Збекстан республикасы
Download 371.64 Kb. Pdf ko'rish
|
kr
43-статья. Мәмлекет пуқаралардың бәнтлигин тәмийинлеў, оларды жумыссызлықтан қорғаў, сондай-ақ кәмбағаллықты қысқартыў илажларын көреди. 12 Мәмлекет пуқаралардың кәсиплик таярлығын ҳәм қайта таярланыўын шөлкемлестиреди ҳәм де хошаметлейди. 44-статья. Судтың шешими менен тайынланған жазаны өтеў тәртибинен ямаса нызамда нәзерде тутылған басқа жағдайлардан тысқары мәжбүрий мийнет қадаған етиледи. Балалар мийнетиниң баланың денсаўлығына, қәўипсизлигине, минез- қулқына, ақылый ҳәм физикалық раўажланыўына қәўип салыўшы, соның менен бирге оның билим алыўына тосқынлық етиўши ҳәр қандай түрлери қадаған етиледи. 45-статья. Ҳәр ким дем алыс ҳуқықына ийе. Жалланып ислеўшилерге дем алыс ҳуқықы жумыс ўақтының даўамлылығын, дем алыс ҳәм исленбейтуғын байрам күнлерин, ҳақы төленетуғын ҳәр жылғы мийнет дем алысын белгилеў арқалы тәмийинленеди. 46-статья. Ҳәр ким қартайғанда, мийнет етиў уқыбынан айырылғанда, жумыссызлықта, сондай-ақ асыраўшысынан айырылғанда ҳәм нызамда нәзерде тутылған басқа да жағдайларда социаллық жақтан тәмийинлениў ҳуқықына ийе. Нызамда белгиленген пенсиялар, напақалар ҳәм басқа да түрдеги социаллық жәрдемниң муғдарлары рәсмий түрде белгиленген ең кем тутыныў қәрежетлеринен аз болыўы мүмкин емес. 47-статья. Ҳәр ким турақ жайлы болыў ҳуқықына ийе. Ҳеш ким судтың шешимисиз ҳәм нызамға қайшы түрде турақ жайынан айырылыўы мүмкин емес. Турақ жайынан айырылған меншик ийесине турақ жайдың қуны ҳәм де ол көрген зыянлардың орны нызамда нәзерде тутылған жағдайларда ҳәм тәртипте алдын-ала, тең муғдарда қаплап берилиўи тәмийинленеди. Мәмлекет турақ жай қурылысын хошаметлейди ҳәм турақ жайға болған ҳуқықтың әмелге асырылыўы ушын шараятлар жаратады. Халықтын социаллық жақтан мүтәж қатламларын турақ жай менен тәмийинлеў тәртиби нызам менен белгиленеди. Download 371.64 Kb. Do'stlaringiz bilan baham: |
Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling
ma'muriyatiga murojaat qiling