Ӛзбекстан республикасы жоқары ҩӘм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги әжинияз атындағы нӛкис


Download 6.22 Mb.
Pdf ko'rish
bet138/266
Sana17.08.2023
Hajmi6.22 Mb.
#1667691
1   ...   134   135   136   137   138   139   140   141   ...   266
Bog'liq
Топлам КОНФЕРЕНЦИЯ 2021

Ádebiyatlar: 
1. Каримов А. «Повесть о Тарасе». «Советская Каракалпакия» газетасы, 1964-жыл, 
22 май. // «Әмиудәрья» журналы, 1963, №9.  
2. Нурмухамедов М. Шығармалары. II Том. Нӛкис, ―Қарақалпақстан‖, 1985. 330-
334 бетлер. 
3. Ӛтемуратова Ҳ. Тарийхый искер образын дӛретиў проблемасы. Краткие тезиси 
докладов. (Республиканская научно-теоритическая конференция молодых ученых 
специалистов Каракалпакстана). Нукус, Каракалпакстан, 1991. Б. 157-159 
4. Ӛтемуратова Ҳ. Қарақалпақ тарийхый романының поэтикасы. Монография. 
Нӛкис, Қарақалпақстан, 1997. 11-бет. 
5. Шубравский В.С. Шевченко и литературе народов СССР. Киев, 1964. 
6. Воспоминания о Тарасе Шевченко. — К.: Дніпро, 1988. — С. 5-18.] 
https://www.facebook.com/photo?fbid=4246099008751687&set=a.1870821729612772
7. http://old.zounb.zp.ua/node/2526 
ПЕДАГОГИКАЛЫҚ БАСҚАРЫЎДА ҚАРЫМ –ҚАТНАС МАЗМУНЫ 
 
 
Б.Т.Уразбаев – НМПИ, Педагогика теориясы 
 ҳәм тарийхы қәнигелиги 2- басқыш магистранты
 
Оқытыўшы кәсиплик хызметинде қатнас мәдениятын раўажландырыў машқаласы 
инсаныйлық жәмийеттиң мүтәжликлери ҳәм талапларынан келип шыққан ҳалда 
шешиледи. 
Сол 
себепли 
ҳәзирги 
дәўирде 
Ӛзбекистан 
Республикасының 
―Билимлендириў ҳаққындағы» нызамы «Кадрлар таярлаў миллий дәстури»нде кәсип 
таӊлаў мотивлери кәсиплик таярлиқ, кәсиплик билим дәрежеси ҳәмде кәсиплик 
тәжрийбе менен шекленип қалмай, бәлким болашақ педагог кадрлар жеке хызметинде 
кәсиплик мәдениятты қәлиплестириў зәрүр екенлиги айтылады. Республикамызда 
оқытыўшылық кәсибиниң ӛзине тән этнопсихологиялық пәзилетлер, ис усыллары
педагогикалық шеберлиги сырларын ийелеў жоллары, шахсларара қатнас мәденияты кӛз 
қарасынан түрли дәўирлерде ҳәр қыйли илимий излениўлер алып барылған. 
Қатнас мәдениятының тәрбияланыўшы имканятларын әмелге асырыў кӛп тәрептен 
оқытыўшының жеке сыпатлары менен белгилениўин айтып ӛтиў лазым. Педагогикалық 
қатнас мәдениятының ҳәр тәреплеме туўры таңланған, оқытыўшының руўхый дәрежеси 
бийтәкирар ӛзгешеликлерине муўапық келиўши усылы тӛмендеги ўазыйпалар 
жыйындысын шешиўге жәрдем береди. 
Бириншиден: қатнаста ҳәр бир оқыўшыға бӛлек итибар ҳәм дослық мүнәсибет 
класс топары менен улыўма қатнасық процессин әпиўайыластырады оқытыўшының 
еркин педагогикалық хызмети ушын фундамент таярлайды қарсы жағдайларды аӊсат 
шешеди. 
Екиншиден: ҳәр бир оқыўшы менен ӛз-ара шӛлкемлестириў, олардың жас 
ӛзгешеликлерине қарап педагогикалық ҳәм психологиялық қатнас усылларын таңлаў, 
олардың руўҳиятын билиўге ишки дүньясына кирип бариўға жол ашады. 


253 
Үшинишиден: педагогикалық қатнаста оқытыўшының әдеп-икрамлық нормалары 
жетискенликлер гилти болып тәлим-тәрбия ӛнимдарлығын асырады қатнастың бәрше 
басқышларында оқытыўшының ӛз хызметинен қанаатланыў сезимин тәминлейди. 
Қатнас мәденияты индивидуал усылларын раўажландырыўда: 

Биринши: оқыўшылар менен қатнас мәдениятын индивидуал жеке 
ӛзгешеликлерин үйрениў; 
- оқыўшылар жеке ӛзгешеликлерин еркин анализ етиў; 
- оқыўшылар ишки имканиятларын ҳәр тәреплеме усыныс етиў; 
- оқыўшының қатнас мәдениятын туўры шӛлкемлестириў; 
Екиншижеке қатнаста жүз беретуғын кемшиликлердиң алдын алыў; 
- кемшиликлердиң алдын алыў илажларын ислеп шығыў; 
-ҳәр қандай жағдайларда оқыўшыларға қопаллық ислемеў; 
оқыўшы шахсын менсинбеў сыяқлы жағдайларды жоқ етиў. 
Үшиншиден: оқыўшы ӛзи ушын қатнас мәдениятының ең қолай болған усылларды 
таңлап алыў; 
- педагогикалық хызметке тән қатнас мәденият моделин ислип шығыў; 
- ӛз-ӛзин бақлаў менен қатнастағы жетискенлик ҳәм кемшиликлерди салыстырып 
барыў; 
- қатнаста миллий мәнәўий мийрасларды үрп-әдетлеримиз имканиятлардан 
үзликсиз пайдаланыў; 
Тӛртинши: қатнас мәдениятында педагогикалық хызмет нызамлықларынан шетке 
шықпаў; 
- ҳәр бир оқыўшының индивидуал ӛзгешеликлерине қатнас дизимин ислеп шығыў; 
- қатнастың тәрбиялық тәсирин нәтийжесин келтирип ӛтиў; 
- қатнас мәденияты тийкарында педагогикалық шеберликти кӛрсетиў; 
Педагогикалық хызметти енди баслап атырған жас оқытыўшылар ӛз кәсиплик 
шеберлигин асырыў мақсетинде оқыўшылар менен қатнас мәдениятын раўажландырыў 
үстинде жумыс алып барыўлары зәрур. 
Тәлим - тәрбиялық процессти шӛлкемлестириўде педагогикалық қатнас 
мәдениятын оқытыўшы ҳәмде оқыўшылардың ӛз-ара мүнәсибетин белгили бир мақсетке 
қарай биргеликте бағдарлаўшы күш. Бул орында оқытыўшы тӛмендеги жағдайларды 
итибарға алыў лазым: 
- оқытыўшыныӊ дәслепки тәрбиялық хызметинен баслап қатнас мадениятына әмел 
етиў, бул процессте оқытыўшы ҳәмде оқыўшылар топары менен ҳәр күнги қатнасты 
жағдайға қарап режелестириў ҳәр бир ҳәрекет сӛз сеслерине итибар, дәстурий қатнастың 
ең жақсы ӛзгешеликлерин ӛзлестириўи; 
- қатнас тийкарында класс топарының турли жағдайларды инабатқа алыў, 
оқыўшылар ис ҳәрекетиниң алдынғы жағдайы менен тәрбиялық хызметтен кейинги 
жағдайын салыстырып баҳа бериў; 
- ӛз қатнас усылы нәтийжелерин критикалық анализ етип кемшиликлерин үзликсиз 
дүзетип барыў. Зәрур сӛз, даўыстағы жағымли сес, минез-қулықты пайда етиў. 
Педагогикалық қатнас мәдениятының нәтийжели болыўы ушын оның шарт –
шараятларын билип -қатнас объекти, яғный оқыўшының дыққатын ӛзине қаратыў 
дегенде нени аңлаў керек? Буның мәниси оқытыўшы ӛзиниң ақ кеўиллилиги менен 
сулыў минез-қулқы қатнаста оқыўшылар қәлбине жол таба алыўы менен ӛз шеберлигин 
кӛрсетип, қатнас мәдениятының шӛлкемлестириўшилик формаларына социал-
психолагиялық негизине тийкарланыў. 


254 
Жуўмақлап айтқанда кӛрсетип ӛтилген жағдайлар тийкарында педагогикалық 
тәсир кӛрсетиў ушын оқытыўшының педагогикалық қатнас мәдениятына, этикасына 
ҳәмде әдеп-икрамлығына бӛлек талаплар қойылады. Бул пәзийлетлер оқытыўшының 
класс топары, ата-аналар менен қатнас қыла билиў оқыўшылар менен анық мақсетти 
гӛзлеген ҳалда тәрбиялық хызметти шӛлкемкестириўде ҳәм оларды басқара алыўында 
жетискенлиги есапланады.

Download 6.22 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   134   135   136   137   138   139   140   141   ...   266




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling