%збекстан республикасы жо№ары
Download 0.69 Mb. Pdf ko'rish
|
G.Aynazarova. Hazirgi qaraqalpaq tili. Leksikologiya (2004) (1)
- Bu sahifa navigatsiya:
- Ҳәзирги қарақалпақ тили. Лексикология Пәнинен лекциялар текстлери Дүзиўши: Айназарова Г. Н Ө К И С - 2 0 06
- Курстың предмети ҳәм ўазыйпалары Жоба
ӨЗБЕКСТАН РЕСПУБЛИКАСЫ ЖОҚАРЫ ҲӘМ ОРТА АРНАўЛЫ БИЛИМ МИНИСТИРЛИГИ БЕРДАҚ АТЫНДАҒЫ ҚАРАҚАЛПАҚ МӘМЛЕКЕТЛИК УНИВЕРСИТЕТИ ҚАРАҚАЛПАҚ ТИЛ БИЛИМИ КАФЕДРАСИ Ҳәзирги қарақалпақ тили. Лексикология Пәнинен лекциялар текстлери Дүзиўши: Айназарова Г. Н Ө К И С - 2 0 06 Курстың предмети ҳәм ўазыйпалары Жоба: 1. Лексикология-тил билиминиң ең баслы тараўларының бири. 2. Лексикологияның ең тийкарғы бирлиги. 3. Лексикология тараўының изертлейтуғын мәселелери ҳәм ўазыйпалары. Таяныш сөзлер: Лексика, лексикология, сөзлик қурам, диахрония, синхрония, семасиология, этимология, лексикография. Тил билиминиң ең баслы тараўларының бири-лексикология. Ол тилдиң сөзлик қурамы ҳәм оның раўажланыў нызамларын үйретеди. Сөзлик қурамды диахрониялық ҳәм синхрониялық бағдарда қарастырады, изертлейди. Усы көз-қарастан лексикологи тараўында еки объектти ҳәм еки бөлимди көриўге болады. Олардан бири тилдиң сөзлик системасын ҳәзирги жағдайдағы раўажланыў дәрежесинен үйретсе, екинши сөзлик қурамда тарийхый жақтан тексерип, оған сол тилди дөретиўши халықтың тарийхы менен тиккелей байланыста баҳа береди, сөзге тарийхый тәрийплеме жасайды. Усыған байланыслы лексикология илиминде бир-бирине беккем байланыслы еки бөлимди ажыратамыз. Оларды ҳәзирги лексикология ҳәм тарийхый лексикология деп атаймыз. Қарақалпақ тилиниң сөзлик қурамына лексика ҳәм лексикология деген терминлер тил илиминиң раўажланыўына байланслы соңғы ўақытта орыс тили арқалы келип кирди. Лексика гректиң lexikos деген сөзинен келип шыққан. Бизиңше сөзлик деген мәни аңлатады. Ҳәр қандай тилде қолланылып киятырған сөзлер сөзликти, яғный сөзлик қурамды қурайды. Олай болса сөзлик дегенде биз сөзлик қурамды, яғный тил сол сөзлик қурамды ҳәзирги раўажаланыў дәрежесинен ҳәм тарийхый көзқарастан изертлейтуғын тил ҳаққындағы илимниң бир тараўынан ибарат. Лексикология термини де гректиң lexikos ҳәм logos деген еки сөзинен жасалып, сөзлик қурам ҳаққындағы илим дегенди аңлатады (lexikos -сөзлик, logos илим). Солай етип, лексикология-тилдиң сөзлик қурамы ҳаққындағы илим. Оның изертлейтуғын ең кишкене ҳәм тийкарғы бирлиги сөз. Бирақ лексикология тек жеке сөзлерди ғана емес, оны сөзлик қурамның ишинде қарап, сөзлер жыйнағын белгили бир нызамлылық тийкарында пайда болып, раўажланатуғын категория, пүтин бир система сыпатында баҳалайды ҳәм үйретеди. Олай болатуғын болса, лексикология тилдиң сөзлик системасы ҳәм оның раўажланыў нызамларын изертлейтуғын илим тараўы екен. Сөз тил илиминиң басқа тараўларында да сөз етиледи. Мәселен, морфология да сөз үйрениледи. Бирақ сөзге морфология тараўында дүзилиси, формасы, грамматикалық қәсийети жағынан баҳа бериледи. Айтайық, адамлар деген сөз морфология нәзеринен түбир (адам) ҳәм көплик қосымтасынан (лар) турады. Мәселен ҳәм формасы бойынша атлық категориясына тийисли, затты аңлатады, дәл заттың атамасы, атаў сеплигинде ҳәм т.б. элементи, туўра ҳәм аўыспалы мәнилеринде алады, синонимлик сыңарларына ийе, түпкиликли лексикалық бирликтен ибарат. күнделикли қолланылыў барысында белгили бир жағдайларда түрлише услублық та айрықшалықларға ийе болып келиўи мүмкин т.б. Бундай байланыс ҳәм айрықшалықлар тил илиминиң басқа тараўларына да тийисли. Бул тараўлар, әлбетте өзлериниң алдыларына қойылған талапларға сәйкес сөзде белгили бир тәрепинен алып изертлейди. Солай да лексикология ҳаққында сөз еткенимизде, сөзди өзиниң изертлеў объекти етип алатуғын тил илиминиң басқа да тараўлары арасындағы байланыс дыққат орайында турыўы лазым. Әсиресе сөздиң тәбиятын толығырақ түсиниўге себепши болатуғын семасиология, этимология, сондай-ақ лексикография ҳәм услубияттың өз-ара байланслары тилдиң сөзлик қурамын ҳәр тәреплеме үйрениўде белгили әҳмийетке ией. Сөзлик қурамды үйрениўде биз, әлбетте, лексикалық элементлерди түрли жобада сөз етемиз. Анаў я мынаў сөзге оның мәнисине, сөзлик системадағы орнына, тарийхый шығысы жағынан қайсы қатламға тийисли екенлигине, қолланылыў өрисине, қолланылыў дәрежесине, услублық өзгешелигине қарай баҳа беремиз. Демек, лексикология курсы сөзлик қурамды үйрениўде мине усы жоқарыда аталған ўазыйпаларды ҳәр тәреплеме иске асырыўды нәзерде тутады, яғный ол сөзлик қурамды пүтин бир система сыпатында қарап, оны семасиологиялық айрықшалықлары, қурамы, тарийхый шығысы, қолланыў өриси, услублық өзгешеликлери, қолланыў дәрежеси жағынан баҳалайды ҳәм үйретеди. Соның менен бирге, бул тараўда тилде таяр түринде ушырасатуғын фразеологиялық сөз дизбеклериде де түрли жобаларда сөзетиледи, оларға тән қәсийетлерге сыпатлама бериледи. Бул мәселе лексикологияның ажыралмас бир тараўы болған фразеология бөлиминде қаралады. Фразеологиялық сөз дизбеклери тилде турақлы сөз дизбеги түринде ушырасатуғын лексикалық бирликлеор сыпатында мәниси, семантикалық биригиўшилиги, лексикалық қурамы, қурлысы, тарийхый шығысы, экспрессивлик услублық айрықшалықлары көз-қарасынан үйрениледи. Өткени қақарақалпақ тилиниң сөзлик системасында фразеологиялық сөз дизбеклери өзгеше сыпаттағы сөзлик қатламды қурайды ҳәм күнделикли тил арқалы пикир алысыў жағдайында жеке лексикалық бирликлер сыяқлы қолланылыў мүмкиншиликлерине ийе. Мәселен, пышақ арқасы, қамырдан қыл суўырғандай қулақ түриў, өкше көтериў, жыс тоғай, тастай қараңғы усаған турақлы сөз дизбеклери сөзлик қурамы жеке лексикалық бирликлер сыяқлы өз орнына ийе ҳәм мәнилик жақтан бир сөз орнында қолланыла алады. Лекскология курсы тил илиминиң лексикография тараўы менен де тиккелей байланыста. Сонлықтан қарақалпақ лексикографиясы тараўындағы жетискенликлерге лексикалық машқалалар қатарында сыпатлама бериў ҳәзирги қарақалпақ әдебий тилин тереңирек ҳәм ҳәр тәреплеме үйрениў исин әдеўир жеңиллестиреди. Усы көз-қарастан лексикологиялық курсты лексикографилық сыпатламалар менен ушырастрыў мақсетке муўапық келетуғыны сөзсиз. Лексикология курсында, усылай етип, сөзлик қурамды ҳәр тәреплеме анализлеў қарақалпақ әдебий тиллик раўажланыў нызамларын теориялық көз-қарастан үйрениў ушын да, тилдиң кең мүмкиншиликлеринен әдебий тилдиң нормаларына сәйкес дурыс ҳәм шебер пайдаланыў ушын да үлкен әҳмийетке ийе. Қарақалпақ әдебий тилиниң сөзлик қурамын мине усы жобаларда үйрениў арқалы оның ҳәзирги дәўирде айта қаларлық дәрежеде раўажланғанлығын көремиз. Download 0.69 Mb. Do'stlaringiz bilan baham: |
Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling
ma'muriyatiga murojaat qiling