Œзбекистон республикаси олий ва œрта
Имараттың көлемли-планлы шешимине тийисли илажлар
Download 1.26 Mb.
|
Kurs jumısındaǵı grafikalıq sızılmaları ushın úlgi
Имараттың көлемли-планлы шешимине тийисли илажлар
Бул жерде имараттың әпиўайы формада жойбарланыўын, көлеми кубқа жақынластырылған, кесе дийўаллары симметриялы жайласқан ҳәм бойлама дийўаллар менен беккем бириккен болыўы керек. Дийўаллар планда имарат ени ҳәм узынлығы бойлап үзликсиз тутасып кетиўи керек. Кери жағдайда планда үзилген имарат дийўалы, өзи тутасқан екинши бир дийўалға зыян келтириўи мүмкин. Егерде базы бир себеп пенен дийўалдың үзик болыўы талап етилсе, ол жағдайда оның конструктив даўамын рама көринисинде алыў мақсетке муўапык болады. Қурылыс ушын жеңил материаллар қолланыў, конструкция бирлиги ҳәм оның массасының тегис бөлистирилиўин тәмийенлеў тийис. Жүк көтериўши тийкарғы қурылмалар илажы барынша тегис ҳәм бир жыныслы материал болғаны мақсетке муўапық болады. Имараттың пландағы шешими илажы барынша ықшам болғаны мақул. План дөңгелек, квадрат, төртмүйешлик ямаса дүңки көпмүйешлик формасындағы имаратлардың жер силкиниўге шыдамлылығы қурамалы формадағы имаратлардың жер силкиниўге қарсылығынан жоқары турады. Егерде имарат ҳәм иншаат архитектуралық ямаса эксплуатация талаплары бойынша режеде қурамалы формалардан дүзилген болса, ол жағдайда жер силкиниўге қарсы шовлар жәрдеминде имаратты қолайлы формалы бөлимлерге ажратыў керек. Қолайлы формадағы имаратлардың дийўаллары түрли бағдарларға салыстырғанда өз-ара тең ямаса бир-бирине жақын болады. Беккемлилиги кеминде қаттылыққа тең болады. Соның ушын кем горизонтал сейсмикалық күштиң қәлеген бағдарларында бундай имаратлар тең қарсылық көрсетиў имканиятына ийе. Егер имарат жойбары үлкен болса, оның барлық бөлимлери бирдей тербеле алмайды. Имарат узынлығы нормаға сай шекленген болып, нормадан зыят узынлықтағы имаратлар жер силкиниўге қарсы шовлар жәрдеминде киши бөлимлерге ажратылады. Имарат ҳәм иншааттың ҳәр түрли бөлим бийикликлериниң арасы 5 метр ҳәм оннан артық болса да, имаратқа жер силкиниўге қарсы шов қойылады. Бийиклиги 10 метрге шекем болған 1 қабатлы имаратларда жер силкиниўи 7 балға шекем болғанда жер силкиниўге қарсы шов қойылмасада болады. Жер силкиниўге қарсы шов имарат ҳәм иншааттың улыўма бийиклиги бойлап қойылады. Бирақ фундаментте шов болмайды, оны бөлмей тегис қалдырыў керек. Жер силкиниўге қарсы қойылған шов шөгиў шовы менен үстпе-үст келген ҳалларда ғана фундамент шов пенен бөлиниўи мүмкин. Жер силкиниўге қарсы шов қос дийўал ямаса қос рама ҳәмде дийўал менен раманы тиклеў арқалы әмелге асырылады. Имарат бийиклиги 5 метрге шекем болса, шовтың ени 30 мм ден кем болмаўы керек. Егерде, имарат бийиклиги 5 метрден артса, ҳәр бир 5 м бийикликке шов ени және 20 мм ден кеңейтип барылады. Буннан тысқары шовтың ени имараттың максимал жылжыўларының еки еселенеген мәнисинен киширек болыўы керек. Жер силкиниўге қарсы шов қәлеген бир материал менен толтырылған болса, оның ҳәр бир бөлими өз-ара горизонтал жылжыўға кесент бермеўи керек. Кери жағдайда қоңсы бөлимлериде өз-ара урылып, қатты зыянланыўы мүмкин. Бийик имаратларда жер силкиниўге қарсы шовлар арасындағы аралық қурылыс нормаларында белгилеп берилген. Имаратларды тиклеўде дийўал ушын тегис формаға ийе болған тәбийий ҳәм жасалма таслар кең қолланылып келинбекте. Конструктив илажларды итибарға алып, төмендеги жағдайларды көрип шығамыз. 75 ҳәм оннан жоқары маркалы пискен гербиш ямаса иши геўек гербишлер 50 ҳәм оннан жоқары маркалы бетон, тас, толық ҳәм иши геўек майда блоклар (көлемли массалары 1200 кг/м3) бийик дийўалларды тиклеўдеде қолланылады. Тәбий тас ҳәм блоклар ҳәм гербишлердиң маркасы 35 тен жоқары болғанда 50 ҳәм оннан жоқары маркалы болыўы мүмкин. Дийўал ушын қолланылатуғын қурамалы раствор маркасы жаз айлары ушын 25 тен жоқары, қыс айлары ушын 50 ҳәм оннан жоқары болыўы керек. Дийўал материалы ҳәм қолланылатуғын раствордың жабысқақлық күши (өз-ара жабысқақлық беккемлиги): I категориядағы гербиш өриў жумыслары 1,8 кг/см2, II категориядағы гербиш өриў жумысларында 1,2 кг/см2 тан жоқары болыўы керек. Егер дийўал арматура торы ямаса темир-бетон менен күшейтилмеген болса, жер силкиниўи жағынан қәўиплилиги 7; 8 ҳәм 9 балл болған жағдайда имарат бийиклигиде усыған сәйкес түрде 5; 4; 3,5 м ден аспаўы керек. Егер дийўал арматура торы ямаса темир-бетон менен күшейтилген болса, бийиклигиде усыған сәйкес түрде 6; 5 ва 4,5 м ди қураўы тийис. Имаратта еки бойлама жүк көтериўши дийўалдан тысқары, және кеминде бир бойлама дийўал болыўы кереклигин есимизде сақлаўымыз керек. Кесе дийўаллар арасындағы аралық болса, төмендеги кестеден белгиленеди (2-кесте). Жойбарлаўда кесе дийўаллар арасындағы аралық жоқарыда келтирилген мәнистен аспаўы керек. Дийўалдың айрым элементлерине тийисли өлшемлери болса төмендеги мәнис муғдарларды қанаатландырыўы керек (3-кесте): Имараттың қабатлар аралық ҳәм бастырма плиталары қәддинде тегис ямаса жыйма темир-бетоннан бойлама ҳәм кесе дийўаллар бойлап жер силкиниўге қарсы улыўма дийўал қалыңлығы бойынша белбаў исленеди. Сыртқы дийўал қалыңлығы 500 мм ден артса, белбеў енин 100-150 мм ге қысқа етип алыў рухсат етиледи. Белбеў бийиклиги 150 мм ден кем болмаўы, бетон маркасы 150 ден жоқары болыўы керек. Жер силкиниўге қарсы белбеў төрт бойлама арматура менен арматураланып, бул арматуралардың ҳәр бириниң диаметри жер силкиниўи жағынан қәўипи 7; 8; балл болғанда 10 мм, 9 балл болғанда 12 мм етип қабылланады. Download 1.26 Mb. Do'stlaringiz bilan baham: |
Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling
ma'muriyatiga murojaat qiling