Œзбекистон республикаси олий ва œрта


Курс жумысын орынлаў тәртиби


Download 1.26 Mb.
bet9/11
Sana28.10.2023
Hajmi1.26 Mb.
#1731624
1   2   3   4   5   6   7   8   9   10   11
Bog'liq
Kurs jumısındaǵı grafikalıq sızılmaları ushın úlgi

Курс жумысын орынлаў тәртиби



    1. Тапсырманы үйрениў

Курс жумысын орынлаў ушын берилген тапсырманы итибар менен үйрениў керек:
Жойбар көшерлерин белгилеўде шрифт өлшемлери өлшем цифрларынан 1,5 – 2 мәрте үлкен болыўы керек. Жойбар көшерлерин цифрлы ҳәм ҳәрипли белгилеў жойбарда шептен оңға ҳәм төменги тәрептен басланады. Жойбар көшерлери имарат режесинде шеп ҳәм оң тәрептен белгиленеди. Жойбарда координация көшерлери қарама-қарсы тәрепке сәйкес келмеген ҳалларда көшерлери жоқары ҳәм оң тәрептенде белгиленеди.
Дийўалларда ҳәм перегородкаларда терезе ҳәм есик орынлары көрсетиледи. Терезе орынларын белгилеў бөлмеден қолай пайдаланыўға имканият жарататуғын болыўы керек. Соның ушында есиктиң ашылыў бағдары жобада жиңишке сызық пенен көрсетиледи. Есиктеги қыялық мүйеши дийўал тегислигине салыстырғанда 30о етип қабыл етиледи.
Есик орынлары жарты болыўыда мүмкин. Бир имаратта 2-3 терезе түри жақтылықты есапқа алған ҳалда таңланыўы ҳәм қолланылыўы тийис. Сыртқы есик ҳәм терезелер имараттың алдыңғы тәрепинде белгили тәртипте жайласса мақсетке муўапық (симметриялы, ритмик ҳ.т.б.). Есик ҳәм терезе түрлери, өлшемлери стандартлардан қабыл етиледи (1-қосымша).
Сыртқы есик ҳәм терезе маркалары дийўалдың сыртқы тәрепинен жазып қойылады. Дийўал ҳәм перегородка аралықларындағы есиклер маркасы усы аралықлардың өзинде белгиленеди. Дийўалда қалдырылатуғын аралықлар қолланылатуғын материаллар өлшемине есели болыўы керек (гербиш, керамика, тас, жеңил бетонлы блок ҳ.т.б.).
Текше бөлиминиң шешими есаплаў тийкарында шешиледи, буның ушын қабат бийиклиги ҳәм текше енин билиў керек. Бир қабатының бийиклиги қурылыстың ықлым районына байланыслы ҳалда ҚМҚ 2.08.01-94. «Турар-жой имаратлари» жойбарлаў нормасында белгилеп қойылған. Текше ени турақ-жай имаратлары ушын типлестирилген болып, 1050, 1150 мм ди қурайды. Текше майданының ени есиклериниң қолайлы жайласыўын есапқа алған ҳалда, бирақ 1,2 м ден кең етип алынады. Имарат қабатының бийиклиги текше майданшасы, текше енин белгилеп ҳәм марш өшемлерин белгилеп (150х300 мм, қыялық1:2), оның узынлығы ҳәм ени анықланады. Текше бөлиминиң ени еки текше ени ҳәм олар аралығындағы қалдырылған 100 ямаса 200 мм қосындысынан қуралады. Текшелер саны пағаналар санынан бирге кем етип қабылланады. Текше бөлимин жойбарлағанымызда маршларға бөлиўди имарат қырқымы менен байланыстырыў да дурыс сызылыўы керек. Биринши қабат жойбарындағы цокол текшеси толық көрсетилип, биринши қабаттан екинши қабатқа көтерилиў текшеси болса қырқып сүўретленеди. Екинши қабат жойбарындағы текшелер толық қабаттан-қабатқа шекем көтерилиў бағдары стрелка жәрдеминде көрсетиледи.
Жойбар сызылмасында төмендеги өлшемлер көрсетиледи:

  • Терезелер аралықлары, есик ҳәм есик орынлары ҳәм басқа элементлер;

  • Жойбар көшерлери арасындағы аралықлар;

  • Шетки дийўаллар көшерлери арасындағы аралық.

Биринши өшем сызығын 12-16 мм аралықта, сызылманы оқыўда қыйыншылық туўдырмайтуғын ҳалда өткериледи. Имарат жойбары ишинде бөлме өлшемлериниң бағдары бойынша, перегородка қалыңлығы, есик орны ҳәм басқа конструктив элементлердиң өлшемлери көрсетилиўи шәрт. Жойбарда бөлмелер майданы 0,01 м2 анықлыкта жазып қойылады. Майданды көрсетиўши цифрлар бөлмениң төменги оң мүйешине бөлек жазылады. Бул цифрлар өлшемлерине салыстырғанда үлкенирек шрифтлер менен жазылады. Турақ-жай имаратлары жойбарында бөлмелер атамалары көрсетилмеседе болады.
Жойбар пол қәдди көрсетилген ҳалда, қабатлар саны ямаса басқа кесиўши тегисликлер белгиси менен аталады.
Мысалы: «0,000 қәддиндеги план», «2-қабат планы».
Жойбарда қырқыў ушын кесиўши тегисликлер жағдайы, көриў бағдары стрелка жәрдеминде көрсетиледи. Қырқым араб цифрлары қатар саны бойынша аталады, ҳәмде алфавит бас ҳәриплери менен қырқым белгилениўи мүмкин. Мысалы: «Қырқым 1-1», «Қырқым А-А».
Жоқарыда көрсетилген дәслепки мағлыўматлар ҳәм талапларға тийкарланып «2 қабатлы 8 квартиралы 1 ҳәм 4 бөлмели турақ-жай имараты» жойбарын айрықша басқышларда сызып көремиз.
Дәслеп берилген схеманың ҚМҚ 2.08.01-94 «Турар жой иморатлари»на сәйкес келиўи көрилип шығылады. ҚМҚға тийкарланып:

  • берилген квартира ямаса бөлмелер санына сәйкес түрде, келтирилген жойбар схемасын талқылаў;

  • тапсырмада берилген тийкарғы конструктив элементлер менен танысып шығыў, олардың өзине тән тәреплерин анықлаў;

  • сыртқы ҳаўа есаплы температурасы, қурылыс орнының ығаллық зонасы, топырақтың музлаў тереңлигин анықлаў.

Есаплы температура шама менен сыртқы ҳаўаның ең суўық бес күнлик ҳәм ең суўық күн-түни ушын тәмийнленгенлиги 0,92 болған орташа температурасы қабыл етиледи. Бул мағлыўматлар ҚМҚ 2.01.01-94. «Лойиҳалаш учун иқлимий ва физикавий-геологик» мағлыўматлар кестесинен белгиленген қурылыс районына тийисли алынады. Қурылыс районының ығаллық зонасы ҚМҚ 2.01.04-97 «Қурилиш техникаси»нан анықланады. Топырақтың музлаў тереңлиги ҚМҚ 2.01.01-94 бойынша анықланады. Жойбарлаўдың дәслепки мағлыўматларын үйренген студент имарат жойбарының эскизин таярлаўға кириседи.



Download 1.26 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   2   3   4   5   6   7   8   9   10   11




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling