Œзбекистон республикаси олий ва œрта


Download 1.26 Mb.
bet4/11
Sana28.10.2023
Hajmi1.26 Mb.
#1731624
1   2   3   4   5   6   7   8   9   10   11
Bog'liq
Kurs jumısındaǵı grafikalıq sızılmaları ushın úlgi

Төбе бастырмалары имарат ҳәм оның конструкцияларын атмосфера жаўын-шашын тәсиринен сақлаўшы конструктив элемент. Олар бастырмаларды жабыў ушын қолланылатуғын материал ҳәм оны көтерип турыўшы конструкциялардан ибарат болады. Бастырмалар конструктив дүзилиси жағынан шердаклы ҳәм шердаксыз түрлерине бөлинеди.
Шердак имараттың жоқарғы қабаты бастырмасы менен төбе бастырмасы арасында жайласқан орталықтан ибарат. Шердаксыз бастырмада имараттың жоқарғы қабатының бастырмасы менен бастырма бирлескен болады. Бастырмалар қыя ҳәм бир тегис болыўы мүмкин. Тегис бастырмалардан дем алыў майданы сыпатында ҳәм басқа мақсетлерде қолланыўға болады.
Текшелер (қабатлар аралық) имарат қабатларын өз-ара байланыстырады ҳәм адамларды имараттан эвакуация етиў жолының ўазыпасын атқарады. Текшелер жайласқан майданға текше бөлими деп аталады. Текшелер еки конструктив элемент - текшениң еки майданшасы ҳәм олар арасындағы қыя жайласқан марштан ибарат. Текше маршында ҳәрекет қәўипсизлигин тәмийенлеў ушын перила орнатылады.
Терезелер бөлмелерге жақтылық, қуяш нурының түсиўи ҳәм де бөлмелерди самаллатыў ушын хызмет етеди.
Есиклер бөлмелерди бир-бири менен байланыстырады, сондай-ақ имаратқа кириў ҳәм шығыў жолы болып есапланады. Олар дийўалдағы ямаса перегородкадағы есик орны ҳәм есик блогынан ибарат. Турақ-жай имаратларында булардан басқа констурктив элементлер, яғный коридор, есик үсти карнизи ҳәм басқалар болыўы мүмкин.
Эксплуатация ҳәм санитария-гигиена шәртлерин тәмийенлеў ушын имаратлар, санитария-техника ҳәм инженерлик қурылмалары менен үскенеленеди. Буларға ысытыў системалары, ыссы ҳәм суўық суў тәмийнаты, вентиляция, канализация, тасланды шығарыў, газлестириў, электр энергиясы менен тәмийнлеў, телефонластырыў ҳәм басқалар киреди.

Курс жумысы қурамы:

Сызылмалар – саны 2-3 бет А-2 форматында;.


Түсиндирме хаты көлеми 12-15 бет.

Сызылмалар:


  1. Қабатлар режелери (биринши ҳәм екинши қабат ушын), 1:100 масштабта;

  2. Имараттың текше бойынша қырқымы, 1:50, 1:100 масштабта;

  3. Имараттың бас фасады, 1:100 масштабта;

  4. Фундаменттиң жайласыў схемасы, 1:100. 1:200 масштабта;

  5. Қабатлар аралық ҳәм бастырмалардың жайласыў схемасы, 1:100, 1:200 масштабта;

  6. Төбе бастырмасы (кровля) режеси, 1:200, (1:500) масштабта.

  7. Стропила режеси, 1:100, 1:200 масштабта.

  8. Конструктив бирикпелер 4-5 (түйин-узел) масштабы 1:5, 1:10, 1:20.

Download 1.26 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   2   3   4   5   6   7   8   9   10   11




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling