%збекстан республикасы жо№ары
Download 0.69 Mb. Pdf ko'rish
|
G.Aynazarova. Hazirgi qaraqalpaq tili. Leksikologiya (2004) (1)
Өз сөзлик қатлам Ҳәр қандай тилдиң сөзлик қурамының тийкарын көрсететуғын сөзлик қатлам сол тилдиң өз сөзлери болып табылады. Олар сол халықтың пүткил раўажланыў тарийхы менен бирге жасап 2 Маҳмуд Қошғарий, Девону луғотот турк, Тошкент, 1963, 13-бет. киятырған, оның миллий өзгешелигиниң сөзлик қурамдағы тийкарғы көринисинен дерек беретуғын лексикалық бирликлердиң топарынан турады. Тилдиң сөзлик байлығының дәслепки иргеси әне усы сөзлерден қаланған, оның еклеси раўажланыўы да усы сөзлердиң дөгерегинде пайда болған. Қарақалпақ тилиниң өз сөзлик қатламы дегенде биз оның тийкарғы тәбиятын көрсететуғын, қарақалпақлардың пүткил раўажланыў тарийхы менен бирге жасап киятырған, сөзлик қатламдағы миллий өзгешеликлериниң тийкарғы көринислеринен дерек беретуғын сөзлериниң жыйнағын түсиниўимиз керек. Мәселен, бас, көз, күн, таў, жер, суў, ешки, сыйыр, ийт, бузаў, қуўаныш, жақсы, жаман, көк, ал, бар, кел, кет, кеш, ерте, сен, мен, ол, ата, ана, қыз, ул, бес, алты, жүз усаған сөзлер сол өз сөзлик қатламының элементлеринен ибарат. Сөзлик қурам ишки дереклер тийкарында байығанда мине усындай өз сөзлериниң семантикалық ҳәм грамматикалық усыллар арқалы кем-кем толықтырылыўы, ал сыртқы дереклер тийкарында байығанда, сол сөзлериниң үстине басқа тиллерден сөзлердиң қосылыўы, сондай-ақ, басқа тиллерден аўысқан сөзлердиң тийкарында қарақалпақ тилине тән сөз жасаў усыллары арқалы жаңа лексикалык бирликлердиң пайда болыўы иске асады. Сол арқалы тилдиң сөзлик байлығы удайы кеңейип отырады. Өз сөзлик қатламға киретуғын сөзлерди белгилеўде мына нәрсеге де итибар бериўимиз керек. Тилимизде басқа тиллерден ўысқан көпшилик сөзлерден қарақалпақ тилине тән сөз жасаў усыллар, мәселен, қосымталар қосылыў арқалы екинши бир мәнили сөзлер дөрейтуғынлығы белгили. Ал, енди бундай сөзлерди өз сөзлик қатламға киргиземиз бе ямаса қосымта қосылған сөз түбириниң басқа тиллик шығысын есапқа алып, аўысқан сөз деп қараймыз ба? Көпшилик тил илимпазлары бундай сөзлерди де өз сөзлик катламга киргизиуди макул көреди. Мәселен, орыс лексикологларының бири Н.М.Шанский бул туўралы мынадай деп жазады: Мәселен, ямщик, аэросани, газетный, этюдник, штурмовшина, зацементировать ҳәм т.б. усылларға усаған сөзлер орыс сөзлери емес, өзге тиллерден аўысқан сөзлер, өйткени қурылысында өзге тиллерден аўысқан сөзлер, өйткени қурылысында өзге тиллик түбирлер бар /ям-татар тилинен, этюд-француз тилинен, штурм-немец тилинен, цемент-латын тилинен/ деў оғада надурыс болар еди 3 . Дурысында да, бундай сөзлерди өз сөзлик қатламның бирликлери сыпатында қараған мақул. Қарақалпақ тилинде басқа тиллик шығысқа ийе сөз түбирлеринен қарақалпақша қосымталардың жәрдеми менен дөреген сөзлердиң саны оғада көп. Мәселен, тәжикше-парсыша шығысқа ийе пахта сөзинен пахташылық, пахталық, хош сөзинен хошласыў, араблық шығысқа ийе суўрет сөзинен сүўретши, шайыр сөзинен шайырлық, хабар сөзинен хабарласыў, итальянлық шығысқа ийе карниз сөзинен карнизши сөзи пайда болған. Сондай-ақ, шет тилден аўысқан базы бир сөзлер қарақалпақша сөзлер менен бирге жуп сөзлердиң бир бөлеги сыпатында да қолланылады. Мәселен, күш-қуўат, саў-саламат сөзлериниң екинши бөлеги араб тилинен аўысқан, бирақ олар қарақалпақша күш, саў сөзлери менен жупласып қолланып, пүтин бир жыйнақлаўшы екинши мәнилерди аңлатып тур. Бундай сөзлерди де өз сөзлик қатламда қараў керек. Қарақалпақ тилиниң өз сөзлик қатламының негизин улыўма түркий тиллерине ортақ сөзлер қурайды, өйткени қарақалпақ тили генеалогиялық жақтан түркий тиллериниң қатарына киреди. Сонлықтан да бул топарды қурайтуғын тиллердиң лексикасында улыўма орталықтың, усаслықтың болыўы нызамлы нәрсе. Бурын бир түркий тил болған өзбек, қазақ, қырғыз, қарақалпақ, уйғыр, азербайджан, түркмен, ноғай, татар, башқурт, чуваш, якут ҳәм т.б. тиллер, әлбетте, өз алдына айырым тил болып бөлинип шыққанда, олардың ҳәр қайсысының лексикасында ортақ сөзлер ҳәр бир тилдиң өзиниң тарийхый дәўирлер даўамында раўажланыўының барысында айырым фонетикалық өзгерислерге ушырағаны болмаса, тийкарынан түпкиликли тийкарын сақлап көремиз. Қарақалпақ тили лексикасында улыўма түркий топарлас тиллер ушын ортақ, фонетикалық жақтан гейпара өзгерислерге ушыраған менен де негизи бир сөзлер. Ҳәзирги қарақалпақ әдебий тилиниң лексикасында улыўма түркий тиллер ушын ортақ өзлик қатламның тийкарын қурайтуғын сөзлердиң мынадай түрлерин ушыратыўға болады: 3 Н. М. Шанский. Лексикология современного русского языка. М., 1964, 70-бет 1 . Мийнет етиў қуралларының атын көрсететуғын сөзлер: балта, орақ, балға, тас ҳ.т.б. 2 . Адамның дене мүшелериниң атын көрсететуғын сөзлер: бас, қол, көз, қулақ, мурын, т.б. 3 . Дән егинлери ҳәм жемислердиң атлары: буўдай, арпа, тары, жүўери, ерик, алма, қаўын, ғарбыз, жемис т.б. 4 . Қуслардың, қурт-қумырсқалардың атлары: қус, таўық, ғарға, лашын, үйрек, жылан, шаян т.б. 5 . Ҳайўанлардың атларын көрсететуғын сөзлер: сыйыр, қой, қозы, бузаў, ешки, ат, түлки, ийт, пышық т.б. 6 . Тәбият затлары менен қубылысларын көрсететуғын сөзлер: ай, күн, ағаш, таў, жер, суў, қар, көл, түн, қаўын т.б. 7 . Жер асты байлықлары: алтын, гүмис, темир, шойын т.б. 8 . Адамның сезимлерине байланыслы сөзлер: муң, қуўаныш, сүйиниш, кеўил ашыў т.б. 9 . Заттың сапасын, қәсийетин, түрин билдиретуғын сөзлер: ала, қара, сары, жумсақ, жуўан, көк, жақсы, жаман т.б. 1 0. Ҳәрекетти аңлататуғын сөзлер: күт, күй, көр, кир, бар, кел, кет, отыр, тур, жат т.б. 11 . ўақытлық белгиле байланыслы қолланылатуғын сөзлер: ерте, кеше, кейин т.б. 12 . Заттың ямаса қубылыстың санын билдиретуғын сөзлер: бир, еки, үш, төрт, бес, алты, жети, сегиз, тоғыз, он, жигирма, отыз, қырық, елиў, алпыс, жүз т.б. 13 . Алмасық сөзлер: мен, сен, ол, биз, ким, не, кандай, қанша т.б. 14 . Жынысты ҳәм туўысқанлық қатнасықларға байланыслы сөзлер: ата, ана, қыз, ул, сиңли т.б. 15 . Соның менен бирге қарақалпақ тилиниң лексикасында улыўма түркий тиллерине ортақ көмекшилик хызмет атқарыўшы сөзлер де, таңлақ сөзлер де ушырасады. Арғы төркини бир базы бир сөзлерге бир тилде ж сесинен басланыў тән болса, екиншисинде й сесинен басланыў тән болып келеди, биреўинде к сесинен басланса, тағы биреўинде г сесинен басланады. Мысалы, қазақ тилинде қарақалпақ тилинде өзбек тилинде түркмен тилинде қырғыз тилинде башқурт тилинде ноғай тилинде жақсы жүрек кел жақсы жүрек кел яхши юрак кел яғшы йүрек гел жақсы жүрек кел яхшы йөрәк кел яхшы юрек кел Бундай өзгерислер сөздиң ортасында ҳәм ақырында бир тилде с сеси келсе, екиншисинде оның ш болыўында да көринеди. Мәселен, жоқарыда келтирилген жақсы деген сөз қарақалпақ, қазақ тиллеринде с менен айтылса, өзбек, түркмен, қырғыз, башқурт ҳәм ноғай тиллеринде ш еситилип тур. Ал енди қарақалпақ, қазақ тиллеринде тас түринде с сеси еситилсе, қырғыз, өзбек, башқурт, татар тиллеринде с орнында ш еситиледи. Түркий тиллерге ортақ сөзлер ҳәр тилде қурамындағы даўыслы сеслердиң аўмасып келиўи арқалы да айырықшалыққа ийе. Мәселен, бир тилде кет /е/ түринде ушыраса, екиншисинде кит /и/, бир тилде бар /а/ болса, екинши биреўинде бор (о), үшиншисинде пыр /ы/, т.б. Мысалы: Азербайжан бар- кет- Download 0.69 Mb. Do'stlaringiz bilan baham: |
Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling
ma'muriyatiga murojaat qiling