Œзбекистон республикаси олий ва œрта
Download 1.26 Mb.
|
Kurs jumısındaǵı grafikalıq sızılmaları ushın úlgi
- Bu sahifa navigatsiya:
- Имарат планын жойбарлаў
Жойбар эскизин сызыў
Курс жумысын ислеп шығыўда жойбар эскизи үлкен әҳмийетке ийе, себеби өз ўақтында қәтени дүзетиўге, анық емес бөлими ҳәм түсинбеўшиликлерди қара эскизде дүзетиўге имкәният жаратылады, жойбарға қурамалы қайта ислеў өзгертиўлер киргизиўдиң алды алынады. Жойбарды қураўшы сызылмалар бир-биринен ажыратылған ҳалда орынланыўы керек. Қабатлар планы, қырқым, фасад ҳәм айрым конструктив түйинлер эскизи сызылыўы тийис. Имарат планын жойбарлаў Планның жойбар эскизин ислеў тапсырмаға сәйкес түрде ҚМҚ 2.08.01-94 «Турар-жой имаратлари» талаплары менен танысыўдан баслаў керек. Берилген план схемасына сәйкес түрде дәслепки үстиртин режелеўди орынлаў шәрт. Буларды әмелге асырыў мақсетинде төмендеги мағлыўматларға сүйенемиз. Бөлме ени оның ўазыйпасына муўапық белгиленеди. Жасаў бөлмелери ени 2,4 м ден кем болмаўы керек. Бөлмениң узынлығы (терезеден ишки дийўалға шекем болған аралық болса, күндизги жақтылық талабынан аралық бастырма ҳәм бастырма қурылмаларына байланыслы болып, әмелде 4,8+6,6 м ди қураўы мүмкин. Бөлме узынлығының қатнасы 1:1,5 ҳәм 1:1,2 аралығында болса жақсы қатнас есапланады. Турақ жай имаратының ени 10-15 метр қабыл етиледи. Тапсырмаға тийкарланып, ишки жүк көтериў дийўаллары бойлама, кесе ямаса типлескен тәризде жойбарланады. Планда жүк көтериўши, өз-өзин көтериўши тийкарғы дийўаллар, ҳәм де перегородкалар имараттың беккемлилигин ҳәм кеңисликтеги турғынлығын тәмийенлеўи керек. Имарат планы эскизин ислеп шығарыў ушын сыртқы ҳәм ишки дийўаллар ҳәм де перегородкалар қалыңлығын анықлап алыўымыз керек. Сыртқы дийўал қалыңлығы қысқы, зәрүрли жағдайларда болса жазғы шараят ушын теплофизикалық есаплаўлар бойынша анықланады. Ишки тийкарғы дийўал қалыңлығын конструктивлик жақтан, аралық бастырма қурылмаларының орнатылыўын, самаллатыў каналларының жайласыўын есапқа алған ҳалда қабылланады. Сызылмада конструктив элементлерди координациялаў көшерлери менен байланыстырыў қағыйдасына бойсыныў керек. Кесе ҳәм бойлама жүк көтериўши дийўаллы имаратларда ишки дийўалдың геометриялық көшери координациялаў көшери менен бирлестириледи. Гербиш ҳәм майда блоклы ямаса тас дийўаллы имаратларда сыртқы жүк көтериўши дийўалға плиталар жатқарылатуғын болса, жойбар көшеринен «200 мм» аралықта, яғный тийкарғы модуль М=100 мм ге бөлинетуғын етип жайластырылады. Ишки ҳәм сыртқы дийўал өзин-өзи көтериўши болса жойбар көшери менен бирлестириледи. Имаратта жойбар көшери штрих-пунктир сызық пенен сызылады ҳәм араб цифрлары ямаса латын әлипбесиниң бас ҳәриплери (Z, I, O, H ҳәриплеринен басқа) диаметри 6-12 мм ли дөңгелек етип белгиленеди. Жойбарды айрықша басқышларға бөлип сызамыз: Жойбар эскизине муўапық сыртқы ҳәм ишки дийўаллардың координация көшери сызықлары өткериледи. Вертикал көшерлери 1,2,3,4 ҳәм 5 цифрлар менен белгилеп алыў ушын көшерлерге белгилер қойылып шығылады. Дийўал ҳәм перегородкалар қалыңлықлары сызылып шығылады. Есик, терезе орынлары, санитария техникалық үскенелери ҳәм т.б. элементлери сызылады ҳәм қырқымдағы көтериўши дийўаллардың тийкарғы тутасыў сызығы үстинен қатлам жүргизип шығылады. Керекли өлшем сызықлары ҳәм өлшемлери қойылып, есиклердиң ашылыў белгилери шәртли түрде көрсетиледи.
Қырқым Қырқым имарат бөлимлериниң конструкцияларын ҳәм оның бийиклик өлшемлери ҳаққында түсиник береди. Жумысшы сызылмаларды ислеп шығыў басқышында имараттың конструктивлик қырқымы орынланып, контруктив элементлер ҳәм олардың өз-ара биригиўи көрсетиледи. Кесим тегисликлерин жайластырғанымызда, қырқымда терезе, есик орынлары, конструктивлик жақтан қурамалы имарат бөлимлери сүўретленеди. Бойлама қырқым тегислиги имарат ортасына жақын жерден өткени мақул. Қырқым сызығы жойбарда қай жерден өткенлигине қарамастан бастырманың көриниси үстиңги қырына жақын жерден көрсетиледи. Себеби, бунда бастырма қурылмасы анық көрсетиледи. Қырқымды ислеп шығыўда төмендегилерди анықлаў керек: бөлме ҳәм оның элементлериниң тийкарғы вертикал өлшемлери, қабат бийиклиги, биринши ҳәм екинши қабат полы, терезе асты, терезе ҳәм есик орынлары, қабатлар аралық бастырма, там бастырмасы ҳәм басқаларының бийикликлери; сыртқы ҳәм ишки дийўаллар, фундаментлер конструкциялары, материалы ҳәм орнатылыў тереңлиги, ҳәмде фундаменттиң дийўал ҳәм биринши қабат полы менен биригиў орынлары; аралық бастырмалардың дийўалға орнатылыўы хәм олардың самаллатыў каналлары ҳәм морылар менен тутасыўы; текше қурылмалары, текше майданшалары ҳәм кириў текшесиниң қәдди; есик ҳәм терезелер үсти конструкциялары.
Қырқым сызыўда тийкарғы жумыс дийўаллар көшерлерин сызыўдан басланады. Дийўаллар жиңишке сызықлар менен дийўалларды жойбар көшерине байланыстырыў қағыйдасы тийкарында жайластырылады, соңынан биринши қабат полының қәдди белгиленгенде (мәниси +0,000), цокол текшеси бийиклиги, ҳәм де қабатлар аралық текше майданшасы астында кириў есигин есапқа алған ҳалда бөлмелер ҳәм қабатлар аралық бастырмалардың бийиклиги белгиленеди. Бастырмада ыссылық изоляциясы қатламының материалы көрсетиледи, оның қалыңлығын есаплап ямаса 4-кестеден қабыл етип алыўымыз мүмкин. Төбе бастырмасының қыялығы, ҳәмде қырқымға түсетуғын моры ҳәм самаллатыў трубалары сызылады.
Чердак аралық бастырмасынан дийўалдың көтерилиў бийиклиги 400-500 мм етип қабыл етиледи. Бастырма қыялығының суў өткермейтуғын қатламының материалына сәйкес түрде қабыл етиледи (5-кесте). Ишки ҳәм сыртқы дийўалларда ҳәм перегородкаларларда терезе ҳәм есик орынлары көрсетиледи, кесим тегисликлеринде жайласқан көринетуғын есик орынлары ҳәм басқа элементлер белгилеп қойылады. Соң нол қәддинен сыртқы ҳәм ишки төменде жайласқан имарат бөлимлери: дийўал әтирапындағы төсеме (отмостка), коридордан шығыў майданшалары, қабыл етилген фундамент сызып қойылады. Фундаменттиң майданы, ени конструктив қабыл етиледи (0,8+1,2 м аралығында). Лента тәризли фундамент дийўал қалыңлығы ҳәм цокол бөлиминиң дийўал қалыңлығынан 50 + 100 мм зыят етип қабылланады. Турақ-жай имаратында цокол бийиклигин 400-600 мм секцияли имаратларда болса 900-1050 мм (6-текше бийиклигин ҳәм кириў майданшасы бийиклигин) қабыллаймыз. Фундаменттиң орнатылыў тереңлиги жердиң музлаў тереңлигинен кем болмаўы тийис ҳәм ҚМҚ 2.01.01-94 арқалы белгиленеди. Дийўал әтирапындағы төсеме ени 0,75 м ден кем болмаўы, 20 см енлирек болыўы керек. Қалыңлығы цокол қасында 150-200 мм, қыялығы 3% ке жақын. өлшем ҳәм шығарыў өлшемлери жүргизиледи, жойбар көшерлери ҳәм дөңгелеклер ҳәм бийиклик (қәдди) белгилери қойылады. Қырқымның сыртқы тәрепи 12-15 мм аралықтан өлшем сызықлары өткизиледи, терезе орынлары ҳәм олар арсындағы аралықлар, цокол, сыртқы есик орнының өлшемлери көрсетиледи. Өлшем шынжырынан 10-15 мм аралықта жер қәдди ҳәм дийўал төбеси қәдди көрсетиледи. Қырқымның ишки тәрепинде болса қабатлардың есиги ҳәм терезе орынларының ҳәм текше майданшасы бийиклигиниң мәнислери қойылады. Чердаклы бастырмада ыссылық изоляциясы қатламы материалы ҳәм усынылған қалыңлығы алынады. Download 1.26 Mb. Do'stlaringiz bilan baham: |
Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling
ma'muriyatiga murojaat qiling