Улыўма түркий тиллерге ортақ сөзлердиң фонетикалық қурылысы жағынан жеке тиллерде
ҳәр түрли болып ушырасыўында буннан басқа да айырықшалықларды көриўге болады. Булардың
барлығы да бир уядан таралған усы тиллердиң әсирлер бойы раўажланыўының барысын да пайда
болған өзгерислерден ибарат.
Түркий ҳәм монғол тиллерине ортақ сөзлер
Түркий тиллер менен монғол тиллери генеалогиялық жақтан алып қарағанда туўыс
тиллерден есапланады. Өйткени олар бул тиллердиң дәслепки тийкары болған
алтай ти-
тийкрының тарийхый раўажланыўы нәтийэесинде улыўма түркий ҳәм улыўма монғол тиллеринен
келип шыққан топарлардан ибарат. Сонлықтан да түркий тиллери менен монғол тиллериниң
лексикасында ортақ сөзлердиң болыўы заңлы нәрсе. Түркий тиллердиң лексикасындағы
бундай
сөз қатламларын профессор Н.А.Баскаков түркий тиллер лексикасының ески қатламы деп атайды.
Ҳәзирги заман қарақалпақ тилиниң лексикасында ушарасатуғын түркий ҳәм монғол
тиллери ушын ортақ сөзлерге мына төмендегилерди жатқарыўға болады:
аға, аң, балта, бой, дана,
домбыра, ем, енди, ең, аўлақ, жыл, жара, жүрек, жемис, өш, булақ, босаға, алтын, қараў, төлеў,
табақ, сақал, пүтин, жылға, маңлай, мәңги, сал, сары, ыс т.б.
Көпшилик тил илимпазлары усындай түркий ҳәм монғол тиллери ушын ортақ сөзлерди өз
гезегинде бул тиллердиң генетикалық жақын тиллер екенлигин дәлиллейтуғын тилдеги
көринислер деп есаплайды.
Қарақалпақ тилиниң лексикасындағы түркий тиллер менен монғол тиллерине ортақ сөзлер
қолланылыўы жағынан алып қарағанда дерлик өзгерислерге ийе емес. Солай да бирли-ярым көзге
түсетуғын айырықшалықлар да ушырасып қалады. Мәселен, монғол тиллеринде
аяқ, сербегей
деген сөзлер жеке түринде қолланыла алатуғын болса, қарақалпақ тилинде олар өз алдына жеке
мәнили сөзлер сыпатында қолланылмайды.
Олар тек қазан-аяқ, ербегей-сербегей деген жуп
сөзлердиң қурамында ғана келеди ҳәм биринши бөлеклери менен биригип барып, жыйнақлаўшы
бир мәни аңлатады.
Бундай ортақ сөзлер ҳәр тилдиң өзиниң айырықшалықларына сәйкес фонетикалық жақтан
бираз өзгешеликке ийе. Мәселен, ортақ сөзлердиң монғол тиллериндеги түри менен қарақалпақ
тилиндеги түрин салыстырып қарасақ, олардың көпшилигиниң фонетикалық қурамы жағынан
айырылатуғынлығын көремиз:
Do'stlaringiz bilan baham: