%збекстан республикасы жо№ары


Download 0.69 Mb.
Pdf ko'rish
bet19/37
Sana13.01.2023
Hajmi0.69 Mb.
#1091835
TuriЛекция
1   ...   15   16   17   18   19   20   21   22   ...   37
Bog'liq
G.Aynazarova. Hazirgi qaraqalpaq tili. Leksikologiya (2004) (1)

Публицистикалық лексика 
 
Публицистикалық услубтың пайда болыўы ҳәм раўажланыўы күнделикли баспа сөз, сиясий 
әдебиятлар, илимий-публицистикалық мийнетлер, мақалалар, пикир, памфлет, фельетон, хабар, 
бас мақала, репортаж, баянат, сырт ел хабарлары, т.б. усаған арнаўлы жанрлық тармақшалардың 
жазба услуб тараўында кең өрис алыўы тийкарында иске асты. Бул әдебий тилдиң лексикалық-
семантикалық жақтан байыўына өнимли тәсирин тийгизди. Онда көлеми жағынан бай 
жәмийетлик-публицистикалық лексика жүзеге келди. Ҳәзирги қарақалпақ әдебий тилиниң сөзлик 
қурамында публицистикалық лексика қолланылыўы жағынан усы услубқа тән үлкен бир 
лексикалық қатламды қурайды. Мысалы: гүрес, азатлық, еркинлик, парахатшылық, бирге ислесиў, 
демократи, ғәрезсизлик, капитализм, империализм, колониализм, деклорация, ассамблея
әнжуман, авангард, сиясат, экономика, капиталистлик система, ҳуқық, бас еркинлиги, сөз 
еркинлиги, палата, кеңес, аўқам, патриот, патриотизм, гуманизм, адамгершилик, идея, 
интернационализм, республика, конструкция, қәўипсизлик, дағдарыс, сөйлеў, жумыссызлық, 
депутат, конгресс, класс, шөлкем, социаллық жағдай, жәмийет, фашизм, теңсизлик, 
эксплуатация, азатлық гүрес, жәмийетлик жумыс, халық хожалығы, бес жыллық жоба, 
баслама, үгит-нәсият, мәдений дәреже, шөлкем, даңқ, жергиликли орынлар, пахташылық, мал 
шарўашылығы, ўазыйпа, суў ресурслары, егис майданы, өзи боладылық, пахташылық районы, 
баянлама, миннетлеме, сиясий-хожалық, ылғаллы бригада, жаңа адам, жаңа күшлер, 
қәўендерликке алыў, ен жайыў ҳәм тағы басқалар. 
Күнделикли баспа сөз, жәмийетлик-сиясий әдебиятларарқалы сәйкес жаңа түсиниклердиң 
пайда болыўы менен сөзлер ҳәм терминлер дөрейди. Мәселен, публицистикалық услуб 
лексикасында жәмийетлик-сиясий мәниге ийе революция, диктатура усаған терминлердиң дөреўи 
әйтеўир бола қойған қубылыс емес. Бул қарақалпақ халқының турмысында жәмийетлик ойлардың 
раўажланыўы, Октябрь революциясы халық диктатурасының орнаўы менен байланыслы. 
Қарақалпақ әдебий тилиниң жәмийетлик-публицистикалық лексикасы тараўында көзге 
түсетуғын елеўли қубылыслардың бири соннан ибарат, көпшилик сөз ҳәм терминлер өзлериниң 
қәлиплесиў дәўиринде түрли формаларда қолланылып келди. Мысалы: заң-нызам, ҳуқық-право, 
жас буўын-жас әўлад, инқылаб аўдарыспақ-революция, үгитлеўши-пропагандист, жойбар-

Download 0.69 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   15   16   17   18   19   20   21   22   ...   37




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling