Ӛзбекстан республикасы жоқары ҩӘм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги әжинияз атындағы нӛкис


Download 6.22 Mb.
Pdf ko'rish
bet109/266
Sana17.08.2023
Hajmi6.22 Mb.
#1667691
1   ...   105   106   107   108   109   110   111   112   ...   266
Bog'liq
Топлам КОНФЕРЕНЦИЯ 2021

 


198 
Адабиѐтлар
1. Ўзбекистон Республикаси «Таълим тўғрисидаги Қонуни» T., 1997. 
2. Йўлдошев Ж. Малака оширишнинг назарий ва методологик асослари Тошкент, 
1998 й. 
3. Ишмухаммедов Р. Абдикодиров А., Пардаев A. Таълимда инновацион 
технологиялар. Т, 2008 й. 
 
БЕРДАҚТЫҢ ФИЛОСОФИЯЛЫҚ МИЙРАСЫ ҨӘМ МИЛЛИЙ 
МЕНТАЛИТЕТ 
Ж.Усенов – НМПИ, Миллий идея, руўхыйлық
тийкарлары ҳәм ҳуқық кафедрасы аға оқытыўшысы 
А.Дабылов – ҚМУ, Қарақалпақ филологиясы ҳәм 
 журналистика факультетиниң 2-курс студенти
 
Бердақтың шығармалары – қарақалпақ халқының тарийхый шежиреси, 
этнографиясы, миллий үрп-әдет, дәстүрлери, миллий ӛзлиги, миллий характери, миллий 
психологиясы менен тығыз байланыслы. Бир сӛз бенен айтқанда, Бердақтың 
дӛретиўшилиги 
– 
қарақалпақ 
халқының 
миллий 
менталитетиниң 
жанлы 
энциклопедиясы. 
Бердақ шайыр ӛзиниң шығармаларында лирикалық қаҳарман образы арқалы 
қарақалпақ халқының жарқын келбетин сызып берди. 
Шайырдың «Болған емес» қосығында дүнья ҳаққында философиялық ойлар ҳәм 
бул ҳаққында шайырдың шешими бар. Бул тек шайырдың емес, ал халықтың да дүнья 
ҳаққында ой-пикир ҳәм билим дәрежесин кӛрсетеди. Халықтың миллий менталитетинде 
данышпанлық ҳәм руўхый потенциалының күшли екенлигин дәлиллейди. «Излер едим» 
қосығында да усындай излерди кӛремиз. Ақылы кәмил, илими зор, Билимли ел болмайды 
хор. Шад қылыўға елатымды, Бахыт жолын излер едим [2; 40-41],- деген қатарларда 
шайырдың келешек арзыў-әрманлары, усы бүгинги күндеги ғәрезсизлик, азатлық ҳәм 
абат турмысты алдыннан кӛре алыў қәбилети, Бердақ айтқандай, халықтың бой-сымбаты 
терең билим менен ӛлшенетуғынлығы, перзентлери озық ойлы, билимли болған 
халықтың басқа халықлардан оқ бойы жоқары туратуғынлығы айтылған. Бул да 
халықтың миллий менталитетиниң бир белгиси болған – ойлаў ҳәм пикирлеў, ақылый 
потенциалының дәрежесин кӛрсетеди.
Қарақалпақлар әзелден ӛз пикиринен қайтпайтуғын қайыңдай қайсар, ӛжет, 
ўәдесине садық халық сыпатында тәрбияланған. Бийпаян кең дала, қустың қанаты 
талатуғын шексиз саҳра олардың минезиндеги усы белгилерди қәлиплестирген. Бердақ 
«Айдос баба» поэмасында Айдос образы арқалы қарақалпақлардың менталитетине тән 
болған усы қәсийетти ашып береди. 
«Ерназар бий» поэмасында қарақалпақлардың XIX әсирдеги аға бийи Ерназар 
Алакӛз образы арқалы халқымыздың минезине питкен мәртлик, батырлық, «бас кетсе де 
туўры жолдан» (Әжинияз) қайтпаслық қәсийетлери менен бирге аңгӛдеклиги де қоса 
сүўретленеди.
Қарақалпақлардың тойларында нама алысыў деген дәстүр бар. Бунда дайысы менен 
жийени бақсыға бир-бириниң үстинен нама алыў ушын буйыртпа береди. Бақсы сол 
ўақыттың ӛзинде дуўтарын шертип нама алған адамның атынан екинши адамның 
үстинен оның бой-сынында ямаса минез-қулқында ушырасатуғын қандай да бир 
кемшилигин сынға алып қосық айтады. Буған қурға жыйналған толайым журт кеўли 
масайрап күледи. Демек, күлки, ҳәзил-дәлкек адамның кеўлин кӛтеретуғын, бул арқалы 


199 
адамларды тәрбиялаўдың бир қуралы. Бердақтың «Муўса бақсыға» деген қосығында 
қарақалпақ халқының миллий менталитетинде ҳәзил-дәлкек пенен байланыслы болған 
мынадай бир эпизод бар: 
Жуманияз, Қурбан бақсы, 
Айтқан жерде түйе басты, 
Ҳаўазы бүлбилден жақсы, 
Қусты қайырар Муўсаның [2; 92-93]. 
Бундағы «түйе басты» - ҳәзилдиң, басқының, биреўдиң үстинен нама алып ол 
адамды басылдырыўдың бир түри. Шайыр қарақалпақлардың менталитетине тән болған 
мине, усы белгини тилге алады. 
Бердақ ӛзиниң «Шежире» дӛретпесинде халқымыз тарийхын түркий тиллес 
халықлар тарийхы менен тығыз байланыста алып қарап: 
«Бүлген ел қарақалпақ болды, 
Қырылса да урпақ болды» [3; 36], - деп, халқымыздың «күл болып қалса да, 
қәддине келе беретуғын Феникс қудайына усатып, оның тӛзимли ҳәм ӛзиниң ӛзлигин 
жоғалтпайтуғын халық екенлигин кӛрсетеди» [1]. 
Шайыр «Шежире»де кӛп атамалардың келип шығыўы ҳаққында халық арасында 
сақланып киятырған аңыз-әпсаналардан шеберлик пенен пайдаланады. Шайыр тарийхый 
шынлыққа сондай кӛркемлик сайқал береди, оны қәте деп айтыўға ҳеш қандай себеп 
қалмайды. 
Мысалы, «қарақалпақ» атамасының келип шығыўы ҳаққында шығармадағы мына 
қатарлар адамда үлкен қызығыўшылық пайда етеди: 
Мәликниң уғлы Разыҳақ, 
Яшлықында қойды ғулпақ. 
Кийгән екән қарақалпақ, 
Шундын «қалпақ» болған екән [2; 134]. 
Шығармадағы «ғулпақ» сӛзи «айдар» сӛзиниң синоними. Айдар 

ер баланың тас 
тӛбесине қойылып, ол бала 7 жасқа шыққанда алынатуғын болған. Ҳәзир де бизде ер 
балаға айдарлар қойылып, оны бала мектепке барған гезде алып, айдар той бериў 
дәстүрлери ушырасады. Бул дәстүрди басқа халықлар оншама үрдис етпейди. Демек, 
Бердақ «Шежире»де усы нәрсеге әҳмийет қаратып, бизиң миллий менталитетимизге тән 
болған ӛзгеше бир белгини қарақалпақлардың келип шығыў тарийхы менен 
байланыстырып, қызықлы етип сүўретлеп берген.
Улыўма айтқанда, Бердақ – халықшыл шайыр. Ол бир ӛмир ӛз халқының 
социаллық турмысы менен арзыў-әрманларын жырлаўдан шаршамады. Солай етип, ол 
қарақалпақ халқының миллий портретин жаратып берди. Шайырдың ӛзи ҳаққында: 
«Бердимурат халықты, халық Бердақты, Жалғызындай кӛрер жаннан жақсырақ»-деп 
жазғанындай, ҳақыйқатында да, биз бүгинги күнде Бердақ десе қарақалпақ халқын, 
қарақалпақ десе Бердақты кӛз алдымызға келтиремиз. 

Download 6.22 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   105   106   107   108   109   110   111   112   ...   266




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling