Бетон ҳәм темирбетоннан таярланатуғын конструкциялардың қурылыстағы салмағы басқа материаллдан пайдаланатуғын конструкцияларға салыстырғанда көп болғанлағы себепли оған күннен-күнге үлкен итибар берилмекте


Download 337.5 Kb.
bet1/24
Sana07.05.2020
Hajmi337.5 Kb.
#104046
  1   2   3   4   5   6   7   8   9   ...   24
Bog'liq
ТБК курс жумысы УЛГИ



К И Р И С И Ў

Бетон ҳәм темирбетоннан таярланатуғын конструкциялардың қурылыстағы салмағы басқа материаллдан пайдаланатуғын конструкцияларға салыстырғанда көп болғанлағы себепли оған күннен-күнге үлкен итибар берилмекте. Темирбетоннан таярланатуғын конструкция раўажланбақта ҳәм олардың исениўшилик дәрежеси асырылмақта. Сол себепли капитал қурылысқа ажыратылған қәрежеттиң 25%ти темирбетон конструкцияларға, тек ғана 3% ти металл конструкцияларға, 13.5% ти болса ағаш буйымларға сарыпланар екен. Демек, қурылысшы алдында темирбетон конструкциялардың техник-экономик көрсеткишлерин жақсылаў, буйымлардың баҳасын арзанластырыўдай керекли ўазыйпалар турыпты.

XIX- әсирдиң биринши ярымына шекем тийкарғы қурылыс материаллары сыпатында ағаш материаллар ислетилетуғын еди. Орта Азия шараятында ағаш материаллар сыпатында тийкарынан терек, тал, тут ҳәм арша ислетилген. Жер силкиниўге шыдам бере алатуғын ағаш материаллардан исленген имаратлар ҳәзирге шекем шығыс санаатын байытып турыпты.

XIX- әсирдиң екинши ярымына келип қурулыс ислеп шығарыўдың дәрежесиниң асыўы қурылыс монтаж ислериниң өнимдарлығына өз тәсирин тийгизди. Имарат ҳәм иншаатларды қурыўда майда элементлерден ири конструкция ҳәм деталларға өтип олардан қолланыла баслады.

Темирбетон конструкциялары пәни инженерлердиң тәжрийбесин арсыратуғын пәнлердиң бири болып, оны терең өзлестириў ҳәр қандай қурылысшы-инженер ушын зәрүр.

Темирбетон конструкцияларды жойбарлаў теориясы техника пәнлери тараўларының бири болып, ол беккем ҳәм соның менен бирге экономиялы элементлерди жаратыў үстинде жумыс алып барады.

Беккемлилик ҳәм көпке шыдамлылық қурылыс конструкцияларына қойылатуғын тийкарғы талаплардың бири. Қурылысшы-инженер конструкцияның сондай шешимин табыў керек, бунда конструкция ҳәм жоқарыдағы талапларға жуўап берсин ҳәм тежемли болсын. Бул болса мәселени оптималь жойбарлаў машқаласына алып келеди.

Қурылыс араласпасын таярлаўда, тийкарынын бириктириўши затлардан саз, ҳәк, гипс, таў жынысы-трепел, опока қосылган ҳәк сыяқлы материаллар ислетиледи.

Қурылыс материалларын ислеп шығарыў санаатының ең әҳмийетли ўазыйпалары жергиликли шийки затлардан кең пайдаланыў ҳәм буйым ислеп шығарыўды раўажландырыў, олардың сыпатын асырыў ҳәм қурылыстың өзине түсер баҳасын кемейттириў.

Жыйналмалы темирбетонның қурылыста қолланыўы мийнет өнимдарлығын үш ҳәм оннанда көбирек есеге арттырды. Тарийхтан мәлим темирбетон XIX - әсирдиң 50- жылларынан баслап қолланыла баслаған. Темирбетон буйымларға биринши патентлер Францияда (Ламбо 1850-ж), Англияда (Улкинсон 1854-ж) ҳәм АҚШта (Гиатт-1855-1877ж) берилген.

Биринши мәрте жыйналмалы темирбетон конструкциялар 1876-жылда Россияда ҳәм Албанияда қолланған. XX-әсирдиң 20-30-жылларынан баслап, әсиресе 50-жыллардан берги жағында кең қолланыла баслады (Россияда 1802-жылы Царскосельский двореци тамын арматураланған бетон менен бастырған, бирақ олар таза материал таптық деп ойламаған ҳәм потент алмаған).

Имарат ҳәм иншаатларды қурыў ҳәм монтаж қылыўда ири бетон ҳәм темирбетон конструкциялардан пайдаланыў мийнет өнимдарлығын асырыўға, қурылыс сыпатын жақсылаў, мүддетти қысқартыў ҳәм өзине түсер баҳасын кемейтириўге мүмкиншилик береди.

1855-жылы Германияда инженер Ванс ҳәм профессор Баўшингер конструкцияның беккемлиги ҳәм отқа шыдамлылығы, бетонда арматураның сақланыўы ҳәм тислесиўи бойынша тәжрийбе жүргизген. Кенен арматураны ийилиў орына жайғастырыя бойынша тәжрийбе жүргизген.

Темирбетон – бетоннан ҳәм оған жайласқан полат стерженлерден ибарат болып, бул стерженлер бир пүтинди пайда қылады ҳәм ол менен биргеликте ислейди.

Бетонда басқа материаллар сыяқлы қысыўшы күшлерге бир қанша қарсылық көрсетеди, созылыўға жүдә кем қарсылық көрсетеди. Бетонның созылыўға көрсететуғын қарсылығы қысылыўға қарағанда 10-15 есеге киши. Соның ушында оны анизотроп материаллар дейди. Анизотроп материаллар- ҳәр қыйлы жөнелис бойынша қәсийетлери ҳәр қыйлы болған материаллар. Бетонның созылыўға кем қарсылық көрсеткенлиги себепли арматурасыз балка көп жүк көтере алмайды. Полат қысылыў ҳәм созылыўга жүдә жақсы ислейди..

Полат арматура жайласқан бетон темирбетон деп аталады. Темирбетоннан исленген қурылыс конструкциясы темирбетон конструкциясы деп аталады. Темирбетон 1850-жылы француз инженери Ламбо тәрепинен ойлап табылған.

Арматура латынша «арматура» сөзинен алынған болып қ у р а л л а н д ы р ы ў, к ү ш е й т и р и ў, ү с к е н е л е ў дегенди билдиреди.

Конструкцияларды тек созылыўға ҳәм ийилиўге ислегеннен емес, бәлки буралыў, кесилиў, орайсыз ҳәм орайдан қысылыў ҳалларында да арматураланады. Бул ҳалларда исши арматурасын элементлер кесимлериниң өлшемлерин киширейтиў ҳәм конструкцияның өз аўырлығын кемейтирип, сондай-ақ олардың исениўшилигин тәмийинлеў ушын қойылады. Бетон(арматурасы жоқ) элементлер тосаттан жемириледи(морт), бир ўақытта темирбетон элементлер әсте ақырын жемирилип, бул болса олардың беккемлилик запасларын кемейтириў имканын береди. Әдетте темирбетон конструкциялардан басқа алдыннан зорықтырылған конструкцияларда бар. Алдыннан тарттырылған темирбетон конструкцияларда арматура алдыннан созылады, бетон болса қысылады. Бунда төмендеги еки тийкарғы усыллардың бирин қоллаў менен ерисиледи.

- Биринши усыл- арматураны тиркеўишке орнатып тартыўдан ибарат. Бетон қатқаннан кейин арматура тарттырыў қурылмасынан босатылады ҳәм ол қысқара барып, бетонды қысады.

- Екинши усыл- арматураны қатқан бетонға жайғастырыўдан ибарат. Буның ушын арматура қатқан бетонда қалдырылған орынлар ямаса ойықлардан өткизиледи. Ойықлар ямаса орынлар цемент араласпа менен толтырылғанда арматура бетон менен тислеседи.

Темирбетонның ҳәзирги қурылыста кең таралыўының себеби оның басқа қурылыс материалларына қарағанда техникалық ҳәм экономикалық абзаллықларының (артықма-шылық) бир қанша көплиги себеп болады.

Темирбетон массасының 70-80 % ке шекемги бөлегин жергиликли тас материаллар ҳәм қум қурайды. Полат ҳәм ағаш конструкцияларды темирбетон конструкциялар менен алмастырыў қурылыста халық хожалығының басқа тараўлары ушын алмастырып болмайтуғын полат ҳәм ағаш сарпын тежеўге имкан береди.

Темирбетон конструкциялар басқа материаллардан таярланған конструкцияларға қарағанда бир пүтинлилиги ҳәм беккемлилиги жоқары болғаны ушын силкиниўге шыдамлылығы жүдә жоқары.

Темирбетонға қәлеген конструктив ҳәм архитектуралық безеўлерди (көринислер) бериў мүмкин. Имаратларды сақлаў ҳәм конструкцияларға қарап турыў бойынша қылынатуғын сарыплар жүдә аз.

Темирбетон конструкциялардың кемшиликлерине төмендегилер киреди:

1. Салмағының аўырлығы.

2. Ыссылық ҳәм даўыс өткериўшеңлиги жоқары, бул болса айырым жағдайларда арнаўлы изоляциялаўды талап етеди.

3. Әсиресе қыс айларында жумыс ислеў қыйын, алдыннан зорықтырылған конструкцияларды таярлаўда тәжрийбели кадрлар арнаўлы үскенелер ҳәм кептириў(пуўлаў) талап етиледи, арматураның туўры жайласыўын бақлап турыў.

4. Жук түскенге шекем шөгиўи, бетонның созылыўға қарсылығы жүдә кемлигинен сыртқы жүклер тәсиринде жарықлар пайда қылыў қәўпи бар.

Бетонда жарық пайда болыўдың алдын алыў ушын оны тарттырылған арматура жәрдеминде қысады. Бундай конструкциялар алдын ала кернеўленген конструкциялар деп аталады.

Темирбетон бир қанша артықмашылыққа ийе. Бетон ишине жайғастырылған арматура исенимли сақланыўы себепли жүдә узаққа шыдайды. Бетонның беккемлиги болса ўақыт өтиўи менен кемеймейди, бәлким артады. Темирбетон конструкциялардың отқа шыдамлылығы жоқары. Әмелде усы нәрсе мәлим болды, бетонның 1,5-2см қалыңлықтағы қорғаў қатламы темирбетонның жалын шыққанда отқа шыдамлылығын тәмийинлеў ушын жетерли екен. Олардың отқа шыдамлылығын жәнеде асырыў, сондай-ақ ыссыға шыдамлылығын асырыў мақсетлеринде арнаўлы толтырғышлардан (базальт, диабаз, шамот, домна шлагы ҳәм т.б.) пайдаланылады, сондай-ақ қорғаўшы қатламы 3-4см ге шекем асырылады.


МОНОЛИТ БАСТЫРМА ПЛИТАНЫ ЕСАПЛАЎ




I. Монолит бастырма плитаны есаплаў

Берилгени:

-имарат өлшеми Z1 × Z2= 18,0 × 56,0 м;



-колонналар аралығы 6 х 8 м;

-этаж бийиклиги Нэ=4,0 м;

-әйнек (терезе) орны bn × hn=1,8 ×1,8 м;

-этаж аралық бастырмаға түсетуғын норматив пайдалы жүк Р=5,0 кН/м2;



-тамға түсетуғын жүк 0,75 кН/м2

-бетон классы – В25 ;

-арматура классы – А-III;

-кесе-кесимли ҳәм монтаж арматура классы – А-I;



-кепсерленген сым тор – ВР-I ҳәм А-I.

Есаплы узынлықлар ҳәм жүклер. Екинши дәрежели балкалар арасындағы аралық 2 м, плитаның қалыңлығын деп қабыл қыламыз. Балкалардың кесе кесимлерин төмендегише белгилеймиз: тийкарғы балка ушын екинши балка ушын: Периметрии бойлап қабырға қапланған аралық плитаның есаплы узынлығы еки балканың қырлары арасындағы аралыққа тең:

Download 337.5 Kb.

Do'stlaringiz bilan baham:
  1   2   3   4   5   6   7   8   9   ...   24




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling