәм көркемлик талапларына сәйкес ҳалда таңланыўы, оның сыртқы (экстрьер) ҳәм ишки (интерьер) көриниси сулыў, қолайлы, дөгерек-әтирап пенен уйғынласқан болыўы керек;
-экономикалық жақтан қолайлығы, имарат ҳәм иншаатлар қурылысында мийнет жумсалыўын кемейтиў, қурылыс материаллары ҳәм ўақытты тежеў нәзерде тутылған;
Бул «методикалық қолланба» студентлерге кем қабатлы турақ жай имаратларын майда өлшемли элементлерден архитектуралық ҳәм конструктив жойбарлаў ушын курс жумысын орынлаўда жәрдем көрсетиў мақсетинде жазылды. Курс жумысы ҚМҚ 2.08.01-94 «Турар – жой имаратлари» тийкарында 21.501.-93 Өз.РСТ «Архитектура – қурылыс ис сызылмаларын таярлаў қағыйдалары»на муўапық жазылды.



Download 1.26 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
  1   2   3   4   5   6   7   8   9   10   11




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling