49
конституциялық нызам ямаса Өзбекстан Республикасының
референдумы
менен киргизиледи.
Усы Конституцияның 1-статьясы ҳәм усы статья екинши бөлиминиң
қағыйдалары қайта көрип шығылыўы мүмкин емес.
Өзбекстан Республикасының Конституциясына өзгерис ҳәм
қосымшалар киргизиў ҳаққындағы конституциялық нызамда оның
нормаларын, сондай-ақ Конституцияның нормаларын қолланыўдың өзине
тән өзгешеликлери нәзерде тутылыўы мүмкин.
155-статья.
Өзбекстан Республикасы
Олий Мажлиси тийисли усыныс
киргизилгеннен кейин алты ай даўамында Конституцияға өзгерис ҳәм
қосымшалар киргизиў ҳаққында кең ҳәм ҳәр тәреплеме додалаўды есапқа
алған ҳалда конституциялық нызам қабыл етилиўи мүмкин. Егер Өзбекстан
Республикасы Олий Мажлиси Конституцияны өзгертиў ҳаққындағы
усынысты қайтарса, усыныс бир жыл өткеннен кейин ғана қайта
киргизилиўи мүмкин».
2-статья.
Усы Конституциялық Нызам референдум жуўмақлары Өзбекстан
Республикасы Орайлық сайлаў комиссиясы тәрепинен рәсмий жәрияланған
күннен баслап күшке киреди.
Do'stlaringiz bilan baham: