%збекстан республикасы жо№ары


Арнаўлы ислер ҳәм ис қағазлары услубына тән фразелогиялық сөз дизбеклери


Download 0.69 Mb.
Pdf ko'rish
bet35/37
Sana13.01.2023
Hajmi0.69 Mb.
#1091835
TuriЛекция
1   ...   29   30   31   32   33   34   35   36   37
Bog'liq
G.Aynazarova. Hazirgi qaraqalpaq tili. Leksikologiya (2004) (1)

Арнаўлы ислер ҳәм ис қағазлары услубына тән фразелогиялық сөз дизбеклери. 
Жазба функциональлық услублардың бул тараўына тийисли де өзгеше турақлы сөз дизбеклери 
бар. Булар мәмлекетлик қатнас қағазлары, пәрманлар, буйрықлар, қарарлар, нызамлар, режелер, 
мәкемелер арасындағы қатнас қағазлары, келисимлер актлер ҳәм усыларға усаған ҳүжжетлерде де 
қолланылатуғын фразелогиялық сөз дизбеклеринен ибарат. Мысалы: күн тәртиби, жыйналыстың 
барысы, ашық даўыс, жасырын даўыс, протоколдан көширме, жуўмақлаў сөз, кирис сөз, қарсы 
даўыс, жарыс сөз, даўыс бериўши, өмир баян т.б. 
4. Көркем-беллетристикалық фразелогиялық лексика. Жазба услубқа тән фразелогиялық 
сөз дизбеклериниң ишинде белгили орынды ийелейтуғын топары көркем - беллетристикалық 
фразелогиялық лекаика болып табылады. Олар көркем шығармаларда образлы тил қураллары 
хызметин атқарады, пүтин мәнини поэтикалық мақсетте айрықша образлылық пенен бериўге 
жәрдем етеди. Мәселен, пашшайы дөниў, телегей теңи сөз дизбеклерин алып қарайық. Олар 
аңлатқан мәнини екинши бир сөз бенен ямаса өзгертип пашшайыға усап турыў, пашшайыдай 
болып жалтырап турыў, заўықлы болып көриниў, ушы-қыйры жоқ теңиз, жайылып атырған 
теңиз деген менен дәслепки турақлы түриндеги нәзик мәнини, өткир ҳәм образлы мәнини толық 
бериў ҳеш қандай мүмкин емес. Образлылық көркем беллестристикалық лексикаға кирмейтғын 
көпшилик фразелогиялық сөз дизбеклерине де тән, әлбетте. Айтайық, ортақ услублық турақлы сөз 
дизбеклериниң басым көпшилиги усындай сыпатқа ийе. Көркем әдебиятта олар да поэтикалық тил 
қуралларының хызметин атқара береди. Бул көркем сөз шебериниң тилден қалай пайдаланыўына 
байланыслы. Солай да көркем беллестристикалық услуб тараўында арнаўлы қолланылатуғын 
фразелогиялық сөз дизбеклериниң басқалары менен салыстырғанда өзине тән өзгешеликлери бар. 
Бул олардың усы услуб тараўына да дөреўи ҳәм өриси бойынша сол тараўға тийисли болып 
келиўинен ибарат. Оларда, әлбетте, өзгеше мәни образлылығы айырықша көзге түседи: аўыз, 
гүлленген ел, ышқы оты, шалқар теңиз, маржан тис, алма, мойын, бадам қабақ, таўыстай тараныў, 
сыңқ-сыңқ күлиў т.б. 
Солай етип, фразелогиялық сөз дизбеклери услублық қолланылыўы, өзгешеликлери 
бойынша ортақ услублық сөйлеў тили услубы ҳәм жазба услубқа тән қатламларға ажыратылады. 
Олар арасында беккем байланыс бар. 
Әдебиятлар: 
1. 
Е.Бердимуратов. Ҳәзирги қарақалпақ тили, лексикология. Нөкис, 1994. 
2. 
Н.М.Шанский. Фразеология современного русского языка.М., 1963. 



Download 0.69 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   29   30   31   32   33   34   35   36   37




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling