«Өнери өшпес тулға»

Sana01.01.1970
Hajmi
#214172
Bog'liq
«Өнери өшпес тулға»



«Өнери өшпес тулға»
2019 жыл 12 февраль күни Қарақалпақстан Республикасы И. В. Савицкий 
атындағы 
мәмлекетлик 
көркем-өнер 
музейинде 
Өзбекстан 
ҳәм 
Қарақалпақстанға мийнети сиңген көркем-өнер ғайраткери, Бердақ 
атындағы мәмлекетлик сыйлықтың лауреаты, Қарақалпақ сүўретлеў өнери 
тарийхында биринши профессионал художник Кыдырбай Саиповтың (1939-
1972) 80 жасқа толыўы мүнәсибети менен художниктиң дөретиўшилиги 
ҳәм өмир жолына бағышланған «Өнери өшпес тулға» атлы көргизбе 
ашылды. 
Image not found or type unknown
Оған елимиздеги бир қатар көркем өнер таныўшы хызметкерлер, марҳум 
дөретиўши менен бирге ислескен кәсиплеслери, сондай-ақ, Қдырбай Сайыповтың 
өмирлик жолдасы ҳәм перзенти және республикалық ғалаба хабар қуралларының 
ўәкиллери қатнасты.
Image not found or type unknown
Музей фондында сақланып атырған художниктиң 50 ге жакын театр эскизлери
жеке картиналары ҳәм художниктиң өмириндеги әжайып ўакыяларға бай дәўирди 
сәўлелендирген архив суӯретлери тамашагөйлерде үлкен руўхый заўық 
бағышлады.
Кыдырбай Саипов 1939 жыл 10 сентябрде Қарақалпақстанның Шымбай районында 
дүньяға келген. Сүўретлеў өнерине балалық гезлеринен қызығыўшылығы жоқары 
болған жас талант ийеси 1952-1957 жыллар аралығында П.П.Бенков атындағы 
Ташкент мәмлекетлик көркем өнер билим журтында живопись бөлиминде
П.Петров, Ю.Елизаров сыяқлы күшли педагог устазлар қолында тәлим алады. 1957 
жыл өзиниң тематикалык картинасы «Бозатаў» атлы диплом жумысы менен 
Саипов билим дәргайын жоқары баҳалар менен тамамлайды. Усы жылы ол Нөкисте 


сол ӯақыттағы К.С.Станиславский атындағы мәмлекетлик музыка драма ҳәм 
комедия театрында (ҳәзирги Бердақ атындағы академиялық музыкалы драма 
театры) художник сыпатында жумыс баслайды. Бир жылдан соң оған театрдың 
бас художниги лаўазымы бериледи. Саипов театрда ең дәслеп Т.Алланазаровтың 
«Бахыт» (1957) атлы тарийхый көтерилис темасына арналған спектакль ушын 
безеў жумысы менен ис баслаған болса, кейинги жылларда Ж.Аймурзаевтың
«Бердақ» (1958), К.Винников ҳәм Ю.Оскаровлардың «Ақ лотос гүллери» (1959), 
Н.Дәўқараевтиң «Алпамыс», (1961), И.Юсуповтың «Қырық қыз» (1963), К.Листовтың 
«Куба 
қызы» 
(1963), 
Т.Кайыпбергеновтың 
«Қарақалпақ 
қызы» 
(1967), 
И.Максумовтың «Наўайы Астрабадта» сыяқлы спектакллердиң безеў жумысларын 
алып барды. Ол 15 жыллық театрдағы қысқа жумыс ислеген дәўиринде 50 ден 
аслам спектакллерди безеп сахналастырыўға еристи. 
Художник театрдағы жумысы менен бирге жеке дөретиўшиликти тең алып 
барыўға ҳәрекет еткен. Дөретиўшиниң портрет ҳәм пейзаж жанрларындағы 
картиналары өзине тән сызықлар, реңлер уйлесими, жылўалы көринислери менен
айрықша көзге тасланады. «Кеш. Жарқын гүз» (1961), «Күн батыўы», 
«Автопортрет» (1961), «Күнниң қызарып батыўы» (1968), «Кыз портрети» (1961), 
«Б.Матчанов портрети» (1961) сыяқлы шығармаларда художниктиң қаншелли 
дәрежеде бай талант ийеси болғанлығын көриўимизге болады.
Image not found or type unknown
Музей баспасөз хызмети

Download

Do'stlaringiz bilan baham:




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling