%збекстан республикасы жо№ары


Тема: Фразеологиялық сөз дизбеклериниң экспрессивлик-стильлик


Download 0.69 Mb.
Pdf ko'rish
bet31/37
Sana13.01.2023
Hajmi0.69 Mb.
#1091835
TuriЛекция
1   ...   27   28   29   30   31   32   33   34   ...   37
Bog'liq
G.Aynazarova. Hazirgi qaraqalpaq tili. Leksikologiya (2004) (1)

Тема: Фразеологиялық сөз дизбеклериниң экспрессивлик-стильлик 
айырықшалықлары 
Жоба:  
1
. Ортақ стильлик фразеологиялық сөз дизбеклери 
2
. Аўызеки сөйлеў тилине тән фразеологиялық сөз дизбеклери 
3
. Жазба стильге тән фразеологиялық сөз дизбеклери 
Таяныш сөзлер: фразеологизмге тән стильлик айырықшалықлар, мәнилик бояўлар, ортақ 
стильлик фразеологизмлер, аўызеки сөйлеў тилине тән фразеологизмлер, жазба стильге тән 
фразелогизмлер, ортақ стильлик қатламның элементлери, жәмийетлик-публицистикалық 
фразеологизмлер, илимий-фразеологиялық лексика, арнаўлы ислер ҳәм ис қағазлары стилине тән 
фразеологизмлер, көркем-беллетристикалық фразеологиялық лексика. 
Сораўлар 
1
. Фразеологизмлер қандай стильлик айырықшалықларға ийе? 
2
. Фразеологиялық экспрессивлик-стильлик жақтан қандай топарларға бөлинеди? 
 
 
 
 


 
Фразеологиялық сөз дизбеклериниң экспрессивлик-услублық айрықшалықлары 
ҳаққында 
Фразеологиялық сөз дизбеклери өзгеше мәнили лексикалық бирлик сыпатында 
экспрессивлик жақтан тәсирлилик пенен сыпатланады. Бул өзгешелик көпшилик фразеологиялық 
сөз дизбеклерине тән қәсийет. Бул оларды сәйкес синонимлик жубайлары менен салыстырғанда 
айырықша сезиледи. Айтайық, жағының етин жеген сөз дизбеги менен арық деген сөз мәнилик 
жақтан бир-бирине жақын, сонлықтан олар бир синонимлик қатарға ене алады. Ал мәнилик 
жақтан бириншиси екиншисине қарағанда анағурлым өткирликке, тәсирлиликке, күшли 
экспрессияға ийе: Сөйлеўши де, жазыўшы да мине усы жағдайды есапқа ала отырып, күнделикли 
турмыста фразеологиялық сөз дизбеклеринен пайдаланыўға умтылады. Фразеологизмлерге тән 
услублық айырықшалықлар, мәни бояўлары оларды таңлап қолланыўға, тил арқалы пикир 
алысыўдың, қатнастың дәл жағдайларына сәйкес орынлы қолланыў зәрүрлигин туўдырады. 
Биз жеке сөз түринде қолланып жүрген анаў я мынаў лексикалық бирликлерге услублық баҳа 
бериўде, оларды услублық жақтан классификациялағанда пикир алысыўдың еки түрли - аўызеки 
сөйлеў ҳәм жазба формаларын, соған сәйкес сөйлеў ҳәм логиялық сөз дизбеклери мине усыған 
байланыслы да услублық қолланылыўы, бейимлилиги жағынан бир-биринен парық қылады. 
Олардың бир топары аўызеки сөйлеў тән болса, екинши биреўлери жазба услубқа тән, ал үшинши 
бир топары аўызеки сөйлеў услубына да, жазба услублар тараўында да өрис таңламастан 
қолланыла береди. Усыған қарай фразеологиялық сөз дизбеклерин тийкарынан үш топарға 
бөлиўге болады:
1) ортақ услублық фразеологиялық сөз дизбеклери,
2) сөйлеў тилине тән фразеологиялық сөз дизбеклери,
3) жазба услубқа тән фразеологиялық сөз дизбеклери. 

Download 0.69 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   27   28   29   30   31   32   33   34   ...   37




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling