Исбилерменлик субьектлериниң
ҳуқықларын қорғау секторы баслығы А.Аскаров
№01/11-910
26.05.2022
|
ЖИ "Рахманов Даўран Машарипович"
Хорезм ўалаяты, Ханқа районы,
Намуна аўылы, Туркистан мәхәллеси
|
Өзбекстан Саўда-санаат палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасы ағзасы АКБ "Агробанк" Тахтакөпир филиалы менен ЖИ "Рахманов Даўран Машарипович" ортасында 2021-жыл 25-февраль куни №151-санлы кредит шәртнамасы дузилген, бирақ ЖИ "Рахманов Даўран Машарипович" тәрепинен кейиншеллик шәртнама шәртлери лазым дәрежеде орынланбағанлығы себепли тийкарғы кредит қарыздарлығы 176 000 000 сум, соннан муддети өткен тийкарғы кредит карыздарлығы 33 000 000 сум, пайыз қарыздарлығы 10 755 000 сум, жәми 219 755 000 сумды өндириўге судқа даўа арза киритиўди сораған.
“Өзбекстан Республикасы Саўда-санаат палатасы ҳаққында”ғы нызамға тийкар Исбилерменлик субьектлерин қоллап-қуўатлаў, мәслахат бериў, жәрдем көрсетиў ҳәмде хабар менен тәмийнлеў Өзбекстан Саўда-санаат палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасының тийкарғы ўазыйпалары есапланады. Жоқарыдағыларды есапқа алған халда ҳәмде Өзбекстан Республикасының “Өзбекстан Республикасы Саўда-санаат палатасы ҳаққында”ғы нызамның 3-статьясы талапларынан келип шығып, тәреплер ортасындағы келиспеўшиликлерди судқа шекем тыныш хәм келисиў жолы менен шешиў ушын 02.06.2022 ж.саат 10:00 ға Нөкис қаласы, И.Каримов көшеси номерсиз жайда жайласқан Саўда-санаат палатасына келиўиңизди сораймыз.
Исбилерменлик субьектлериниң
ҳуқықларын қорғау секторы баслығы А.Аскаров
№01/11-913
Do'stlaringiz bilan baham: |