Œзбекистон республикаси олий ва œрта


Download 1.26 Mb.
bet5/11
Sana28.10.2023
Hajmi1.26 Mb.
#1731624
1   2   3   4   5   6   7   8   9   10   11
Bog'liq
Kurs jumısındaǵı grafikalıq sızılmaları ushın úlgi

Түсиндирме хаты:


  1. Кирисиў;

  2. Дәслепки мағлыўматлар;

  3. Функционал процесс;

  4. Имараттың көлемли-планлы шешими;

  5. Имараттың конструктив шешими;

  6. Сыртқы ҳәм ишки пардозлаў;

  7. Жойбардың техника-экономикалық көрсеткишлери;

  8. Пайдаланылған әдебиятлар.



Шәртли белгилер:
Қурылыс конструкциялары ҳәм олардың элементлериниң шәртли графикалық мағлыўматлары 21.501-93 Ўз.РСТ «Архитектура – қурилиш ишчи чизмаларини тайёрлаш қоидалари»на тийкарланып мәжбүрий әмелге асырылады.
Шәртли белгилер жойбарлаў мийнетин кемейтеди, сызылманың оқылыўын аңсатластырады.
Жойбарлаўшы ҳәм жойбарды үйрениўши ушын қолайлылықлар жаратылады, нәтийжелилик артады.


Теориялық бөлим
ҚМҚ 2.08.01-94 «Турар жой иморатлари». Турақ-жай имаратларына қойылған улыўма талаплар, олардың тийкарғы элементлерине қойылатуғын талаплар, инженерлик үскенелери норма ҳәм қағыйдаларын өз ишине алады.
Улыўма талапларда сиз санитариа-гигиеналық талапларды, жақтыландырыў ҳәм инсоляция, қабатлар саны, отқа шыдамлылық дәрежеси, эвакуация жоллары, бийиклиги 10 қабат ҳәм оннан артық имаратларға қойылатуғын қосымша талаплар, адам жасамайтуғын қабатлар, лифтлер, шығындыларды шығарыў қурылмалары ҳаққындағы мағлыўматларға ийе боласыз.
Мысал ушын бизиң ықлым шәраятымызда қабатлар бийиклиги полдан полға шекем 3 м ден зыят, полдан шифтге шекем 2,7 м ден кем болмаўы тийис.
Квартиралардың жасаў бөлмелери, асханларда, уйқылаў бөлмелеринде жақтылық түсетуғын орынлардың майданы усы бөлмелердиң пол майданының + қатнасынан кем болмаўы керек.
Бөлмелер тәбийий жақтылық пенен жақтыландырылғанда самаллатыў ушын фрамуга ямаса форточка менен тәмийенленген болыўы керек.
Текшелер барлық қабатларда сыртқы дийўалға қойылған терезелер арқалы жақтыландырылады. Балкон ҳәм лоджияларға терезелер салыўға улыўма рухсат етилмейди.
Имаратқа кириўдеги бөлме полының қәдди тратуар қәддинен кеминде 0,15 м бийик болыўы керек.
Турақ-жай имаратларының тийкарғы элементлерине қойылатуғын талаплар төмендегилерди өз ишине алады:
Жасаў имаратларының квартираларын оларда бир шаңарақты жайластырыў шәртинен келип шыққан ҳалда жойбарлаў керек.
-Квартира қурамы төмендегилерден ибарат: асхана, коридор, ванна, душ, ҳәжетхана, жасаў ҳәм қосымша бөлмелер, склад, жазғы бөлмелер (балкон, лоджия).
Квартира түри, өлшеми, бөлмелер саны 1-кесте тийкарында қабылланады.
Бир ямаса еки бөлмели квартираларда бирлестирилген сантүйинлер қурылысы рухсат етиледи. Ҳәжетхана, ванна ҳәм бирлестирилген сантүйинлердиң есиклери сыртқа қарап ашылып турыўы керек.
Квартираларда қосымша бөлмелердиң ени: коридор – 1,4 м, асхана – 1,9-2,3 м, квартира ишиндеги кириў жолы – 0,9-1,1 м, ҳәжетхана – 0,8 м ден киши болмаўы керек.
Жасаў бөлмелериниң ени – 2,4 м ден кем болмаўы керек. Инженерлик үскенелери өз ишине суў менен тәмийенлеў ҳәм канализация, ысытыў, самаллатыў ҳәм жасалма ықлымды пайда етиў, электротехника қурылмаларына болған норма ҳәм қағыйдаларды белгилеп береди. Көп квартиралы жасаў имаратына кириўде кодлы қулып орнатылыўы керек.
1 – кесте

Бөлмелердиң қурамы

Квартира (блок-квартира)лардын түрлери төмендеги бөлмелер саны ҳәм майданының ең киши өлшеми, м2.

1

2

3

4

5

6

1

2

3

4

5

6

7

Жасаў бөлмелери:
Улыўма бөлме

20

16

16


16

18

18


Ата-аналардың уйқылаў бөлмеси

-


14


14


14

14


14


Бир адамға арналған уйқылаў бөлмеси

-


-

10


10


10х2


10х2


Еки адамға арналған уйқылаў бөлмеси

-


-


-


12


12


12х2


Жасаў ушын жарамлы майданның ең киши өлшеми

20



30


40


52


64


76


Download 1.26 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   2   3   4   5   6   7   8   9   10   11




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling