07.06.2022
|
Жеке исбилермен «Курбанова Насиба Ахмад кызы» баслыгына
Амударя районы Бог МФИ Панашам ауыл пункти 70 уй
|
Өзбекстан Республикасы Саўда-санаат палатасы Қарақалпақстан басқармасына «Агробанк» АКБ ҚР басқармасы тәрепинен мүрәжат келип түсти. Мүрәжатте тәреплер ортасында 2021-жылы 26-май күни 32 000 000 сумлық кредит шәртнама дузилгенлиги бирақ шәртнама шәртлери Сиз тәрепиңизден лазым дәрежеде орынланбай атырғанлығын билдирип, мәселени суд тәртибинде шешиўде әмелий жәрдем сораған.
Өзбекстан Саўда-санаат палатасы тәрепинен исбилерменлер арасындағы даўларды суд тәртибинде шешиўден алдын, мәселени артықша қәрежет ҳәм ўақыттың жумсалыўын талап етпейтуғын медиация, яғный өз-ара сөйлесиўлер жүргизип келисим жолы менен шешиў усынылыўы белгиленген.
Сонлықтан, Басқарма исбилерменлер арасындағы шәртнамадан келип шыққан даўды 2022-жыл 14-июнь күнине шекем өз-ара келисим жолы менен шешиўиңизди сорайды. Сиз тәрепиңизден «Агробанк» Амударя филиалы талаплары ықтыярый рәўиште орынланбаған ҳәм тәреплер өз-ара келисимге келмеген жағдайда Басқарма тәрепинен Сизге қарсы судқа даўа арза киритилетуғынлығы ҳаққында ескертеди.
Егерде тәреплер ортасында келисим дүзилген яки Сиз тарептен«Агробанк» Амударя филиалы талаплары ыхтыярий рәўиште орынланған жағдайда Сизден келисимге келгенлигиңиз яки талаплар орынланғанлығын тастыйқлаўшы ҳүжжетлерди Өзбекстан Саўда Санаат палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасына усыныўыңызды сорайды.
Исбилерменлик субьектлериниң
ҳуқықларын қорғау секторы бас юрисконсульт А.Бабажанов
№01/11-958
07.06.2022
|
"BOSTAN TEXNIK CITY" ЖШЖ
Қанлыкөл районы, Бостан АПЖ
|
Өзбекстан Саўда-санаат палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасы ағзасы АК "Халкбанк" Қанлыкөл филиалы менен "BOSTAN TEXNIK CITY" ЖШЖ ортасында 2021-жыл 03-май куни №180-санлы кредит шәртнамасы дузилген, бирақ "BOSTAN TEXNIK CITY" ЖШЖ тәрепинен кейиншеллик шәртнама шәртлери лазым дәрежеде орынланбағанлығы себепли муддети өткен жәми қарыздарлықты өндириўге ҳәм гиреў миннетлемесин жуклеп бериўге судқа даўа арза киритиўди сораған.
“Өзбекстан Республикасы Саўда-санаат палатасы ҳаққында”ғы нызамға тийкар Исбилерменлик субьектлерин қоллап-қуўатлаў, мәслахат бериў, жәрдем көрсетиў ҳәмде хабар менен тәмийнлеў Өзбекстан Саўда-санаат палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасының тийкарғы ўазыйпалары есапланады. Жоқарыдағыларды есапқа алған халда ҳәмде Өзбекстан Республикасының “Өзбекстан Республикасы Саўда-санаат палатасы ҳаққында”ғы нызамның 3-статьясы талапларынан келип шығып, тәреплер ортасындағы келиспеўшиликлерди судқа шекем тыныш хәм келисиў жолы менен шешиў ушын 14.06.2022 ж.саат 10:00 ға Нөкис қаласы, И.Каримов көшеси номерсиз жайда жайласқан Саўда-санаат палатасына келиўиңизди сораймыз.
Do'stlaringiz bilan baham: |