%збекстан республикасы жо№ары
Орыс тилинен ҳәм орыс тили арқалы басқа тиллерден аўысқан сөзлер
Download 0.69 Mb. Pdf ko'rish
|
G.Aynazarova. Hazirgi qaraqalpaq tili. Leksikologiya (2004) (1)
Орыс тилинен ҳәм орыс тили арқалы басқа тиллерден аўысқан сөзлер
Қарақалпақ тилиниң лексикасында басқа тиллерден аўысқан сөзлердиң ишинде ең үлкен топарды қурайтуғын бөлеги орыс тилинен ҳәм орыс тили арқалы басқа тиллерден аўысқан сөзлер менен терминлерден ибарат. Орыс халқы менен қарақалпақ халқы арасындағы байланыс бир неше жылларды өз ишине алады. Сол жыллар даўамында қарақалпақ тилиниң сөзлик қурамына еки халық арасындағы қатнастың дәрежесине қарай белгили муғдарда сөзлер аўысып отырды. Қарақалпақ тилине орыс сөзлери ҳәм орыс тили арқалы басқа Европа тиллеринен сөзлер менен терминлердиң аўысыўы әсиресе соңғы дәўирде оғада жедел қубылысқа айналады. Қарақалпақ тилинде жәмийетлик турмысқа байланыслы жаңа интернационаллық сөзлер ҳәм терминлер кирип, олар халықтың күнделикли турмысына жедел түрде араласты. Булардың барлығы да қарақалпақ тилиниң раўажланыўына индоевропа тиллериниң орыс тили арқалы тәсиринен пайда болды. Орыс тилинен ҳәм орыс тили арқалы басқа тиллерден қарақалпақ тилине сөзлердиң аўысыўында улыўма еки дәўир көзге түседи: 1 . Октябрьге шекемги дәўир. 2 . Октябрьден кейинги дәўир. 1873- жылы Хийўаның патша әскерлери тәрепинен жеңип алыныўына байланыслы Әмиўдәрьяның оң жағасын мәкан еткен қарақалпақлар Россияға қосылды. Бул қарақалпақ халқының турмысында оғада үлкен әҳмийетке ийе тарийхый ўақыя болды. Орыслар менен экономикалық ҳәм мәдений қатнаслар пайда болды. Орта Азияда, соның ишинде қарақалпақ аймағын да дәслепки капиталистлик қатнасықлардың пайда болыўына ҳәм раўажланыўына тарийхый жағдай туўылды. Майда заводлар, жол қатнаслары, саўда ислери, аўыл-хожалығы, балықшылық өсе баслады. Артта қалған халық кем-кем Орайлық Россия менен байланысты күшейтиў ислеринде де өзшгерислер пайда болды. Халықтың аўқатлы бай қатламларының ишинен чиновниклерди ҳәм басқа хызметкерлерди таярлайтуғын жаңа мектеплер шөлкемлестиирлди. Оларда орыс тили ҳәм басқа да сабақлар оқытылды. Мине булар орыс халқы мене қарақалпақ халқы арасындағы байланыстың күшлирек раўажланыўына, соның нәтийжесинде орыс тилинен қарақалпақ тилине сөзлердиң көбирек аўысыўына себепши болды. Октябрьге шекемги дәўир ишинде орыс тили арқалы басқа тиллерден қарақалпақ тилине аўысқан мынадай сөзлерди ушыратыўға болады: кеңсе, бадырақ, ширкеў, пароход, самовар, пуд, пристав, болыс, уезд, завод, геўиш, доктор, машина, гербиш т.б. Бул сөзлердиң көпшилиги бизиң тилимизде орыс тилиндегисине қарағанда бираз өзгерген түрде айтылып келди: Мәселен, геўиш, ояз, гербиш т.б. Олар сол түринде әдебий тилде қәлиплесип отыр. Орыс тилинен ҳәм орыс тили арқалы басқа тиллерден сөз аўысыўының биринши дәўиринде келип кирген сөзлер, көбинесе, мәмлекетлик басқарыў ислерине, саўда ислерине, қурылысқа, техникаға байланыслы сөзлерден ибарат. Мәселен, кесе, болыс, ояз, пристав усаған сөзлер мәмлекетлик басқарыў бойынша тилимизге кирген сөзлер болса, ярмарка, пуд, параход, машина усаған сөзлер саўдаға ҳәм техникаға тийисли, т.б. Қарақалпақ халқының турмысындағы Октябрьден кейинги экономикалық ҳәм мәдений өзгерислерге, илим ҳәмтехника жетискенликлерине, орыс тилин үйрениўге ҳәм сол тилде екинши тилде сөйлеўши халық пенен қатнас жасаўға, баспа сөздиң раўажланыўына байланыслы тилимиздиң лексикасы толып атырған орыс сөзлери, орыс тили арқалы басқа тиллерден кирген сөзлер ҳәм терминлер менен байыды. Қарақалпақ тилиниң сөзлик қурамында орыс тилинде де, басқа халықлардың тиллеринде де бирдей қолланыла беретуғын сөзлер ҳәм терминлер пайда болды. Мысалы: партия, революция, феодализм, капитализм, диктатура, электр, философия, механика, физика, астрономия, математика, химия, атом, театр, поэма, академия ҳ.т.б. Булар бизиң тилимизге орыс тили арқалы аўысты. Орыс тили арқалы қарақалпақ тилине келип кирген сөзлердиң көбинесе Европа халықлары тиллеринен екенлиги көзге түседи. Буның себебин, әлбетте, орыс халқының өзиниң тарийхый раўажланыўы дәўирлеринде сол халықлар менен болған байланысынан деп түсиниўимиз керек. Тилмизде мынадай Европа халықларының тиллеринен орыс тили арқалы аўысқан сөзлер менен терминлерди көриўге болады: 1 . Грек тилинен кирген сөзлер: философия, хор, комедия, трагедия, алфавит, грамматика, Download 0.69 Mb. Do'stlaringiz bilan baham: |
Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling
ma'muriyatiga murojaat qiling