Збекстан республикасы


Download 371.64 Kb.
Pdf ko'rish
bet42/44
Sana21.04.2023
Hajmi371.64 Kb.
#1373265
TuriСтатья
1   ...   36   37   38   39   40   41   42   43   44
Bog'liq
kr

3-статья.
Усы Конституциялық Нызам күшке киргенге шекем Өзбекстан 
Республикасы аймағында әмелде болған нызамлар ҳәм басқа нормативлик 
ҳуқықый актлер усы Конституциялық Нызам редакциясындағы Өзбекстан 
Республикасы Конституциясына қайшы болмаған бөлегинде қолланылады. 
4-статья.
Усы 
Конституциялық 
Нызам 
редакциясындағы 
Өзбекстан 
Республикасы Конституциясы нормалары тийисли нызамлар ҳәм басқа 
нормативлик ҳуқықый актлер қабыл етилиўинен ямаса бар екенлигине 
қарамастан, усы Конституциялық Нызам күшке кирген ўақыттан баслап 
туўрыдан-туўры әмел етеди. 
5-статья.
Әмелдеги шақырық Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси 
Нызамшылық палатасы ҳәм Сенаты усы Конституциялық Нызам күшке 
кирген ўақыттан баслап өз жумысын усы Конституциялық Нызам 
редакциясындағы Өзбекстан Республикасы Конституциясында белгиленген 
ўәкилликлерине муўапық әмелге асырады.


50 
Усы 
Конституциялық 
Нызам 
редакциясындағы 
Өзбекстан 
Республикасы Конституциясы 92-статьясы үшинши бөлиминиң Өзбекстан 
Республикасы Олий Мажлиси Сенатының сайланатуғын (тайынланатуғын) 
ағзалары санын белгилеўши қағыйдалары 2024-жыл гезектеги шақырықтағы 
Сенат қәлиплестирилиўи басланғанынан әмелге киргизиледи. 
6-статья.
Тийисли нормативлик ҳуқықый базаны таярлаў, жергиликли 
ўәкилликли ҳәм атқарыўшы мәмлекетлик ҳәкимият уйымлары жумысының 
избе-излиги ҳәм де үзликсизлигин тәмийинлеў зәрүрлиги мүнәсибети менен 
усы Конституциялық Нызам редакциясындағы Өзбекстан Республикасы 
Конституциясы 120-статьясы үшинши бөлиминиң ўәлаят, район, қала 
ҳәкими лаўазымын ийелеп турған шахс бир ўақыттың өзинде халық 
депутатлары Кеңеси баслығы лаўазымын ийелеўи мүмкин емеслиги 
ҳаққындағы қағыйдалары: 
ўәлаятлар ҳәм де Ташкент қаласы ўәкилликли ҳәм атқарыўшы 
мәмлекетлик ҳәкимият уйымларына 2024-жылда халық депутатлары 
ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы Кеңеслери депутатларының гезектеги 
сайлаўлар жуўмақлары бойынша; 
районлық ҳәм қалалық ўәкилликли ҳәм де атқарыўшы мәмлекетлик 
ҳәкимият уйымларына болса 2026-жыл 1-январьдан баслап әмелге 
киргизиледи. 

Download 371.64 Kb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   36   37   38   39   40   41   42   43   44




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling