Ӛзбекстан республикасы жоқары ҩӘм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги әжинияз атындағы нӛкис


Download 6.22 Mb.
Pdf ko'rish
bet98/266
Sana17.08.2023
Hajmi6.22 Mb.
#1667691
1   ...   94   95   96   97   98   99   100   101   ...   266
Bog'liq
Топлам КОНФЕРЕНЦИЯ 2021

Ádebiyatlar 
1. Mirziyoev Sh. Erkin va farovon Ózbekiston davlatini bergelikda barpo etamiz
Toshkent, Ózbekiston - 2016. 
2. Mirziyoev Sh. Buyuk kelajagimizni mard va olijanob xalqimiz bilan birga quramiz, 
Toshkent, Ózbekiston - 2016. 
3. Holikov A. ―Pedagogik mahoratni egallashda kasbiy omilkorlikning ahamiyati‖ ―Xalq 
tálimi‖ jurnali №1, Toshkent - 2009. 
4. Abdinazimov Sh. Til – millettiń ruwhı, Tashkent- ―Mumtoz sóz‖ – 2017. 
Ш.СЕЙТОВТЫҢ ПРОЗАЛЫҚ ШЫҒАРМАЛАРЫНДА ҚАРАТПАЛАРДЫҢ 
ЛЕКСИКА-СЕМАНТИКАЛЫҚ ӚЗГЕШЕЛИКЛЕРИ 
Қ.Ы.Бекниязов – НМПИ, ф.и.к. 
Қаратпалар сӛйлеўшиниң сӛзине қаратылған адам ямаса басқа бир предметлерди 
қубылыс ҳәдийселерди билдиреди.
Бунда қаратпалар лексика-семантикалық ӛзгешеликлери жағынан адам ямаса 
адамға қатнаслы сӛзлер, жанлы ҳәм жансыз предметлер, тәбият қубылысларының 
атамаларын билдиретуғын атлық сӛзлер арқалы билдириледи. Қаратпалардың лексика - 
семантикалық ӛзгешеликлери ҳәзирги қарақалпақ әдебий тилиндеги кӛркем 
шығармаларда жүдә кең ушырасады. Әдетте қаратпалар лексика - семантикалық 
ӛзгешеликлерине қарай бир қатар түрлерге бӛлинеди. 
Адамларға қаратылған қаратпалар сӛйлеўши менен тыңлаўшы арасындағы 
қатнасты билдиреди. Сӛйлеўши ӛзиниң айтажақ пикирине тыңлаўшының дыққатын 
аўдарыў ушын оның атын, фамилиясын, қарым-қатнаслық, туўысқанлық, атақ-лақап 
мәнилериндеги айтылатуғын сӛзлерди қолланады. Адам мәнисиндеги қаратпаларда 
саналы түрде дыққат аўдарыў, қараў, кеўил бӛлиў т.б. сыяқлы жанлы түрдеги 
ӛзгешеликлерди болады. Адамнан басқа қаратпа мәнисинде қолланылатуғын жанлы ҳәм 
жансыз предметлерде, тәбият объектлери ҳәм қубылысларында бундай ӛзгешеликлер 
болмайды. Сӛйлеўши ӛз сӛзин оларға тыңлаўшы ретинде ғана қарата айтады, соларға 
қарата сӛйлеў арқалы ӛз пикирин баянлайды. Адамларға қаратпалар қолланылыў 
ӛзгешелигине қарай тӛмендеги түрлерге бӛлинеди:
- жеке адамларға қаратылған қаратпалар;
- сӛйлеўшиниң ӛзине қаратылған қаратпалар; 
- адам мәнисинде қолланылатуғын қаратпалар.


180 
1. Жеке адамларға қаратылған қаратпа мәнисинде жеке адамлардың аты, 
фамилиясы қаратпа мәнисинде келеди. Қаратпалардың бул түри прозалық 
шығармаларда еки адамның сӛйлесиўинен қурылған диалог гәплерде кӛплеп 
ушырасады. Жеке адамларға қаратылған қаратпалар лексика-семантикалық мәнилерине 
қарай еки түрли болып келеди: 1) адамның анық исми арқалы билдириледи: - 
Айтамызғо, сен, Сайымбет, неге шақыратуғын қораздай мойныңды соза бересең


Назарбай, мүриўбет қайда

- деген даўыс толқынлары сыртқа шықты. Телпегиңе ойлас, 
Толыбай, ӛзиңнен жақының жоқ, Толыбай, не де болса, тасмаңлайынан кӛре бер, 
Толыбай

( Ш.Сейтов «Халқабад»). 
2) Исим ҳәм фамилияны билдиреди: - Жолдас Сайымбет Айымбетов, бизде сизиң 
үстиңизден арза бар, - деди Федетов. Жақсы, Алланазар Нурымов, онда бизлердиң 
кетиўимизге рухсат етиңиз. (Ш.Сейтов «Халқабад»). 
3. Сӛйлеўшиниң ӛзине қаратылған қаратпалар сӛйлеўшиниң ӛзине ямаса 
жырларына болған сезимлерин билдиреди. Бул түрдеги қаратпалар қаратпаның басқа 
түрлерине қарағанда тилде жүдә кем ушырасады. Ҳәтте, прозалық шығармаларда дерлик 
ушыраспайды.
Сӛйлеўшиниң ӛзине қаратылған қаратпалар шайырлардың ӛзине қарата сӛйлеўи 
арқалы, олардың ӛз заманына ҳәр түрли сезимлерин билдиреди. Бул мәнидеги 
қаратпалар, кӛбинесе поэзиялық шығармаларда қолланылады: 
Әкесин сағынған балалардайын, 
Солқылдап турдыңыз кӛрсем ҳәр дайым, 
Кел, биз бенен бирге сырлас, Ибрайым, 
Деп түсимде шақырғандай болдыңыз (И. Юсупов). 
Жеке адамларға қаратылған қаратпалар ӛз айқынлаўышларына ийе болып та 
қолланылады. Бундай жағдайда қаратпа мәнисиндеги сӛз туўысқанлық қатнас, кәсип, 
лақап, атақ т.б. сыяқлы сӛзлер менен бирге қолланылады. Мысалы: Биринши арзаны 
бизден аласыз, Қунназар аға, бул аўылда ҳәммеден бурын партия болған, ӛзимиз 
колхозға биринши болып киремиз. Сайымбет ата, бир атлы келип сизди шақырып атыр 
(Ш.Сейтов «Халқабад»). 
- Сен, Созанай шеше, ондай жағымпазлықты қой. (Ш.Сейтов «Халқабад»). 
Гвардияшы Бегдияров

- деп даўыслады Панов. Ол не дегениңиз, жолдас Панов

Топсыз 
қандай урыс ол

(Ш.Сейтов «Шырашылар»). 
4. Адамларға қаратылған қаратпалар. Қаратпалардың бул түри ӛзиниң дәслепки 
номинативлик мәнисинен қарым-қатнас билдириўши мәниге ӛтип қаратпа сӛз 
ўазыйпасын атқарады. Бундай адам мәнисиндеги қаратпалардың хызметинде 
туўысқанлық, қатнас, жақынлық, дослық, кәсип-ӛнер, атақ, лақап, ҳүрмет-сыйласық ҳәм 
т.б. мәнилерди билдиретуғын лексемалар қолланылады. Бул мәнилерде қолланылатуғын 
қаратпалардың түрлери тӛмендегилер: 
1) Туўысқанлық қатнас билдириўши қаратпалар: Усы күнлери, аға, үйин ойлап 
жүрген белсенди барма

Усыны ағама түсиндирип айтарсаң, апа

Әжаға, сени атам шақырып атыр. - Ой, бой, иним-ай, тә, геўишти кийип, ал үйге 
жеткенше бизге мәсиде болады. - Ҳаў, қойып тур, иним, деп ирикти Сайымбет. -
Ўәжлесейик, ақыры, сиз шабармансыз ба, басқасыз ба, биз еле оны да биле алмай 
атырмыз. (Ш.Сейтов «Халқабад»).
2) Жақынлық, дослық қатнасты билдиреди. Ҳал-жағдайым жаман емес достым, ул-
қызларым ер жетти. Кӛрип турсаң ба, жора, тағы нӛкер алдыражақ болып атыр. Жан 


181 
ғаррыға да керек, қорқыңқырап барып даўыслады: - Зыяным жоқ, бирадарлар, арқайын 
хабарласа бериң (Ш.Сейтов «Халқабад»).
3) Ҳүрмет- сыйласық мәнисиндеги қаратпалар. Кемпирсиз, отағасы, мен ӛзимди 
таныстыра алмадым: Тил дегенниң буўыны болмайды, жасы үлкен. Тилге ерк бере 
бермең, ақыры, исленежағын ӛзим билемен, ақсақал

- Әй, тӛрем, шыға ғой - деп бақырды. Маған барлық ақсақалларды, 
партячейкаларды гӛрден болса да таўып алып қайтыў тапсырылған, яшуллы. (Ш.Сейтов 
«Халқабад»).
4) Кәсип-ӛнер, маманлық, лаўазым, билдириўши қаратпа мәнисинде келеди: Мине, 
бул уллы исте бизиң жәмийетимиз ең алды менен мектепке, қәдирли жолдас 
муғаллимлер, сизлерге сүйенеди. Командир

- даўыс оларды да оятып жиберди. Әпиў 
етиң, жолдас полковник. Бул қәтелик екиленбейди жолдас секретарь. Мәртебели 
болғайсаң, жасаўыл. (Ш.Сейтов «Шырашылар»).
5) Жыныс билдириўши мәнили қаратпалар: Сизге табыс тилеймиз, қызым. Қәне, 
ҳаял, чай демле. - Әй, яқ қатын, мен қорқаман ҳүкиметтиң байрағын жағыўға. Ҳаў, бала, 
Айсултан келинге шыраларын жаққыз (Ш. Сейтов «Халқабад»).
6) Еркелетиў, киширейтиў мәнисинде келеди. Турыңлар, турыңлар шерлерим, 
сизлерге ырзаман. Маңлайымдағы жалғыз ғана жулдызым еди, қарғай кӛрме шешежан. 
(Ш.Сейтов «Шырашылар»). Сизге айтарым, Сайымбетжан, қартайғанда сыйланаман 
десең, басым қаңырап қалмасын десең, мына не бар деп, жас жеткеншеклердиң алдына 
кесе шықпа. - Тез қайттың ғой, қулыным, жумысын ислемей зейнине тийдиң бе

- Тур, 
қалқам, киси келди, - деди, соң тек ғана кӛзи жылтыраған, кишкене бир қызға сӛйледи 
(Ш.Сейтов «Халқабад»).
7) Айыплаў, жек кӛриў, сӛгиў ҳәм ғарғаў мәнилеринде келеди. Аўыл арасында бир 
қызыл шәпектен қарамайды, солардың қайда жүргенин билмейсизлер, ләттепәмлер

Бир 
қотыр ешкиңиз жойтылса па излеп билер едиңиз-аў, қайда жүргенин симсиклер. Үниңди 
ӛшир жүўернемек

-деп тислене сыбырланды Толыбай. - Ӛлим қыршын, жағдайыңа 
қарасаңо

. (Ш.Сейтов «Халқабад»). Әттең нызамды бузып қойдың-да ақмақ

- (Ш.Сейтов 
«Шырашылар»). - Гӛриңе күлесең бе ақмақ

-деп сӛйледи де шығып кетти (Ш.Сейтов 
«Ығбал соқпақлары»).
8) Кек етиў мәнисин билдиреди: Не ӛзиңниң айтып отырғаның, мәстан

Сен, 
жаман, сол хат ушын жол тосып жүргениңди билемисең, билмейсең ақмақ

Бердикәрим 
қасыңдағының анаў адам емеслигин аңғарды, негедур ӛзинен ӛзи күлип: «жаңағы 
нашардан қуллықтың ийиси шығады екен» деп, Избасқанға тигилди ойшаң.
- Аўа, тақсыйыр, - деди ол да буның жуўап күтип отырғанын аңғарып. -
Адамыйзаттың ҳәммесинен де қуллықтың ийиси шығады (Ш.Сейтов «Халқабад»). 
Күлесең-ә, мақаў, сен қоз басыўға шебер заңғарсаң. Бизге де сӛйтип басқансаң қозды 
(Ш.Сейтов «Шырашылар»).
Қаратпалар да, басқа синтаксислик категориялар сыяқлы грамматикалық ҳәм 
лексика-семантикалық ӛзгешеликлерге ийе болады. Бул мақалада Ш.Сейтовтың 
прозалық шығармаларындағы қаратпаларды үйрениў ҳәм таллаў жасаў нәтийжесинде 
қаратпалардың лексика-семантикалық жақтан тӛмендеги түрлери кӛрсетилди. 
I. Адамға қатнаслы қаратпалар. Олар ӛз ишинде және де: 1)Жеке адамларға 
қаратылған қаратпалар; 2) Сӛйлеўшиниң ӛзине қаратылған қаратпалар; 3) Адам 
мәнисинде қолланылатуғын қаратпалар болып үшке бӛлинеди.
II. Жанлы предметлерге, (мақлуқларға) қатнаслы қаратпалар. Бул қаратпалар 
адамнан басқа жанлы предметлер, үй ҳайўанларына қарата айтылады. 


182 
III. Жансыз предметлерге, тәбият қубылысларына қатнаслы қаратпалар. 
Қаратпалардың бул түри тәбият қубылысларына, географиялық атамаларға, ғалабалық 
атамадағы предмет мәнисиндеги сӛзлерге қарата айтылады. 
Қаратпалар басқа жазба материалларға қарағанда прозалық кӛркем шығармаларда, 
жийи ушрасады. Әсиресе, олар монологлық текстлерге қарағанда диалогларда кӛп 
қолланылады. Қаратпалар лексика-семантикалық түрлериниң кӛркем шығармаларда 
қолланылыўы барлық жағдайда тең болып келмейди. Олардың биринде кӛп, биринде аз 
болып қолланылыўы шығарманың тематикасына баянланатуғын ўақыясына қатнаслы 
болады. Мәселен адамларға қаратылған қаратпалар прозалық шығармаларда жанлы ҳәм 
жансыз предметлерге қаратылған қаратпаларға қарағанда әдеўир кең қолланылады. 
Демек, кӛркем шығармаларда қаратпалардың лексика-семантикалық ӛзгешеликлерин 
лингвистикалық аспектте үйрениў тил илиминиң тийкарғы объектлериниң бири болып 
есапланады. 

Download 6.22 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   94   95   96   97   98   99   100   101   ...   266




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling