Исбилерменлик субьектлериниң
ҳуқықларын қорғау секторы баслығы А.Аскаров
№01/11-953
06.06.2022
|
"TOSHXIRMON CHARVO" ФХ
Беруний районы, Наўайы АПЖ
|
Өзбекстан Саўда-санаат палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасы ағзасы АК "Халкбанк" Беруний филиалы менен "TOSHXIRMON CHARVO" ФХ ортасында 2020-жыл 10-сентябрь куни №1050-санлы кредит шәртнамасы дузилген, бирақ "TOSHXIRMON CHARVO" ФХ тәрепинен кейиншеллик шәртнама шәртлери лазым дәрежеде орынланбағанлығы себепли тийкарғы кредит қарыздарлығы 1 294 000 000 сум, соннан муддети өткен тийкарғы кредит карыздарлығы 248 902 000 сум, пайыз қарыздарлығы 305 978 000 сум, жәми 1 599 978 000 сумды өндириўге судқа даўа арза киритиўди сораған.
“Өзбекстан Республикасы Саўда-санаат палатасы ҳаққында”ғы нызамға тийкар Исбилерменлик субьектлерин қоллап-қуўатлаў, мәслахат бериў, жәрдем көрсетиў ҳәмде хабар менен тәмийнлеў Өзбекстан Саўда-санаат палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасының тийкарғы ўазыйпалары есапланады. Жоқарыдағыларды есапқа алған халда ҳәмде Өзбекстан Республикасының “Өзбекстан Республикасы Саўда-санаат палатасы ҳаққында”ғы нызамның 3-статьясы талапларынан келип шығып, тәреплер ортасындағы келиспеўшиликлерди судқа шекем тыныш хәм келисиў жолы менен шешиў ушын 13.06.2022 ж.саат 10:00 ға Нөкис қаласы, И.Каримов көшеси номерсиз жайда жайласқан Саўда-санаат палатасына келиўиңизди сораймыз.
Исбилерменлик субьектлериниң
ҳуқықларын қорғау секторы баслығы А.Аскаров
Do'stlaringiz bilan baham: |