Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети «Электр техникасы ҳәм метрология» кафедрасында алып барылатуғын руӯхыйлық ҳәм ағыртыӯшылық жумысларының гезектеги


Download 1.95 Mb.
bet1/7
Sana18.02.2023
Hajmi1.95 Mb.
#1211957
  1   2   3   4   5   6   7

Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети
«Электр техникасы ҳәм метрология» кафедрасында алып барылатуғын руӯхыйлық ҳәм ағыртыӯшылық жумысларының гезектеги
1- мәжилисиниң баянламасы



Нөкис қаласы

30.08.2021 ж.







Қатнасқанлар:

Кафедра ағзалары

Күн тәртиби:



  1. Өзбекстан Республикасы Ғәрезсизлигиниң 30 жыллығына байланыслы байрам кешесин өткериӯ

2. Aғымдaғы мәселелер.


ТЫҢЛАНДЫ: Биринши мәселе бойынша кафедра баслығы шығып сөйледи ҳәм өз сөзинде кафедра ағзаларын Өзбекистан Республикасы ғәрезсизлик байрамы менен қутлықлады ҳәм елимизде кең түрде нышанланатуғын ғәрезсизлик байрамын салтанатлы өткериў барысы ҳәм бул байрам кешесине кафедра ағзаларын белсене қатнасыўын айтып өтти. Усы жоқарыда аты аталған профессор-оқытыўшылардың ҳәзирги заман талабына толық жуўап бере алатуғын қәнигелер екенлигин ҳәм олардың заманагөй компьютер программаларда ислей алатуғынлығын есапқа ала отырып кафедра жәәмәти усындай шешимге келгенлигин атап өтти.
ТЫҢЛАНДЫ: Буннан бул мәселе бойынша кафедраның үлкен оқытыўшысы Қ.Нажматдинов шығып сөйледи Өткен оқыў жылындағы ушырасқан қәте-кемшиликлерди есапқа алған ҳалда тәлим тәрбия жумысларын ҳәм оқыў ислерин шөлкемлестириў кереклигин түсиндирди. Бул биринши гезекте кафедра оқытыўшыларының искерлигин ҳәм талапшаңлығын талап етеди. Таза оқыў жылында кафедра профессор-оқытыӯшылары ҳәм белсенди студентлер менен Ғәрезсизлик байрамын биргеликте байрамлаӯ кереклиги жобаластырып қойылғанлығын айтып өтти.
ТЫҢЛAНДЫ: Бул мәселеге қосымша кафедра стажёр-оқытыӯшысы Б. Жумамуратов баянат жасады. 2020-2021 оқыў жылында өткерилген руӯхыйлық жумысларының жуўмақлары бойынша есабат берип өтти. Бул бойынша кафедраның әмелиятлары бойынша Республиканың белгили өндирис кәрханаларында кең түрде алып барылғанлығын айтып өтти. Жуўмақластырып айтқанда 2020-2021 оқыў жылында өткерилген кафедра студентлериниң әмелиятлар жуўмақлары қанаатландырарлы деп мәлимлеме берди.
Ағымдағы мәселе бойынша кафедра баслығы шығып сөйлеп кафедра баслығы кафедра ағзаларын тәлим-тәрбия жумысларының ис режелесин тез күн ишинде тастыйықлаўды усыныс етти..
Мәжлис соңында күн тәртибиндеги мәселелер бойынша қарар қабыл етилди.

Download 1.95 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
  1   2   3   4   5   6   7




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling