Œзбекистон республикаси олий ва œрта


Download 1.26 Mb.
bet2/11
Sana28.10.2023
Hajmi1.26 Mb.
#1731624
1   2   3   4   5   6   7   8   9   10   11
Bog'liq
Kurs jumısındaǵı grafikalıq sızılmaları ushın úlgi

Курс жумысының ўазыйпасы


Курс жумысының тийкарғы мақсети жойбарлаў мәселелерин шешиў, архитектура – қурылыс жумысшы сызылмаларын таярлаў қағыйдалары, материалларды графикалық көрсетиў, түсиндирме хатын таярлаў, қабылланған шешимди техника-экономикалық жақтан тереңирек баҳалаўды үйрениўден ибарат. Студент өз бетинше жойбарлаў процессинде техникалық әдебиятлар, белгиленген норма ҳәм қағыйдалар, өз бетинше ислеўде алынған билимлерин тәжрийбеде қолланыўды курс жумысын орынлаў барысында үйренеди.
Курс жумысын өз бетинше орынлаў студентлердиң теориялық билимлерин тереңлестириўге ҳәм беккемлеўге имканият жаратады.

Курс жумысына қойылатуғын улыўма талаплар ҳәм дәслепки мағлыўматлар


Курс жумысын орынлаў ушын дәслепки мағлыўматлар, жойбараў тапсырмасы оқытыўшы тәрепинен вариант түринде бериледи. Тапсырмада жойбарланатуғын турақ жай имаратындағы квартиралар саны, түри, жүк көтериўши дийўал материалы, фундамент, бастырмалар, қурылыс орны ҳаққында мағлыўматлар келтириледи.
Тапсырмада план схемасы көрсетиледи.
План схемада қабатлар, қабатларда квартира ямаса бөлмелердиң жайластырылыўы ҳәм олардың өлшемлери ҳаққында улыўма түсиниклер бериледи.
Планды толық ислеп шығыў ҳәм өлшемлерин нормаластырыўды студент өз бетинше орынлайды. Сәйкес түрде фасад, қырқым архитектуралық ҳәм конструктив шешимлери белгиленеди. Тапсырмада көрсетилмеген элемент ямаса конструкциялар студент тәрепинен еркин қабылланады.
Пландағы конструктив өлшемлерин белгилеўде ҳәм қабыллаўда арнаўлы техникалық әдебиятлардан, сабақлықлардан, оқыў қолланбаларынан, норма ҳәм қағыйдалардан, каталоглардан, стандартлардан, типлестирилген жойбар ҳәм бөлимлер альбомынан пайдаланыў мақсетке муўапық.
Координациялаў көшерлери жеке модуль системасына муўапық таңланады. Прогрессив жергиликли пардозлаў материаллары ҳәм завод шараятында таярланатуғын архитектуралық буйымлары кең көлемде қоланылыўы тийис.
Жойбарланатуғын турақ жай имаратының қала қурылысында жайласыўын әмелге асырыў мақсетинде секциялар «Шегараланған ориентация» ямаса «Айрым жерлери шегараланған ориентация»да жойбарланыўы тийис.
Турақ жай имаратлары жердиң үстиңги ҳәм астыңғы бөлимлери, имараттың тийкарғы конструктив элементлери фундаментлер, дийўаллар, қабатлар аралық бастырмалар, айрықша таянышлар, бастырмалар, терезелер, есиклер, текшелер ҳәм ишки перегородкалардан ибарат. Биринши қабатының полы қәддиннен төменде жайласқан конструктив элементлер-фундамент, жер төлелер техникалық мақсетлерге мөлшерленген жер төле дийўаллары имараттың астыңғы бөлими саналады. Биринши қабаттың полы қәддинен жоқарыда жайласқан конструктив элементлер имараттың үстиңги бөлимин қурайды.

Download 1.26 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   2   3   4   5   6   7   8   9   10   11




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling